Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министри Абдулазиз Комилов Әзербайжан Республикасы сыртқы ислер министри Жайхун Байрамов пенен телефон арқалы сөйлести.

Бул ҳаққында министрликтиң баспасөз хызмети мәлим етти.

Түрли дәрежелерде болажақ еки ҳәм көп тәреплеме, соның ишинде, Өзбекстанның ҒМДА басшылығы шеңберинде нәзерде тутылған илажлардың кестеси ҳәм басқа да шөлкемлестириўшилик мәселелери көрип шығылды.

Сыртқы сиясат уйымларының басшылары коронавирус пандемиясының тәсиринде пайда болған жағдайға қарамай, Өзбекстан – Әзербайжан байланыслары жедел раўажланып атырғаны, товар алмастырыў көрсеткиши быйылғы жыл январь айынан баслап июльге шекем 163 процентке  өскенин айрықша атап өтти.

Тәреплер Өзбекстан Республикасы ҳәм Әзербайжан Республикасы арасындағы бирге ислесиў бойынша қоспа ҳүкиметлераралық комиссияның жумысын тиклеў бойынша келисимге еристи.

 

ӨзА