Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 29-август күни мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, мийнет ветеранлары менен биргеликте Ташкент қаласында әмелге асырылып атырған дөретиўшилик жумыслары менен танысты.

Биринши мәнзил Ташкент метрополитениниң Юнусобод жөнелиси болды. Мәмлекетимиз басшысы «Бодомзор» станциясынан жаңа «Түркстан» станциясына шекем поездта барып, әмелге асырылған жумысларды көзден өткерди.

– Бул жол ҳәмме нәрсени тезлестиреди. Ҳәрекетти де, экономиканы да, турмысты да, – деди Шавкат Мирзиёев.

Бул метро жөнелисиниң екинши басқышының қурылысы Президенттиң 2016-жыл 7-ноябрьдеги қарарына муўапық басланған еди Шавкат Мирзиёев бул жерге бир неше мәрте келип, жумыстың барысы менен танысқан еди.

Жойбардың улыўма баҳаксы 103,8 миллион доллар болып, дерлик 3 километр метро жолы және «Юнусобод» ҳәм «Туркстан» станциялары қурылған.

Мәмлекетимиз басшысы усы қурылыс жумысларының тарийхын еске алды.

– Бул жолды қурыў аңсат болғаны жоқ, – деди Президент. – Қаржы таўып, сырт елден қәнигелерди алып келип, жойбарды пуқта көрип шықтық, Еки жыл даўамында қурылыс болды. Ең әҳмийетлиси, бул транспорт арзан, қәўипсиз, қолайлы.

Қәнигелер қурылыс процеси ҳәм сапасы ҳаққындағы мағлыўмат берди. Жолдың 850 метр бөлеги жер асты суўы көп орынға туўра келген. Соның ушын алдын буны әмелге асырыў имканияты болмаған. Жаңа жойбарда Германия технологиясы қолланылып, суўлы жерден темир-бетон тюбинг қойыў арқалы өткерилген.

Және бир әҳмийетли тәрепи метрополитенниң Юнусобод жөнелиси ушын рентабельлиги жоқары емес еди. Бүгинги күнде Юнусобод районында 340 мыңнан аслам халық жасайды. Метро жолы создырылып, жаңа станциялердиң қурылғаны адамларға үлкен қолайлылық жаратты.

Бул транспорт тармағы экономика ҳәм экологиялық тәрепинен үлкен әҳмийетке ийе. Атап айтқанда, бул еки станция арқалы күнине 7,5 мың жолаўшыға хызмет көрсетиледи. Нәтийжеде автобуслар жөнелиси оптималласып, автомобильлердиң тығылысы азаяды, жылына 5,3 мың тонна зыянлы газдиң атмосфераға шығыўының алды алынады.

Улыўма айтқанда, Ташкент метрополитенине күнине 240 мың жолаўшы пайдаланады. Жәми 21 километрден ибарат үш жаңа – Юнусобод, Сегели ҳәм Қойлық жөнелислери қурылысының нәтийжесинде және 150 мыңнан аслам адам қамтып алынатуғыны режелестирилген.

Буннан соң, Президент Шавкат Мирзиёев Ташкент қаласының Аҳмад Дониш көшесинде әмелге асырылған қурылыс ҳәм абаданластырыў жумысларын көрди.

Алдын бул көшениң ортасындағы майдан бетон дийўал менен оралғаны ушын жол жүдә тар еди. Юнусобод метро жөнелисиниң даўамы қурылыўы нәтийжесинде бул орын ашылды. Аҳмад Дониш көшесиниң Әмир Темур көшесинен Ташкент айланба автомобиль жолына шекемги болған 2,2 километр бөлеги 6 қатарлы етип қайта қурылды. 4 қатарлы жол реконструкцияланды. Пиядалар ҳәм велосипед жоллары, газонлар шөлкемлестирилди. Энергия үнемлейтуғын жақтыландырыў үскенелери орнатылды.

Және бир әҳмийетли тәрепи Аҳмад Дониш көшеси ортасындағы жасыл аймақ ҳәм көше бойларындағы тереклер сақлап қалынды. 1850 декаративли терек нәли егилди.

