Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қ а р а р ы
Соңғы жыллары судлардың жумысында заманагөй технологияларды кеңнен енгизиў бойынша әмелге асырылған илажлар пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлерине өз ҳуқықларын ҳәм мәплерин қорғаў ушын судқа мүрәжат етиўди еркинлестириў, улыўма әдил судлаўға ерисиўди арттырыў және судлар жумысында ашық-айдынлықты тәмийинлеў имканиятын берди.
Соның менен бирге, бүгинги күнде судларда ислерди көриўде көплеген министрликлер ҳәм уйымлар менен мағлыўмат алмасыў олардың мәлимлеме системалары өз-ара интеграцияланбағанлығы себепли тийкарынан қағаз түринде әмелге асырылмақта. Буннан тысқары, судлар тәрепинен пуқараларға ҳәм исбилерменлерге көрсетилетуғын интерактивлик хызметлер түрин кеңейтиў бойынша жумысларды жеделлестириў талап етиледи.
Суд ҳәкимияты уйымларының жумысын санластырыў, судлар ҳәм басқа да уйымлар арасында мағлыўмат алмасыўды жақсылаў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 24-июльдеги «Судлардың жумысын буннан былай да жетилистириў ҳәм әдил судлаўдың нәтийжелилигин арттырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПП-6034-санлы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:
- 1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 30-августтағы ПҚ-3250-санлы қарары менен тастыйықланған 2017-2020-жыллары Судлардың жумысына заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын енгизиў бағдарламасының орынланыўы нәтийжесинде судларға аралықтан турып мүрәжат етиў, суд мәжилислеринде видеоконференцбайланыс системасынан пайдаланып қатнасыў, судьялар арасында жумысларды автоматластырылған түрде бөлистириў, суд қарарларын Интернет тармағында жәриялаў, орынлаў ҳүжжетлерин электрон түрде мәжбүрий орынлаўға жибериў системаларының енгизилгенлиги мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
- 2. Төмендегилер суд ҳәкимияты уйымларының жумысын санластырыўдың кейинги басқышындағы ўазыйпалары етип белгиленсин:
пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлерине көрсетилетуғын интерактив электрон хызметлер түрлерин кеңейтиў, ҳәр бир мүрәжатты көрип шығыў процессиниң онлайн бақлап барылыўын тәмийинлеў, суд имаратларында интерактив хызметлерден еркин пайдаланыў имканиятын жаратыў;
судларда әдил судлаўды әмелге асырыў ушын зәрүр болған мағлыўматлардың оператив түрде алыныўын тәмийинлеў ушын министрликлер, уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер менен электрон мағлыўматлар алмасыўын және де кеңейтиў;
арнаўлы мәлимлеме бағдарламаларын енгизиў арқалы судьялар жәмийети уйымлары жумысының ашық-айдынлығын тәмийинлеў;
суд мәжилислеринде аралықтан турып, атап айтқанда, мобиль қурылмалар ҳәм электрон бирге ислесиўдиң басқа да түрлери арқалы қатнасыў имканиятын кеңейтиў, сондай-ақ, ис бойынша тәреплер ушын суд қарарларын онлайн түрде алыў имканиятын жаратыў;
судтың мәлимлеме системалары, мағлыўматлар базалары ҳәм басқа да программалық өнимлери информация ҳәм киберқәўипсизликти тәмийинлеў, хызмет мәлимлемелери ҳәм мағлыўматларын комплексли қорғаў бойынша илажларды күшейтиў.
