Өзбекстан Республикасы ғәрезсизилигинң 29 жыллығы мүнәсибети менен Президент Шавкат Мирзиёевтиң атына сырт мәмлекетлер ҳәм ҳүкиметлер, абырайлы халықаралық шөлкемлердиң басшылары, белгили мәмлекетлик, жәмийетлик ҳәм дин ғайраткерлеринен қызғын қутлықлаўлар келмекте.

Оларда Өзбекстанның мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылысында ерискен табыслары, мәмлекеттиң турақлы раўажланыўын тәмийинлеў ҳәм халықтың турмыс дәрежесин арттырыў, республикамыздың халықаралық майдандағы абырайын беккемлеўге қаратылған кең көлемли социаллық-экономикалық реформалардың нәтийжелери атап өтилген.

Хатларда мәмлекетимиздиң басшысы ҳәм Өзбекстанның көп миллетли халқына абаданлық, тынышлық тилеклерин билдирип, халықаралық жәмийетшилик алдында турған улыўмалық глобал қәўип-қәтерлер тез ўақытта жеңип өтилиўине исеним билдирген.

   *   *   *

Өзбекстан Республикасы Президенти

Жоқары мәртебели мырза Шавкат Мирзиёевқа

Мырза Президент!

Ғәрезсизлик күни мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының халқына қызғын қутлықлаўларымды билдириўге рухсат бергейсиз.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң ҳәр бир ағзасы өзиниң турақлы мәденияты ҳәм тарийхына ийе, олардың ҳәр түрлилиги БМШ ҳәм дүньяны байытпақта. Мәмлекетиңиз Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң жумысында халықаралық күн тәртибиндеги барлық мәселелер бағдарында қатнасыўы оғада әҳмийетли.

Усы жылы, Турақлы раўажланыў тараўындағы мақсетлерге ерисиў бойынша ҳәрекетлердиң биринши он жыллығында,  ҳәммениң пайдасына хызмет ететуғын әдалатлы глобалласыўды жаратыўда улыўма мақсетлеримизди күшейтиўимиз зәрүр.

Дүньяны ҳәмме ушын және де тыныш, әдалатлы ҳәм турақлы етиўге умтылар екенбиз, бул бағдардағы барлық ҳәрекетлерде Өзбекстан Республикасының үлеси ҳәм жәрдеминен үмит етемен.

Жоқары мәртебели мырза Президент, Сизге болған ең жоқары ҳүрметимди қабыл еткейсиз.

Антониу ГУТТЕРИШ,

Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери

   *   *   *

Өзбекстан Республикасы Президенти

Жоқары мәртебели мырза  Шавкат Мирзиёевқа

Мырза Шавкат Миромонович!

Өзбекстан Республикасының миллий байрамы – Ғәрезсизлик күни  мүнәсибети менен қызғын қутлықлаўларымды қабыл еткейсиз.

Өзбекстанның социаллық ҳәм экономикалық тараўларда ерискен жетискенликлери ҳәммеге белгили. Мәмлекетиңиз жәҳән майданында атап өтилген абырайға ерискен, халықаралық күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелерди шешиўде әҳмийетли орын тутады.

Россия-Өзбекстан қатнасықлары стратегиялық шериклик ҳәм аўқамшылық руўхында раўажланып бармақта. Биргеликтеги ҳәрекетлер менен көп қырлы еки тәреплеме мүнәсибетлерди дос халықларымыздың абаданлығы жолында және де раўажландырыўымызға исенемен.

Сизге, ҳүрметли Шавкат Миромонович, беккем денсаўлық ҳәм мәмлекеттиң басшысы сыпатындағы жумысыңызда үлкен жетискенликлер, Өзбекстанның барлық пуқараларына болса бахыт ҳәм абаданлық тилеймен.

Ҳүрмет пенен,

Владимир ПУТИН,

Россия Федерациясының Президенти

 

 *   *   *

Өзбекстан Республикасы Президенти

Жоқары мәртебели мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Президент мырза!