– Жол қурылысына қосымша қаржы берип, заманагөй техникалардың алынғаны бүгин нәтийжесин берип атыр. Бул болса адамларға пайда, сапа келтириўи керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

Кесилиспелерде жол 92 метрге шекем кеңейтилген. Транспорт қураллары оң тәрепке тоқтаўсыз ҳәрекетленетуғыны нәзерде тутылған. Бул Аҳмад Дониш, Әмир Темур, Боғишамол сыяқлы көплеген көшелердеги тығылысты азайтады. Ташкент ҳәм Қибрай районлары турғынларының пайтахт орайына жетип барыў орайы 2 есеге қысқарады. Бул жаңа тарассада бир күнде 60 мыңға шекем транспорт қуралы ҳәрекетлениўи мүмкин.

Мәмлекетимиз басшысы бул жерде жуўапкерлерге жол қурылысының сапасын ҳәм көлемин арттырыў бойынша көрсетпелер берди.

Адамларымыз да, мийманлар да жолға қарап мәмлекетке баҳа береди. жоллар жақсы болса, халқымыз разы болады. Соның ушын усындай сапалы жолларды аймақларда да қурыў, аўыл жолларын да өзгертиў керек, – деди Президент.

Бул жерде Юнусобод районы халқының ўәкиллери менен қызғын пикирлесиў болып өтти.

Президент Шавкат Мирзиёев, сондай-ақ, Ташкенттиң Ферғана жолы көшесинде әмелге асырылып атырған оңлаў ҳәм абаданластырыў жумысларын да барып көрди. Түкияның «Kalyon» ширкети менен биргеликте ислеп шығылған жойбарға тийкарынан, 8 қатарлы жаңа автомобиль жолын қурыў, еки қатарлы жолды реконструкциялаў, энергия үнемлейтуғын жақтыландырыў үскенелерин орнатып, пиядалар ҳәм велосипед жолларын, газонларды шөлкемлестириў режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы бир километр жол қурыўға елимиз ҳәм сырт елге кететуғын қаржы және материалларын қатламын таллаў тийкарында жол индустриясын жетилистириў бойынша көрсетпелер берди. Автомагистраллар менен бирге ишки жолларға да айрықша итибар қаратыў зәрүрлиги атап өтилди.

Жер үсти айланба метро линиясының биринши басқышы – «Дослық-2-Қойлық» жөнелиси қурып питкерилди. Бул үлкен транспорт линиясын жойбарластырыў  2017-жылы басланған еди. Қурылыстың барысы мәмлекетимиз басшысының барқулла итибарында болды. Метроның усы участкасында 7 станция қурылған. Жаңа жөнелистиң узынлығы 11,5 километр.

Президент Шавкат Мирзиёев бул жерге келип, жәмийетшилик пенен бирге поезда жүрди.

Станцияда миллий колорид тийкарында, өзине тән дизайнда қурылған. Жолаўшыларға қолайлық жаратыўшы заманагөй технологиялар, жол кирейди электрон төлеў имканиятын беретуғын турникетлер және эскалатор менен үскенеленген. Екинши қабаттағы станциялерға имканияты шекленген жолаўшылар ушын арнаўлы лифтлер де орнатылған.

Мәселен, Тузель аймағындағы үшинши станция халық көп жерде, автомобильлер кесилиспесинде жайласқан. Бул станцияде түсип-шығатуғын жолаўшылардың ағымы басқаларына салыстырғанда көбирек болыўы күтилмекте. Еки қабаттан ибарат станцияның биринши қабатында жумысшы-хызметкерлер ушын административлик және медициналық ханалар ҳәм касса қурылған. Жолаўшылардың кирип-шығыўы, арнаўлы турникеттен өтиўи биринши қабатта әмелге асырылады. Екинши қабат болса перрон бөлими болып, оның бир тәрепинен жолаўшыларға қолайлы болыўы ушын жаңа эскалатор, екнши тәрепине болса имканияты шекленген жолаўшылар ушын арнаўды лифт орнатылған, перрон бөлими заманагөй жаратыў үскенелери менен безетилген. Станция ишинде Ташкент метрополитениниң картасы, перронда болса қала сыртына шығыў ушын көшелердиң атын көрсетиўши мағлыўматлар белгиси қойылған.

Перроннан поездға шығыў бөлимине көзи әззилер ушын арнаўлы бөрттирилген плиталар жатқарылған. Станцияниң тийкарғы еки тәрепи қуяш нурын аз өткеретуғын арнаўлы айналар менен қапланған. Перронға кирип-шығыў аймақларында көркем ҳәм реңли кафельлерден пайдаланылған. Станцияның әтирапы ҳәм аймағы абаданластырылып, заманагөй жарытыў үскенелери орнатылған, жолларға узақ мүддетке шыдамлы брусчаткалар, мрамор таслары терилген.