- 3. Төмендегилерди нәзерде тутатуғын 2020-2023-жыллары суд ҳәкимияты уйымларының жумысын санластырыў бағдарламасы (кейинги орынларда – Бағдарлама) 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын:
2021-жыл 1-январьдан баслап барлық судларда суд мәжилислерин ис бойынша тәреплердиң илтимасы ҳәм басшылық етиўшиниң келисими менен аудиожазыўдан пайдаланған ҳалда жазып барыў және суд мәжилислериниң билдириўлерин усы системадан пайдаланған ҳалда қәлиплестириў;
2021-жыл 1-июльден баслап апелляция ҳәм кассация инстанциясы судларында ислерди судьялар арасында автоматластырылған түрде бөлистириў;
2021-жыл 1-октябрьден баслап барлық қатнасыўшыларды суд мәжилислериниң ўақыты ҳәм орны ҳаққында «SMS» хабар арқалы бийпул тийкарда хабардар етиў;
2022-жыл 1-январьдан баслап суд қарарларын ис бойынша тәреплерге онлайн түрде, олардың илтимасы бойынша болса қағаз түринде инам етиў;
2022-жыл 1-июльге шекем суд ҳәкимияты уйымының жумысында, соның ишинде, пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлерине әдил судлаўға ерисиўде қолайлылық жаратыў мақсетинде 10 ға шамалас интерактив хызметлер көрсетиўди жолға қойыў;
2023-жыл 1-январьдан баслап суд жумысларын мәмлекетлик архивке электрон түрде тапсырыў ҳәм қабыл етиў;
судлар, Судьялар жоқары кеңеси және Судьялар жоқары мектебинде мәлимлеме-коммуникация технологияларының инфраструктурасын және де жақсылаў.
- 4. Төмендегилерди нәзерде тутатуғын Судлардың мәлимлеме системаларын мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң мәлимлеме системалары менен интеграцияласыўы бойынша «жол картасы» (кейинги орынларда – «Жол картасы») 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын:
28 мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлери, соның ишинде, Өзбекстан Республикасы Президентиниң Виртуал қабыллаўханасы, Бас министрдиң Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханаларының мәлимлеме системаларын Жоқарғы судтың мәлимлеме системасына басқышпа-басқыш жалғаў;
судлар тәрепинен мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерге инам етилетуғын мағлыўматларды электрон түрде жибериў;
белгили бир исти көриў процессинде зәрүр болған мағлыўматлар ҳәм ҳүжжетлерди пуқараларды әўере етпеген ҳалда судлар тәрепинен тиккелей мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерден электрон түрде алыў;
судлар тәрепинен жәриймаларды азайтыў ямаса оларды қолланбаў мәселелерин көрип шығыўда «Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри» ҳәм басқа да мәлимлеме системаларының интеграциясы арқалы пуқараның мүлклик жағдайы ҳәм социаллық жағдайы ҳаққындағы исенимли мағлыўматлар менен танысыў;
судлар тәрепинен алимент муғдарын белгилеўде районлар кесиминде орташа айлық ис ҳақылары ҳаққында мағлыўматларды мәлимлеме системасы арқалы электрон түрде алыў.
Жоқарғы суд мәлимлеме системасы менен мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң мәлимлеме системаларын интеграциялаў арқалы физикалық ҳәм юридикалық тәреплер ҳаққындағы мағлыўматлар судлардың электрон сораўы бойынша бийпул тийкарда берилетуғыны белгиленсин.
- 5. 2022-жыл 1-январьдан баслап судлардың жумысына төмендеги имканиятларды бериўши «Адолат» мәлимлеме системаларының комплекси енгизилсин;
мәмлекетлик ҳәкимият ҳәм басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымлары, хожалық басқарыў уйымлары, адвокатлар тәрепинен судларға шағым, арзаларды тек ғана электрон түрде усыныў;
мәпдар шахслар тәрепинен шағым, арзаларды көрип шығыў процессин онлайн түрде бақлап барыў;
суд мәжилисиниң қатнасыўшылары тәрепинен мағлыўматлар ҳәм ҳүжжетлерди электрон түрде жибериў;
суд ҳүжжетлерин судлардың жумысына енгизилген мәлимлеме системасынан пайдаланған ҳалда автоматластырылған түрде қәлиплестириў.
