Тоталитар ҳәм басып алыўшылық дәўиринде елимиздеги мыңлаған бийгүнә инсанлардың өмири қыйылғанын, қаншадан-қанша шаңарақлардың қулап, балалар жетим қалғанын тарийх, бүгинги ҳәм келешек әўлад ҳеш қашан умытпайды.
Халқыымыздың мине, усындай пидайы ҳәм мәрт ул-қызларының атларын, ҳақыйқат ҳәм әдалатты тиклеў, заманласларымыз, әсиресе, өсип киятырған жас әўлад санасында олардың естелигине ҳүрмет сезимин қәлиплестириў мақсетинде 2001-жылдан баслап 31-август сәнеси елимизде Репрессия қурбанларын еслеў күни сыпатында белгиленеди.
Қурбан болғанлардың атларын қайта тиклеў, естелигин мәңгилестириў мақсетинде пайтахтымызда «Шейитлер естелиги» естелик комплекси ҳәм «Репрессия қурбанлары естелиги» музейи қәд көтерди. Бул орынлардан зыяратшылардың қәдеми үзилмейди.
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 31-август күни Шейитлер естелиги комплексине келди.
Комплекстеги рәмзий қәбир жанында репрессия қурбанлары руўҳларына бағышлап Қуран оқылды. Бул жерде нураныйлар, улама ҳәм зыялылыар менен сәўбетлести.
– Ўатан пидайыларын еслеўимиз, олардың ҳаққына Қуран оқыўымыз жақсы дәстүр. Ағартыўшы бабаларымыз ғәрезсизлик ушын, халқымыздың емин-еркин жасаўы ушын гүрескенин билемиз. Соңғы жыллары пүткил жәмийетшилигимиздиң ҳәрекети менен олардың атларын тиклеў, музейлерди жаңа үлгилер менен толтырыў, дөретиўшилик мектеплерин шөлкемлестириў бойынша көп жумыслар исленбекте. Булардың ҳәммеси – адамларға тарийхый әдалатты, ҳақыйқатты жеткериў, халқымыз бул күнлерди билиўи ҳәм ҳеш қашан умытпаўы, бүгинги күнлердиң қәдирине жетиўи ушын, – деди Шавкат Мирзиёев.
Тоталитар дүзим дәўиринде мыңлаған бийгүнә ўатанласларымыз қурбан болған. 1937-1953-жылларда Өзбекстанда 100 мың адам репрессияға ушыраған. Олардың 13 мыңы аяўсыз атып тасланған. Қаншадан-қанша шаңарақлар қулап, балалар жетим қалған. Бир ғана 1937-38-жыллардағы үлкен репрессия дәўиринде 7 мыңға жақын ўатанласымыз атылғаны белгили.
– Бул инсанлар ҳақыйқый жетекшилер, белсенди зыялылыр, әдебият, мәденият ғайраткерлери, басқаша айтқанда, миллетимиздиң, халқымыздың ең қәлеўли ўәкиллери еди. Көз алдыңызға келтириң, егер олар репрессия етилмегенде Ўатанымыздың раўажланыўы ушын, илим, экономика, мәденият ҳәм әдебиятымыз ушын қандай уллы жумыслар ислеген болар еди, халқымызды алға баслар еди. Соны билип турып ислеген. Бүгин буны әрман менен еслеймиз, – деди Президент.
Мәмлекетимиз басшысы репрессияға ушыраған мине, усы 100 мың адамның ҳәр бири бойынша излениў, орынларға барып, жақынлары менен ушырасып, атларын тиклеп, ислеген жумыслары туўралы китаплар шығарыў, өзлери жасаған мәҳәллелер ҳәм мектеплерге атларын қойып, естелигин мәңгилестириў зәрүрлигин атап өтти.
Соңғы жылларда Исҳақхан Ибрат, Маҳмудхожа Беҳбудий, Абдулла Авлоний, Абдулҳамид Шолпан, Абдулла Қадирий сыяқлы ағартыўшылар естелигине бағышланған музейлер, саўлатлы естеликлер бой тикледи. Дөретиўшилик мектеплери қурылды. Қарақалпақстан Республикасында, барлық ўәлаятларда Репрессия қурбанлары музейиниң бөлимлери ашылды. Репрессия қурбанларына бағышланған жаңа китаплар, фильмлер, изертлеўлер дөретилмекте.
Коронавирус пандемиясы елимизди де шетлеп өтпеди. Әттең, бул кеселликтен үш жүзден зыят ўатанласларымыз қайтыс болды.
Мәресимде усы инсанлардың естелигине бағышлап Қуран оқылды. Наўқаслардың тез саўалыўын Алладан сорап, дуўа етилди.
– Өз жақынларынан айырылған барлық шаңарақларға терең қайғырыў менен кеўил билдирип, сабыр-тақат тилеймен. Даўаланып атырған наўқаслардың дәртине шыпа бериўин Қудайдан сораймыз. Алты айдан берли бул бәле менен гүресип атырмыз. Бул кеселлик елимизден тезирек кетиўин сорап дуўа етемиз, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Сол күни Президентимиз Шавкат Мирзиёев Ғәрезсизлик майданына барып, Ғәрезсизлик ҳәм жақсылық монументине гүлшеңбер қойды.
Мәмлекетимиз басшысы елимиз ғәрезсизлигиниң жигирма тоғыз жыллық байрамы мүнәсибети менен жыйналғанларды қутлықлады.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ҳәм Нызамшылық палатасы, Президент Администрациясы, Министрлер Кабинети, министрлик ҳәм мәкемелер, пайтахт жәмийетшилиги ўәкиллери де монументке гүл қойды.
ӨзА