Қытай Халық Республикасының ҳүкимети ҳәм халқының атынан, жеке өзиминиң атымнан Сизди ҳәм Сиз арқалы дос Өзбекстанның халқын мәмлекет ғәрезсизилигиң 29 жыллығы мүнәсибети менен қызғын қутлықлаўға рухсат бергейсиз.

Кейинги жыллар Өзбекстанда Сизиң зәбердес басшылығыңызға түрли бағдарларда реформалар әмелге асырылды, мәмлекетлик қурылыс тараўында үлкен табысларға ерисилди. Қытай буннан шын жүректен қуўанышлы. Коронавирус инфекциясы тарқалғаннан соң Өзбекстан бул пандемияға қарсы гүресиўде бирлести. Өзбекстан халқы оны әлбетте  жеңип өтиўине исенемен.

Усы жылдың май айында телефон арқалы дослық руўхында сөйлестик, коронавирусқа қарсы улыўма гүресимиз ҳәм еки тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеў бойынша әҳмийетли келисимлерге еристик.

Қытай – Өзбекстан қатнасықларын раўажландырыўға үлкен итибар қаратпақтаман және арамыздағы үлгили исшең мүнәсибетлеримиз ҳәм жеке дослықты жоқары ҳүрметлеймен.

Сиз бенен биргеликте Қытай-Өзбекстан ҳәр тәреплеме стратегиялық шериклик мүнәсибетлерин мәмлекетлеримиз ҳәм халықларымыздың абаданлығы жолында раўажландырыўда жаңа нәтийжелерге ерисиў ушын ҳәрекет етиўге таярман.

Дос Өзбекстанға тынышлық ҳәм күш-қүдирет, оның халқына болса бахыт ҳәм абаданлық тилеймен.

Си ЦЗИНЬПИН,

Қытай Халық Республикасының Баслығы

 *   *   *

Өзбекстан Республикасы Президенти

Жоқары мәртебели мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Президент мырза!

Америка халқының атынан Сиз ҳәм Өзбекстан халқын мәмлекетиңиз ғәрезсизлигиниң 29 жыллығы менен қутлықлайман. Америка Қурама Штатлары мәмлекетиңиздиң суверенитети, ғәрезсизилиги ҳәм аймақлық бирлигин қоллап-қуўатлаўда сизге ийинлес болып есапланады.

Өткен жыл ишинде, ҳәттеки глобал қәўип-қәтерлерге қарамай, және де тереңлескен кең көлемли бирге ислесиўмизди жоқары баҳалайман. Орайлық Азияның мәмлекетлери арасындағы байланысларды беккемлеў және Аўғанстан менен бирге ислесиў ҳәм қатнасықларды жақсылаў бойынша басламаңызды қоллап-қуўатлайман. Сондай-ақ, мен үлкен мақсетлерди нәзерде тутыўшы реформалар бағдарламаңызды жоқары қәдирлеймен, ол толық әмелге асқаннан соң, Өзбекстан халқы ҳәм улыўма регионның және де ашық ҳәм абадан келешегин тәмийинлейди.

Америка Қурама Штатлары бул басламаларда ҳәм COVID-19 қа қарсы гүресте шеригиңиз екенинен мақтанады. Келеси жылы  бирге ислесиўмиздиң жәнеде нәтийжели жетискенликлерине үмит етип қаламан.

Ҳүрмет пенен,

Дональд ТРАМП,

Америка Қурама Штатларының Президенти

 *   *   *

Өзбекстан Республикасы Президенти

Жоқары мәртебели мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Өзбекстан Республикасының миллий байрамы – Ғәрезсизлик күни мүнәсибети менен қызғын қутлықлаўларымды қабыл еткейсиз.

Тарийхый қысқа дәўирде мәмлекетиңиз үлкен табысларға еристи – ол тек Орайлық Азияда емес, ал халықаралық майданда да белсене қатнасыўшыға айланды.

Туўысқан Өзбекстанға абаданлық ҳәм жедел раўажланыў, өзбек халқы Сизиң басшылығыңызда уллы келешекке ерисиўин шын жүректен тилеймен.