- 6. Жоқарғы суд 2020-жыл жуўмағына шекем:
суд мәжилислеринде видеоконференцбайланыс режиминде қатнасыў имканиятын бериўши мобиль бағдарламаны ислеп шықсын ҳәм оны әмелиятқа енгизсин;
Ишки ислер министрлиги менен биргеликте жазаны орынлаў мәкемелеринде арнаўлы ханаларды тутқынлардың суд мәжилислеринде ҳәм суд ҳәкимшилиги қабыллаўларында видеоконференцбайланыс режиминде қатнасыў имканиятын бериўши үскенелер менен тәмийинлеў илажларын көрсин.
- 7. Судьялар жоқары кеңеси ҳәм Жоқарғы судтың 2022-жыл 1-январьдан баслап төмендеги усынысларына келисим берилсин:
Судьялар жоқары кеңесине судьялар, судьялық лаўазымына талабанлар тәрепинен электрон мүрәжат етиў, сәўбетлесиў процессинде берилетуғын сораўлар ҳәм ўазыйпаларды мәлимлеме системасы жәрдеминде автоматластырылған түрде таңлаў;
Судьялар жоқары мектебине оның рәсмий веб-сайты арқалы арза ҳәм мүрәжатларды жоллаў, профессор-оқытыўшылар ҳәм тыңлаўшылардың рейтинг көрсеткишлерин электрон түрде қәлиплестириў, судьялық лаўазымларына талабанларды таярлаў, судьялар ҳәм судлар аппаратының хызметкерлерин қайта таярлаў, олардың қәнигелигин арттырыў курслары тыңлаўшылардың оқыў процессин онлайн түрде қадағалаў тәртибин орнатыў.
- 8. «UNICON.UZ» илимий-техникалық ҳәм маркетинг изертлеўлери орайы» мәмлекетлик унитар кәрханасы және оның шөлкемлестириў структурасындағы кәрханаларға суд ҳәкимияты уйымларының жумысына енгизилиўи режелестирилген мәлимлеме системаларын ислеп шығыў және олардың информация ҳәм киберқәўипсизлигин тәмийинлеў ўазыйпалары жүкленсин.
Мәлимлеме системаларын ислеп шығыў Жоқарғы суд, Судьялар жоқары кеңеси, Судьялар жоқары мектебиниң буйыртпасы тийкарында турақлы түрде «UNICON.UZ» илимий-техникалық ҳәм маркетинг изертлеў орайы» мәмлекетлик унитар кәрханасы және оның шөлкемлестириў системасындағы кәрханалар тәрепинен әмелге асырылады, оларды ислеп шығарыў ушын шәртнамалар белгиленген тәртипте дүзиледи және шәртнама баҳасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги тәрепинен белгиленген орташа базар баҳасы тийкарында қәлиплестириледи.
- 9. Аймақларда судьялар және судлар аппараты хызметкерлериниң санлы билимин ҳәм қәнигелигин арттырыў, оларды мәлимлеме технологиялары ҳәм мәлимлеме қәўипсизлиги бойынша оқытыў ушын Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информация технологиялары университети ҳәм оның филиаллары бириктирилсин.
Жоқарғы суд Муҳаммед ал-Хорезмий атындағы Ташкент информация технологиялары университети ҳәм оның филаиллары менен биргеликте ҳәр жылы 1-декабрьге шекем кейинги жыл ушын судьялар және судлар аппараты хызметкерлериниң санлы билимин ҳәм қәнигелигин арттырыў, оларды мәлимлеме технологиялары ҳәм мәлимлеме қәўипсизлиги бойынша оқытыў бағдарында аймақлар кесиминде тармақ кестелерин тастыйықласын.