Үшинши станциядан соң Илтифот аймағындағы төртинши және Роҳат аймағындағы бесинши станция келеди. Пайтахтымыздың шығыс дәрўазасына кириў аймағында жайласқан усы көркем станция арқалы қаламыз халқы ҳәм мийманлары Ташкенттиң орайлық ҳәм шетки аймақларына қысқа ўақыт ишинде қәўипсиз жетип барыў имканиятына ийе болады.

Бул бағдарда поездлардың орташа жүриў тезлиги саатына 60 километрди қурайды. Аралықты басып өтиў ўақты – 19 минут, станциялерде тоқтаў ўақты –15 секунд, ҳәр бири 4 вагоннан ибарат 4 поезд қатнайды. Россия Федерациясынан метро линияларының эстакада жөнелесинде ҳәрекетленетуғын заманагөй ҳәм жоқары сапалы, жолаўшылар ушын барлық қолайлықларға ийе вагонлар таярланып елимизге алып келинди.

«Дослық – 2 – Қойлық» жөнелисиниң пайдаланыўға тапсырылыўы есабынан 225 жаңадан жумыс орны жаратылды. Бул жөнелис күнине 46 мың жолаўшыға хызмет көрсетиў имканиятына ийе.

– Пайтахтымызда транспорт күннен-күнге көбейип бармақта. Бул тығылыстың артыўы менен бирге ҳаўаның патасланыўына да себеп болмақта. Жер үсти метросы арзан, қолайлы ҳәм қәўипсиз. Ең әҳмийетлиси, бул басқа жәмийетлик транспортлардағы жүклемени өзине алады. Қала орайындағы тығылысты азайтады, – деди Шавкат Мирзиёев.

«Қойлық» станциясында кейинги басқыщлардың қурылысы бойынша презентация өткерилди. Жер үсти айланба метросы жойбарының улыўма баҳасы  422 миллион доллардан аслам болып бес басқышта әмелге асырылатуғыны режелестирилген. Екинши басқышта Қойлық базары менен Ташкент жер асты метросының «Алмазар» станциясы байланысады. Үшинши болып «Беруний», оннани кейин «Бодомзор» станциясына шекемги болған бөлим қурылады. Соңғы басқышта болса айланба метро линиясы және «Дослық» станциясына жалғанады. Бул жоллардың жәми узынлығы дерлик 55 километр, станциялер 35 болады.

Президентимиз халыққа қолайлылық жаратыў мақсетинде жаңа заманагөй транспорт линиясының қалған басқышларын өз мүддетинде пайдаланыўға тапсырыў, қурылыс сапасына итибар бериў бойынша жуўапкерлерге зәрүр тапсырмалар берди.

Президент Яшнаобод районындағы Ферғана жолы көшесинде, Қарасуў каналы бойынша қурылып атырған «Ассалам, жағыс!» турақ жай комплекси менен танысты.

22 көп қабатлы турақ жай, 58 коттедж, ықшам сейил етиў орынлары, жасыл майданшалар, тереклер, гүллер, тәкирарланбас көринистеги билимлендириў мәкемелери, саламатландырыў комплекслери, амфитеатр, кафелер, бизнес орай, улыўма, халық жасаўы ушын барлық қолай объектлер… Булардың барлығы, турмысқа, келешекке қызығыўшылығымзды арттырады.

Комплексти «Golden house» компаниясы қурмақта. Он алты  9 қабатлы, төрт 9-12 қабатлы, еки 14-16 қабатлы турақ жайда 3236 квартира болады. Биринши басқышта жыл жуўмағына шекем алты 9 қабатлы турақ жайдың пайдаланыўға тапсырылыўы режелестирилген. Квартиралар майданы 35 квадрат метрден 120 квадрат метрге шекем. Ипотека кредити тийкарында да сатылады. Орташа есапта, 3 ханалы турақ жай 20 жыл мүддетке кредитке алынса, айлық төлеми 5 миллион сумнан айланады, дейди компания қәнигелери.