Сизиң регионыңыз мәмлекетлериниң арасында шериклик ҳәм бирге ислесиўди, соның ишинде, Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының мәсләҳәт ушырсыўларының шеңберинде беккемлеўдеги ҳәрекетлериңизди айрықша атап өтпекшимен.

Мен мәмлекетлеримиз арасындағы көп әсирлик дәстүрий бирге ислесиў тийкарында қәлиплескен стратегиялық шериклик буннан былай да раўажланып барыўына исенемен.

Пурсаттан пайдаланып, ҳүрметли Шавкат Миромонович, Сизге беккем денсаўлық ҳәм үлкен табыслар, туўсықан Өзбекстан халқына болса тынышлық ҳәм аўызбиршилик тилеймиз.

Ҳүрмет пенен

Нурсултан Назарбаев,

Қазақстан Республикасының Биринши Президенти – Елбасы

 *   *   *

Өзбекстан Республикасы Президенти

Жоқары мәртебели мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Өзбекстан Республикасының Ғәрезсизлик байрамы мүнәсибети менен қызғын қутлықлаўларымды қабыл еткейсиз.

Сизиң күшли ҳәм ҳүрметке ылайық басшылығыңызда Өзбекстанның турақлы раўажланыўын тәмийинлеўге, халықаралық майдандағы абырайын беккемлеўге хызмет етип атырған кең көлемли, узақ перспективаға мөлшерленген реформаларды исеним менен әмелге асырмақта.

Қазақстан Өзбекстан ерискен жетискенликлерден шын жүректен қуўанышлы және мәмлекетлеримиздиң арасындағы дослық қатнасықлары ҳәм ҳәр тәреплеме бирге ислесиўди және де беккемлеўге үлкен әҳмийет береди.

Еки мәмлекет арасындағы мүнәсибетлердиң барлық мәселелери бойынша өз-ара исенимге тийкарланған белсене байланысымыз буннан былай да Қазақстан- Өзбекстан дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик мүнәсибетлерин избе-из раўажландырыў ушын беккем тийкар болып хызмет етеди.

Сизге, ҳүрметли Шавкат Миромонович, мәмлекеттиң басшысы сыпатындағы жумысыңызға жаңа табыслар, туўысқан Өзбекстан халқына болса аўызбиршилик ҳәм тынышлық тилеймен!

Ҳүрмет пенен,

Қасым-Жомарт ТОҚАЕВ,

Қазақстан Республикасының Президенти

 *   *   *

Өзбекстан Республикасы Президенти

Жоқары мәртебели мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Қәдирли бирадарым!

Түркменстан халқы ҳәм Ҳүкимети атынан ҳәм де жеке өзимниң атымнан Сизди ҳәм Сиз арқалы пүткил Өзбекстан Республикасының халқын мәмлекетиңиз Ғәрезсизлик күни мүнәсибети менен қызғын қутлықлаў ҳәм ең жақсы тилеклеримди билдириўден бахытлыман.

Ғәрезсизлик жылларында туўысқан Өзбекстан өзиниң мәмлекетшилигин беккемлеў, халықтың абаданлығын жақсылаў ҳәм халықаралық майдандағы абырайын арттырыўда сезилерли жетискенликлерге еристи.

Мәмлекетиңиздиң турақлы социаллық-экономикалық раўажланыўы таңланған жол оғада нәтийжели екениниң айқын дәлийли болып есапланады.

Усыны айрықша атап өтиўди қәлер едим, Түркменстан Өзбекстан Республикасы менен жылдан-жылға жаңа мазмун менен байып баратқан мүнәсибетлерди шын жүректен қәдирлейди. Байланысымызға тән болған жыллы лебиз ҳәм өз-ара исеним буннан былай да еки туўысқан халықтың мәпи жолында стратегиялық бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм раўажландырыўға хызмет етиўине исенемен.

Усы қолайлы пурсаттан пайдаланып, Сизге, ҳүрметли Шавкат Миромонович, беккем денсаўлық ҳәм бахыт-саадат, Өзбекстанның халқына болса тынышлық,абаданлық ҳәм раўажланыў тилеймен.