- 10. Судьялар жоқары мектеби бир ай мүддетте судьялық лаўазымына талабанларды таярлаў, судьялар ҳәм судлар аппараты хызмектерлерин қайта таярлаў, олардың қәнигелигин арттырыў бойынша шөлкемлестирилген билимлендириў бағдарларының оқыў бағдарламаларына судлар жумысына енгизилген мәлимлеме системаларынан пайдаланыў бойынша өз алдына оқыў модулин киргизсин.
- 11. Суд системасы ушын программалық тәмийнатларды ислеп шығарыў менен байланыслы қәрежетлерди қаржыландырыў Мәлимлеме коммуникация технологияларын раўажландырыў қоры, Суд ҳәкимияты уйымларын раўажландырыў қоры, халықаралық грант, донор шөлкемлер ҳәм сырт ел бирге ислесиўшилериниң қаржылары;
судлардың жумысын санластырыўда зәрүр компьютер, сервер ҳәм басқа да үскенелерди сатып алыў менен байланыслы илажларды қаржыландырыў Мәмлекетлик бюджеттен ажыратылған қаржылар шеңберинде, Суд ҳәкимияты уйымларын раўажландырыў қоры, халықаралық грант, донор шөлкемлер ҳәм сырт ел бирге ислесиўшилериниң қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны белгиленсин.
- 12. Усы қарадың нәтийжели орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:
Жоқарғы суд баслығы (К.Камилов) ҳәм Судьялар жоқары кеңесиниң баслығы (Х.Ёдгоров) Жоқарғы суд Пленумының гезексиз мәжилисинде және халықаралық әнжуманларда суд ҳәкимияты уйымлары жумысына енгизилетуғын мәлимлеме системаларының әдил судлаўға ерисиў дәрежесин арттырыўдағы әҳмийетин додаласын, сондай-ақ, судялар ҳәм судлар аппараты хызметкерлериниң санлы билимин ҳәм қәнигелигин арттырыў илажларын көрсин;
Жоқарғы суд баслығы (К.Камилов) мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министри (Ш.Садиков) Бағдарлама ҳәм «Жол картасы»нда белгиленген илажлардың нызам ҳүжжетлеринде белгиленген тәртипте қаржыландырыўын тәмийинлесин;
инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министриниң биринши орынбасары (Л.Қурдатов) Жоқарғы суд баслығы (К.Камилов) менен биргеликте суд ҳәкимияты уйымларының жумысын санластырыў бойынша қарарда белгиленген жойбарлар ҳәм илажлардың орынланыўын тәмийинлеў ушын халықаралық грант, донар шөлкемлер ҳәм сырт ел бирге ислеўшилердиң қаржыларын тартыў илажларын көрсин;
Өзбекстан Республикасы Бас министриниң кеңесгөйи – 85 -технологиялар ҳәм телекоммуникациялар ҳәм инновациялық жумысты раўажландырыў мәселелери депортаментиниң баслығы (О.Умаров) бағдарлама ҳәм «Жол картасы» нда нәзерде тутылған илажлардың өз ўақтында ҳәм нәтийжели әмелге асырылыўына жәрдемлессин;
Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлигиниң директоры (А.Ходжаев) Миллий мәлимлеме агентлиги, Миллий телерадиокомпания ҳәм «Дүнья» Мәлимлеме агентлиги менен биргеликте халық, жергиликли ҳәм сырт ел экспертлери жәмийетшилиги арасында суд ҳәкимияты уйымларының жумысына енгизилген мәлимлеме системалары және усы қарарда белгиленген илажлар ҳаққында кең түрде үгит-нәсият жумысларын, соның ишинде, ғалаба хабар қуралларында социаллық роликлерди турақлы түрде жайластырыў илажларын әмелге асырсын.
- 13. Жоқарғы суд, Судьялар жоқары кеңеси усы қарарда нәзерде тутылған илажлардың орынланыўы бойынша Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясына ҳәр шеректе мәлимлеме берип барсын.
- 14. Жоқарғы суд мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында усыныслар киргизсин.
- 15. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясының басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы
2020-жыл 3-сентябрь