Турақ жайлар менен тутас аймақта саўда-кеўилашар орай да қурылады. Орай ҳәм турақ жайлар арасынан ағып өтетуғын Қарасуў каналының әтирапы сейил етиў ушын бейимлестирилип, абаданластырылады. Кишкене атаў да пайда етиледи.

«Golden house» компаниясының директоры Даврон Файзиметовтың айтыўынша, «Ассалам, жағыс!» турақ жайларының абзаллығы сонда, олардың авторлық технологиясына тийарланған қурылыс конструкциясына ийе. 9 баллдан жоқары амплитудадағы сейсмикалық шыдамлылығы тексерилген. Фасадтың 3 қапламадан қуралғаны болса дәстүрий бетон турақ жайлардан пүткиллей парқ етеди. Видеобақлаў ҳәма өрт қәўипсизлиги системасы, ҳәр бир квартира модуль типиндеги өз алдына ысытыў қазаны менен үскенеленген ҳалда тапсырырлады. Сондай-ақ, қарыйдарлардың буйыртпасына бола өзгериўи мүмкин.

Атап өтиў орынлы, ғәрезсизликтен кейин дерлик  25 даўамында елимизде, атап айтқанда, Ташкентте көп қабатлы турақ жайлар қурылмаған. Адамлар ушын турақ жай оғада әҳмийетли машқалаға айланған еди. Кейинги жыллары қурылып атырған турақ жайлар ўатанласларымыздың көп жыллық әрманларын жүзеге шығармақта. Мыңлаған шаңарақлар, әсиресе, турақ жайға мүтәж кем тәмийинленген пуқараларымыз өз үйине ийе болды.

Мәмлекетимиз басшысы бундай турақ жайлардың қурылысын заманагөй технологиялар тийкарында, раўажланған мәмлекетлердеги сыяқлы үлгилерде даўам еттириўи керек екенлигин атап өтти.

Қурылыста да бәсеки болып атыр. Бул сапаны тәмийинлеп, баҳаның арзанласыўының факторы болмақта. Турақ жайлар, имаратлар қурыўда ең заманагөй технологиялардан пайдаланыў, ең оқымыслы, уста қурылысшыларды жумысқа алыў керек, – деди Президентимиз.

Шавкат Мирзиёев сырт ел тәжирийбеси тийкарында жеңил конструкциялы коттеджлерди де көзден өткерди. Бул турақ жайлардың арзанлығы, он күнде пикерилиўи менен ажыралып турады, буйыртпа тийкарында бир неше түрде қурып бериледи. Бундай коттеджлер, әсиресе таўлы ҳәм шөл аймақлары ушын жүдә қолайлы.

– Кейинги жылларда Ташкент өзгерди. Маңлай теримиз бенен өзгерттик. Мың қәтле шүкир, қолымыз узын, ҳәмме нәрсемиз жетерли. Кеўлимиз кең болып, Қудайдан сорап ҳәрекет етсек, дуўа алсақ кем болмаймыз, – деп атап өтти Шавкат Мирзиёев мийнет нураныйлары менен болған сәўбетлесиў ўақтында.

Ғәрезсизлик байрамы алдынан жаңа комплекслер, ири өндирис қуўатлықлары пайдаланыўға тапсырылыўы жақсы дәстүрге айланған. Яшнобод районындағы көп тармақлы «Тexnopark» өндирислик комплексинде «Samsung» бренди астында турмыслық суўытқышларды ислеп шығарыў кәрханасының ашылыўы ҳәм қутлы байрамымызға мүнәсип саўға болды.

Бурынғы авиазаводтың орнындағы 101 гектарлық майданда жайласқан усы өндирис комплексине 2019-жыл 10-августта Президент Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен тийкар салынған еди. Бул жерде 17 ири жойбар әмелге асырылыўы мақсет етилген. Олардың бириншиси 2020-жыл февраль айында иске қосылып, электрон газ есаплағышларды ислеп шығарыў жолға қойылған еди.

Мәмлекетимиз басшысына  басқа жойбарлар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Быйыл комплексте лифт ҳәм экскалаторлар, суў насослары, кир жуўыў машиналары, витрина суўытқышлары ҳәм музлатқышлар ислеп шығарыў жойбарлары иске қосылады. Кейинги жылдан болса мыс қубырлары, санаат суў ысытыў қазанлары, асхана техникалары, сендвич панель ҳәм металл конструкциялар, есик-рамалар ушын фурнитура ҳәм аксессуарлар, панелли ысытыў радиоторлары, базальт тасынан изоляциялық материаллар ислеп шығарыў жойбарлары жумыс баслайды. Сондай-ақ, логистика орайы қурылады. Бул жерден өнимлерди тиккелей сырт елге экспорт етиў мүмкин болады. «Тexnopark» аймағындағы барлық жойбарлар иске қосылыўы менен 10 мыңнан аслам халық турақлы жумыс пенен тәмийинленеди.

Мәмлекетимиз басшысы жойбарларды белгиленген мүддетлерде, сапалы иске қосыў бойынша тапсырмалар берди. Жәмийетшилик белсендилери менен сөйлесиўде санаатты локализациялаў мәслелери ҳаққында айтып өтти. Атап айтқанда, 2016-жылдың соңында 100 мың тоннаға шамалас мыс ислеп шығарылған болса, усы жылдың соңында 150 мың тоннаға жеткерилиўи атап өтилди. Келешекте 400 мың тонна реже етилген. Бизге белгили, мыс санаат өнимлерин таярлаўда кең қолланылады. Оны қазып шығарыў көлеминиң көбейиўи импорттың орнын басып, мәмлекетимиз өнимлериниң дүнья базарында бәсекиге шыдамлылығын арттырады.

2020-жыл 29-август. Өзбекстан ғәрезсизлигиниң 29 жыллығы. Бул сәне Өзбекстан санаатының тарийхында әҳмийетли тарийхый күн сыпатында сақланып қалады.

Президент Шавкат Мирзиёев арнаўлы түймени басып, «Тexnopark» комплексинде «Samsung» бренди астында турмыслық суўытқышларды ислеп шығарыў кәрханасының жумысын иске қосты. Жәмийетшилик ўәкиллери менен өндирис процессин көзден өткерди.

Ири инвестициялық турмыслық суўытқышларды ислеп шығарыў жойбары Қубла Кореяның «Samsung Electronics» компаниясы менен биргеликте әмелге асырылған болып, улыўма баҳасы 51,5 миллион АҚШ долларынан асламын қурайды. Үскенелерди монтажлаў ҳәм жойбарларды иске қосыўға да кореялы қәнигелер тартылған.

Бир ўақыттың өзинде 4 түрдеги суўытқышларды ислеп шығарыў имканияты бар екенлиги жойбардың өзине тән белгилеринен бири болып есапланады. Өндирис процеси 70 процентке  автоматластырылған, 1500 жумысшы тек техникаларды басқарыў ҳәм комплектлеўши бөлеклерди жыйнаўда қатнасады. Бул болса ҳәр 19 секундта 1 таяр өним ислеп шығарыў имканиятын береди. Өнимлер сапа  қадағалаў лабораториясынан 7 минутта өтеди. Онда, «Samsung Electronics» компаниясының инновациялық технологиясының жәрдемине таянылады. Сынаўдың нәтийжелери орайласқан мағлыўматлардың базасында сақланады.

Кәрхана жылына 1 миллион дана суўытқыш ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе. Ол тек елимиз емес, ал ҒМДА мәмлекетлериниң халқын да заманагөй, сапалы өним менен тәмийнлеў имканиятын береди.

Жыллық экспорттың баҳасы 50 миллион доллардан асламын қурайды. Турмыслық суўытқышлар заманагөй дизайнға, «No frost», аралықтан «smart» басқарыў системасына ийе екенлиги, энергияның үнемлилиги, жоқары  күшлениўге қарсы қорғаныў системасының бар екенлиги менен ажыралып турады.

– Бурынғы авиазавод тоқтап, қараўсыз қалып кеткен еди. Кейинги жылларда оннан пайдаланыў бойынша көрген илажларымыз әсте-ақырын өз нәтийжесин берип атыр. Булардан мақсетимиз – адамларды жумыслы етип, айлық бериў, бәсекиге шыдамлы өним шығарып, экспорт етиў, – деди Шавкат Мирзиёев.

Суўытқышлардан пайдаланыў инструкция-китапшасында «Өзбекстанда ислеп шығарылған» деген жазыў түрли тиллерде басылған. Бул болса ўатанласларымызда  мақтаныш сезимин оятады.

 

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Улуғбек АСРОРОВ,

ӨзАның хабаршылары