Терең ҳүрмет пенен,

Гурбангули  БЕРДИМУҲАМЕДОВ,

Түркменстан Президенти

 *   *   *

Өзбекстан Республикасы Президенти

Жоқары мәртебели Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович,

Сизди ҳәм барлық ўатанласларыңызды миллий байрам – Ғәрезсизлик күни менен шын жүректен қутлықлайман.

Усындай әҳмийетли күнде Сизге беккем денсаўлық, бахыт-саадат, жумысларыңызда жаңа табыслар, туўысқан өзбек халқына болса мәңги тынышлық, абаданлық ҳәм раўажланыў тилеймен.

Ғәрезсизлик жылларында Өзбекстан мәмлекетшиликти қурыўдың үлкен жолын басып өтти ҳәм социаллық-экономикалық раўажланыўда, халық абаданлығының өсиўин тәмийинлеўде ҳәм өзиниң халықаралық абырайын арттырыўда салмақлы табысларға еристи. Әсиресе, Сизиң, ҳүрметли Шавкат Миромонович, басшылығыңызға бүгин мәмлекеттиң ишки ҳәм сыртқы сиясатында әмелге асырылып атырған өзгерислер ҳүрметке ылайық.

Тәжикстан-Өзбекстан дослық ҳәм көп қырлы бирге ислесиў мүнәсибетлерин избе-из беккемлеў ҳәм кеңейтиў бәрқулла Тәжикстан сыртқы сиясатының ең әҳмийетли бағдары болған ҳәм усындай болып қалмақта.

Кейинги жылларда тәреплердиң биргеликтеги ҳәрекетлери менен Тәжикстан ҳәм Өзбекстан арасындағы нәтийжели бирге ислесиў улыўма мәплердиң барлық тараўларында избе-из раўажланып баратырғанлығын атап өтиўден қуўанышлыман.

Көп әсирлик дослық, жақсы қоңсышлық, өз-ара ҳүрмет ҳәм исеним дәстүрлерине тийкарланып, биз туўысқан халықларымыздың мәплери, регионымызда тынышлық, турақлылық ҳәм конструктив бирге ислесиўди және де раўажландырыў жолында  еки мәмлекет арасындағы стратегиялық шериклик мүнәсибетлерин ҳәр тәреплеме беккемлеўде даўам етемиз, деп исенемен.

Терең ҳүрмет пенен,

Эмомали РАҲМОН,

Тәжикстан Республикасының Президенти

 *   *   *

Өзбекстан Республикасы Президенти

Жоқары мәртебели мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович!

Қырғыз Республикасы халқының атынан ҳәм жеке өзимниң атымнан Сизди ҳәм пүткил Өзбекстан Республикасының халқын Ғәрезсизлик күни менен қызғын қутлықлайман.

Сизиң басшылығыңызда Өзбекстанның регионда ҳәм пүткил дүньядағы абырайы сезилерли дәрежеде беккемленгенин, мәмлекетте әмелге асырылған кең көлемли реформалар унамлы нәтийжелер берип атырғанлығын атап өтпекшимен.

Сизиң жәрдемиңиз бенен өз-ара пайдалы бирге ислесиў ҳәм стратегиялық шериклик принциплерине тийкарланған долсық ҳәм жақсы қоңсышылық мүнәсибетлери буннан былай да еки халықтың жарқын келешеги жолында избе-из раўажланып барады.

Ҳүрметли Шавкат Миромонович, Сизге ҳәм шаңарағыңызға беккем денсаўлық, бахыт-саадат, жумысларыңызда табыслар, туўысқан Өзбекстанның халқына болса тынышлық ҳәм раўажланыў тилеймен!

Ҳүрмет пенен,

Сооранбай ЖЭЭНБЕКОВ,

Қырғыз Республикасы Президенти

 *   *   *

Өзбекстан Республикасы Президенти

Жоқары мәртебели мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Президент, қәдирли туўысқаным!

Өзбекстан Республикасының Ғәрезсизлик байрамы мүнәсибети менен Сиз Жоқары мәртебели мырзаны ҳәм Сиз арқалы пүткил өзбек халқын халқым ҳәм жеке өзимниң атымнан шын жүректен қутлықлайман.

29 жыллығын қутлықлап атырған дос ҳәм туўысқан үлке – Өзбекстан Республикасының ғәрезсизлиги биз ушын уллы қуўаныш ҳәм бахыттың дәреги болып есапланады.

Түркия Республикасы Өзбекстанның ҳәм өзбек туўысқанларының жанында болыўды даўам етеди.

Быйыл февраль айында Стратегиялық бирге ислесиў Жоқары кеңесиниң биринши мәжилиси ҳәм Президент аппараты жанындағы китапхананың ашылыў мәресиминде қатнасыў ушын елимизге әмелге асырған сапарыңыздың гөззал тәсирлери еле берин ядымызда.

Стратегиялық шериклик дәрежесине жеткен мүнәсибетлеримизде бақланып атырған өзгерислерди итибарға алғанда, ерисилген жеделлик пәтлери сақланыўы ҳәм даўам еттирилиўи үлкен әҳмийетке ийе.

Бул бағдарда Қурбан ҳайыт мүнәсибети менен жиберген қутлықлаў хатыңызда Стратегиялық бирге ислесиў Жоқары кеңесиниң кейинги мәжилисин өткериў ушын Өзбекстанға мирәтиңизди қанаатланыўшылық пенен алдым. Келешекте дипломатиялық каналлар арқалы белгиленетуғын қолайлы сәнеде Өзбекстанға келиўден оғада бахтыяр боламан.

Пурсаттан пайдаланып, Сиз Жоқары мәртебели мырзаға беккем денсаўлық, бахыт, дос ҳәм туўысқан өзбек халқына аманлық тилеклеримди жоллайман.

Режеп Таййип ЭРДОҒАН,

Түркия Республикасы Президенти

 *   *   *

Өзбекстан Республикасы Президенти

Жоқары мәртебели мырза Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонович,

Сизге ҳәм пүткил Өзбекстан халқына Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 29 жыллық байрамы мүнәсибети менен ең қызғын қутлықлаўларымды билдириўге рухсат бергейсиз.

Өткен жылы Өзбекстанға сапарым даўамында айрықша стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилген мәмлекетлеримиз арасындағы мүнәсибетлер және де белсене раўажлнып барыўына үмит етемен.

Ҳәзирги ўақытта пүткил дүнья COVID-19 пандемиясы менен байланыслы қыйын дәўирди басынан өткермекте. Мәмлекетлеримиз жақын бирге ислесиў арқалы коронавирусти ақыл менен жеңип, еки тәреплеме байланысларды жаңа , жоқары дәрежеге көтереди.

Ҳүрметли Шавкат Миромонович, Сизге беккем денсаўлық ҳәм табыслар, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасына шексиз абаданлық тилеймен.

Ҳүрмет пенен,

Мун Чже ИН,

Корея Республикасының Президенти

 *   *   *

Өзбекстан Республикасы Президенти

Жоқары мәртебели мырза Шавкат Мирзиёевқа

Президент Мырза!

Сизге ҳәм мәмлекетиңиздиң пуқараларына Өзбекстан Республикасының Ғәрезсизлик күни мүнәсибети менен қызғын қутлықлаўларымды жоллайман.

Өткен жылғы өз-ара сапарларымыздан баслап Өзбекстан ҳәм Германия арасындағы мүнәсибетлер беккемленип атырғаны оғада қуўанышлы болды.

Ҳәммемиз ушын аўыр машқалаға айланған COVID-19  пандемиясы кризис шараятында исеним ҳәм шерикликтиң оғада әҳмийетли екенлигин көрсетпекте.

Ҳәзирги ўақытта Сиз баслаған реформалар ҳәм модернизация процесслери сезилерли нәтийжелер бермекте. Сизге усы жолды табыслы даўам еттириўиңизди  тилеймен ҳәм Германия бул бағдарда Өзбекстанды қоллап-қуўатлаўда даўам етиўге таяр екенлигин билдиремен.

Сизге ең жақсы тилеклер, Өзбекстанның халқына болса еркинлик, қәўипсизлик ҳәм абаданлық шараятында тыныш келешекти тилеймен.

Франк-Вальтер ШТАЙНМАЙЕР,

Германия Федератив Республикасының Президенти

 *   *   *

Сондай-ақ, төмендегилер өз қутлықлаўларын жоллаған:

НАРУХИТО             – Япония Императоры

Рам Натҳ КОВИНД   – Ҳиндистан Президенти

Ашраф ҒАНИ           – Аўғанстан Президенти

Илҳом АЛИЕВ         – Әзербайжан Президенти

Александр ЛУКАШЕНКО – Беларусь Президенти

Игорь ДОДОН         – Молдова Президенти

Владимир ЗЕЛЕНСКИЙ – Украина Президенти

ЕЛИЗАВЕТА  II Уллы Британия ҳәм Қубла Ирландия Патшайымы

ФИЛИПП  – Белгиялылар Патшасы

ФЕЛИПЕ VI Испания Патшасы

ВИЛЛЕМ-АЛЕКСАНДР  – Нидерландия Патшасы

КАРЛ XVI ГУСТАВ – Швеция Патшасы

Александр Ван дер БЕЛЛЕН  – Австрия Президенти

Румен РАДЕВ  – Болгария Президенти

Янош АДЕР  – Венгрия Президенти

Сержо МАТТАРЕЛЛА  – Италия Президенти

Эгилс ЛЕВИТС  – Латвия Президенти

Анжей ДУДА – Польша Президенти

Зузана ЧАПУТОВА – Словакия Президенти

Милош ЗЕМАН  – Чехия Президенти

Симонетта СОММАРУТА  – Швейцария Президенти

ФРАНЦИСК – Рим-католик ширкеўиниң басшысы

Халифа бин Зоид ОЛ НАҲАЁН – БАӘ Президенти

Абдулфаттоҳ Ас-СИСИ – Египет Президенти

Ҳасан РУҲОНИЙ  – Иран Президенти

Имрон ХОН  – Пакистан Бас министри

Ҳайсам бин ТОРИҚ – Умман Султаны

Жоко ВИДОДО  – Индонезия Президенти

Султон Абдуллоҳ Риъятуддин Ал-Мустафо БИЛЛОҲ – Малайзия Патшасы

Ҳалима ЯҚУБ  – Сингапур Президенти

Родриго ДУТЕРТЕ – Филиппин Президенти

Маҳмуд АББОС – Палестина Президенти

Абдул ҲАМИД – Бангладеш Президенти

Абдулжамид ТАББУН  – Алжир Президенти

Буннянг ВОРАЧИТ  – Лаос Президенти

Хосе Даниэль ОРТЕГА СААВЕДРА  – Никаргуа Президенти

Муҳаммад бин Зоид ОЛ НАҲАЁН  – БАӘ Қураллы күшлери Жоқары бас сәркардасының орынбасары, Абу-Даби Әмирлигиниң мийрасхоры

Муҳаммад бин Рошид ОЛ МАКТУМ  – БАӘ Вице-президенти, Бас министри, Дубай әмирлигиниң ҳәкими

Цюй ДУНЪЮЙ  – Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеминиң (ФАО) бас директоры

Зураб ПОЛОЛИКАШВИЛИ – Жәҳән туристлик шөлкеминиң бас хаткери

Кунио МИКУРИЯ  – Жәҳән бажыхана шөлкеминиң бас хаткери

Салим АЛ- МАЛИК  – Билимлендириў, илим ҳәм мәденият мәселелери бойынша Ислам шөлкеминиң (АЙСЕСКО) бас директоры

Жильбер УНШБО – Аўыл хожлығын раўажландырыў халықаралық қорының президенти

Бағдат АМРЕЕВ – Түркий тиллес мәмлекетлер бирге ислесиў кеңесиниң бас  хаткери

Сергей ЛЕБЕДЕВ – Ғәрезсиз Мәмлекетлер Дослық Аўқамы Атқарыў комитетиниң баслығы – Атқарыўшы хаткери

Сырт мәмлекетлер ҳәм ҳүкиметлер, халықаралық шөлкемлердиң басшылары, белгили сиясатшылар ҳәм жәмийетлик ғайраткерлерден қутлықлаўлардың келиўи даўам етпекте.