Елимизде азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў тийкарғы бағдарлардан бирине айланған. Бул бағдарда республикамыз халқын сапалы азық-аўқат өнимлери менен турақлы тәмийинлеў, аўыл хожалығы өнимлерин жетилистириўди қоллап-қуўатлаў бойынша мақсетли және избе-из илажлар әмелге асырылмақта.

Аўыл хожалығы өнимлерин жетилистириўде Елликқала районы фермерлери өзиниң тәжирийбе  мектебине ийе. Мийўе–овощ өнимлерин ислеп шығарыўды көбейтиў, қыйтақ жерлерде кластерлер жумысын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша белгиленген әҳмийетли ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша районда системалы жумыслар жолға қойылған.

«Таза бағ» аўыл пуқаралар жыйынындағы «Бостан Агросанаат саўда» жуўапкершилиги шекленген жәмийети  Мийўе-овощ кластерине қараслы «Адамбай Салаўат» фермер хожалығы 10 гектар жер майданына бағ жаратып, бағдың қатар араларына тоқсанбасты ҳәм тәкирарый егин егип, бүгинги күнде қыс мәўсимине таярлық көрмекте.

–  Карантин шәраятында азық-аўқат өнимлери қәўипсизлигин тәмийинлеў, халықтың аўыл хожалығы өнимлерине болған зәрүрлигин өз ўақтында жеткерип бериўде ҳәр бир дийқаннан  тынымсыз мийнет күш талап етеди, – дейди хожалық басшысы, O’zLiDeP белсендиси Салаўат Адамбаев. Ҳәзирде өнимлер фермер хожалығының 500 тонна сақлайтуғын музлатқыш қоймаханада жайластырылған.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы