Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың басшылығында 28-август күни улыўма орта билимлендириў мәкемелеринде оқыў жылына таярлық мәселелери бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Пүткил дүньяға жайылған коронавирус пандемиясы билимлендириў тараўының алдына да жаңадан машқала ҳәм талапларды қоймақта. Елимизде коронавирус инфекциясы анықланғанынан соң, 16-марттан баслап, дәстүрий билимлендириў процесслери ўақытша тоқтатылған еди. Балалар үй шараятында онлайн билим алды.

Жаңа оқыў жылы жақынласқан сайын барлық ата-аналарды оқыў қашан ҳәм қандай түрде басланатуғыны қызықтырмақта. Бүгинги күнде мектеп оқыўшыларының саны алты миллион еки жүз мыңнан зыятлығы инабатқа алынса, елимизде бул мәселеге бийпәрўа шаңарақ жоқ екенлигин айтыў мүмкин.

Соның ушын мәмлекетимиз басшысы ҳүкиметке бул бағдарда халық пикирин билиў, ата-аналар ҳәм муғаллимлер менен кеңескен ҳалда, ҳәр тәреплеме терең ойланған қарар қабыл етиў бойынша көрсетпе берген еди.

Сол мақсетте, Халық билимлендириў министрлиги тәрепинен өз алдына сораўнама дүзилип, ҳәр бир ата-ананың пикири толық үйренип шығылды. Бул илажда 5 миллион 500 мың ата-ана қатнасты. Олардың 76 проценти билимлендириў процессин мектепке қатнаған ҳалда, яғный дәстүрий түрде алып барыў  тәрепдары болған. 24 проценти болса аралықтан – телесабақлар арқалы даўам еттириўди мақул көрген.

Буннан тысқары, усы мәселе бойынша дүньядағы жағдай да үйренилди. Күни кеше Жер жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң басшысы Тедрос Гебрейесус дүньяда коронавирус кеселлиги және еки жылға шекем даўам етиўи мүмкин екенлигин билдирди. БМШ Бас хаткери Антонио Гутерриш пандемия себепли көп мәмлекетлерде тоқтап қалған билимлендириў процесслериниң ақыбетлери келешекте дүнья жәмийетшилиги ушын оғада аўыр болыўы мүмкин екенлигин айтты. Бул дегени барлығымыз пандемия шараятында коронавирус пенен жасаў, ислеў ҳәм перзентлеримизди оқытыўға таяр болыўымыз керек.

Муғаллимлер менен өткерилген сөйлесиўлерде де айырым педагоглар балалардың көзин ҳәм қәлбин сағынғанын, билимлендириў ҳәм тәрбия бериўге таяр екенин, мектеплердиң ашылыўын интизарлық пенен күтип атырғанын билдирген.

Усы жуўмақлардан келип шығып, мектеплерде билимлендириў процессин бир ўақыттың өзинде еки түрде шөлкемлестириўге қарар етилди. Яғный, айырым ата-аналардың талабына бола дәстүрий, соның менен бирге аралықтан оқыў жолға қойылады.

– Меннен бүгинги күнниң қаҳарманлары ким деп сораса, бул денсаўлықты сақлаў хызметкерлери менен бир қатарда ҳүрметли устазларымыз, деп айтқан болар едим,-деди Президент мәжилисте.

Мәмлекет басшысы жәмийетте оқытыўшы ҳәм устазлардың абырайын көтериўге итибардың талап дәрежесинде емеслигин атап өтти.

-Бул жерде гәп тек ғана материаллық хошаметлеў ҳаққында емес. Биз өзин жаслар тәлим-тәрбиясына бағышлаған ҳәр бир пидайы муғаллимге жоқары ҳүрмет-иззет орталығын қәлиплестириўимиз керек. Бир баланы 11-класқа шекем тәрбиялап, камалға келтириў қанша машақат?! Әсиресе, класс басшыларына көп нәрсе байлансылы, биз оларды естиўимиз, қоллап-қуўатлаўымыз керек. Мектепте өзгерис болмас екен, ҳеш қайсы тараўда өзгерис болмайды,-деди Шавкат Мирзиёев.

Муғаллим ҳәм шыпакерлердиң пидайы мийнети, уллы минез-қулық үлгисин көрсетиў мақсетинде толық метражлы фильм ҳәм сериаллар, олардың жумысы ҳаққында көрсетиўлер шөлкемлестириў бойынша көрсетпе берилди.

Видеоселектор мәжилисинде пандемия шараятында билимлендириў процессин шөлкемлестириў бойынша әҳмийетли илажлар додаланды.

Район ҳәм қала ҳәкимлери, сектор басшыларына мектеплерди санитариялық талапларға муўапық, бирлемши қураллар менен толық тәмийинлеў ўазыйпасы қойылды. Санитариялық хызмет орайлары 5-сентябрьге шекем өз аймағындағы мектеплердиң жаңа оқыў жылына таярлық жағдайын үйренип, жәмәәтке қосымша оқыў-тренинглер өтеди. Буннан мақсет – мектеплерге әмелий жәрдем көрсетип, ата-аналардың кеўлин қәтержам етиў болып табылады.

Жергиликли депутатлар кеңеслери өз районындағы эпидемиологиялық шараяттан келип шығып, мектеплердиң жумысын жолға қойыў бойынша тийисли қарар қабыл етеди.

Халық билимлендириўи министрлигине ата-аналар және жергиликли кеңеслердиң усынысларынан келип шығып, жаңа оқыў жылын 14-сентябрьден баслаў, мектеплерде ҳәрекетлер схемасын ислеп шығып, тәжирийбеден өткериў бойынша тапсырма берилди.

Бул тәжирийбе тийкарында оқыўшыларды мектепте ким күтип алатуғыны, қайсы класс қайсы есиктен киретуғыны, класс ханаларының ҳаўасы қашан алмастырылатуғыны сыяқлы ҳәр бир қәдем анық белгилеп алынады. Бул дерлик 6 айдан берли оқыў дәргайын сағынған балалардың тезирек бейимлесиўи және қәўипсизлигинде әҳмийетли орын тутады.

Ҳәзирги сынақлы дәўирде мектеп директоры, класс басшысы ҳәм ата-ана арасындағы сөйлесиўди ҳәр қашанғыдан да күшейтиў, үйден тәлим алатуғын оқыўшылардың өзлестириўин күнделикли мониторинг етиў зәрүрлиги атап өтилди. Бул оқыўшылардың жақсы билим алыўы, соның менен бирге саў-саламат болыўын тәмийинлейди.

Видеосабақларды сапалы таярлаў, бул процесске  мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес телеканалларды белсене тартыў, 3 телеканалда турақлы эфирге узатып барыў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигине орынларда санлы телевидидение сигналын ҳәм интернет тезлигин тәмийинлеў, шетки аймақлардағы коммуникация системаларын толық тесттен өткериў бойынша көрсетпе берилди. Оқыўшылар ушын интернеттен пайдаланыўда жеңиллетилген «Мектеп» тариф режесиниң енгизилетуғыны айтылды.

Билимлендириў мәкемелериндеги тазалық ҳәм азадалықты сақлаў, класс ханаларын ҳәм әтирапты дезинфекциялаў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Мәжилисте атап өтилгениндей, ҳәр бир мектепке ишки ислер ҳәм Миллий гвардия хызметкерлери бириктирилип, тәртипти сақлаў ҳәм карантин талапларына әмел етилиўин қадағалайды. Оқыўшылардың денсаўлығынан турақлы хабардар болыў мақсетинде аймақлық поликлиника ямаса шыпакерлик пунктлеринен  кеминде бир медицина хызметкери тартылады.

Изертлеўлер жас балаларда вирус жеңил өтиўин көрсетпекте. Бирақ оқыўшылар инфекцияның тасыўшысына айланып қалыўы мүмкин. Олар өзлери билмеген ҳалда устазларына ямаса шаңарақ ағзаларына, әсиресе жасы үлкен адамларға жуқтырыў қәўпин де бийкарлап болмайды.

Мәмлекетимиз басшысы быйылғы 26-августтағы «Халықты социаллық қоллап-қуўатлаўға қаратылған қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып, педагоглар 1-октябрьге шекем гриппке қарсы бийпул шаншылады. Соның менен бирге, оқытыўшылардың мийнетин мүнәсип хошаметлеўге көрсетпе берилди.

Оқыў дәргайларының жумысында қәўипсизлик илажларын көриў, сондай-ақ, мәҳәллелерде коронавирусқа шалынған шаңарақларды өз ўақтында анықлап, мектеп  администрациясын оператив ескертиў зәрүрлиги атап өтилди.

Жуўапкер министрликлерге мектеплер ушын пирометр ҳәм дозаторлар сатып алыў және аймақларға жеткериў бойынша тапсырмалар берилди. Ўәлаят ҳәкимлери мектеплерди дезинфекциялаў, антисептикалық қураллар, медициналық нықаплар менен тәмийинлеўге жуўапкер етип белгиленди.

-Ҳәр бир басшы өз ўазыйпасын терең сезинип, жумысқа садықлық ҳәм жуўапкершилик пенен қатнаста болса, ҳәм система ислейди, ҳәм халқымыздың талабын орынлаған боламыз, -деди Шавкат Мирзиёев.

Мәжилисте министрлер ҳәм ўәлаят ҳәкимлери күн тәртиби бойынша мәлимлеме берди.

 

ӨзА