Көксарай резиденциясында 31-август күни Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 29 жыллығына бағышланған байрам илажы болып өтти.
Онда сенаторлар, депутатлар, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң басшылары, илим, мәденият тараўларының пидайылары, нуранийлер ҳәм жаслар қатнасты. Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы жәмийетшилиги ўәкиллери арнаўлы студияларда онлайн көрип барды.
Илажда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев шығып сөйледи.
Ғәрезсизлик байрамы – бул қутлы күнниң қуўанышы неше жыллар өтсе де қәдирин жоғалтпайды. Бир өмирге даўам ете береди. Халқымыздың, ата-бабаларымыздың көп жыллық арзыў-әрманлары орынланғанына – Ўатанымыз азатлықты қолға киргизгенине де 29 жыл болды. Ғәрезсизликте өткен жыллардың есабы теңсиз ҳәм мазмунлы. Бир ғана соңғы, атап айтқанда, сынақлы 2020-жылда әмелге асырылып атырған илажлардың көлеми және де кең.
Экономика тармақлары – жеке исбилерменлик, санаат, аўыл хожалығы, транспорт, саўда-сатық сыяқлы бағдарларда жаңа механизмлер енгизилди. Халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў мақсетинде шаңарақлық бизнес, өнерментшилик, қыйтақ жердеги дийқаншылық, қулласы, бир шаңарақтың жақсы жасаўы, өзин тиклеп алыўы ушын зәрүрли болған барлық бағдарларда үлкен имканиятлар берилди. Салық жүги жеңиллетилди.
Быйылғы жыл халқымыз ушын сынақлы келди. Тәбийғый ҳәм техноген апатшылықлар, пандемия шараятында халқымыздың бирлигин көрсетти. Бул бәле-адаларды ақыл менен, анық ҳәм пуқта ойланған илажлар себепли жеңип өтип атырмыз.
– Биз қандай қәўипли ҳәм сүренли дәўирлерди басымыздан өткермейик, қандай жетискенлик ҳәм нәтийжелерге ерискен болмайық, ғәрезсизлик идеясы, еркинлик руўхы бизге бәрқулла сүйениш болмақта.
Бүгин шексиз мақтаныш пенен айта аламыз, данышпан халқымыздың узақты көре алыўы, бирлиги ҳәм пидайы мийнети менен барлық сынақлардан мүнәсип өтип келмектемиз.
Сол себепли, бизиң инсаний қәдир-қымбатымызды, ар-намысымызды, дин ҳәм ийманымызды, миллий мәмлекетшилигимизди тиклеп берген Ғәрезсизлик күни Ўатанымыздың даңқлы тарийхында ҳәмийше ең жарқын бет болып қалады, -деди Шавкат Мирзиёев.
Елимиз басшысы соңғы жылларда мәмлекетимиз раўажланыўдың жаңа басқышына адымлап, жаңа бир ояныў – Үшинши Ренессанс дәўирине негиз жаратылып атырғанын атап өтти.
Бул бағдарда, ҳеш гүмансыз, елимизде жас әўладтың тәлим-тәрбиясы, илимниң раўажланыўы жолында кең көлемли реформалар әмелге асырылып, муғаллимлердиң абырайы жыл сайын артып, билимлендириўдиң сапасы жақсыланып атырғаны әҳмийетли болмақта.
Шавкат Мирзиёев қоспа бағдарламалар ҳәм жойбарларды қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, пандемия ақыбетлерин жумсартыў бағдарында көрсеткен жәрдемлери ушын халықаралық валюта фонды, Жәҳан банки, Азия раўажланыў банки, Ислам раўажланыў банки, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки, Азия инфраструктуралық инвестициялар банки ҳәм басқа да шөлкемлерге қоспа бағдарламалар менен жойбарларды қоллап-қуўатлаў және пандемия ақыбетлерин жумсартыў бағдарында көрсеткен жәрдемлери ушын миннетдаршылық билдирди. Халқымызды Ғәрезсизлик байрамы менен қутлықлап атырған бирге ислесиўши мәмлекетлердиң халықларына тынышлық-аманлық ҳәм абаданлық тиледи.
– Ҳеш ким ҳеш қашан умытылмаўы керек: қаншелли қыйын болмасын, қанша қаржы ҳәм имканият талап етилмесин, Өзбекстанның ҳеш бир пуқарасы өз ҳалына таслап қойылмайды, – деди елимиз басшысы.
Карантин шеклеўлерине қарамастан, Өзбекстанда санаат ҳәм аўыл хожалығын раўажландырыў, заманагөй өндирис қуўатларын жаратыў жумыслары избе-из даўам еттирилди. Кәрханалар белгиленген режелерди орынламақта. Жыл басынан берли 9 миллиард долларлық өнимниң экспорт етиўге ерисилгени пикиримиздиң дәлийли. Быйыл республикамызда бир ғана санаат тараўында улыўма нырқы 11 миллиард доллар болған жойбарлар иске түсирилетуғынлығы атап өтилди.
– Мен ҳәр қыйлы сынақ ҳәм гүреслерде тапланған, ийманы, ерк-ықрары беккем халқымыздың ақыл-ойы, ҳәм күш-ғайратына исенемен. Мине сондай уллы инсаный пазыйлетлер ийеси болған, әсиресе, бүгинги сынақлы күнлерде өзиниң мәртлиги ҳәм аўызбиршилиги менен ҳақықый жигерлилик көрсетип атырған қаҳарман халқымызға перзентлик мийрим ҳәм садықлық пенен бас ийип тәжим етемен, -деди Шавкат Мирзиёев.
Өзбекстанда Ғәрезсизлик байрамы илажлары даўам етпекте.
Улуғбек АСРОРОВ,
ӨзАның хабаршысы