Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 28-август күни улыўма орта билимлендириў мәкемелеринде оқыў жылына таярлық мәселелери бойынша өткерилген видеоселектор мәжилисинде дәслеп коронавирус пенен байланыслы жағдайға тоқтап өтилди.

Усы ҳәптеде күнине орташа 370 жаңа наўқастың анықланғаны, карантин талапларының жумсартылған ҳәзирги шараятта бул сан қадағалаў көрсеткиши болатуғыны атап өтилди.

Президент ҳақыйқый жағдай бойынша санларды жасырыўға пүткиллей жол қоймаў ҳаққында барлық басшыларды ескертти. Буған урыныў жынайый жуўапкершиликке болған қатаң илажларға алып келиўи мүмкин екенлиги атап өтилди.

Ҳәкимлер, сектор басшылары және жуўапкер уйымлардың хызметкерлери ҳәр бири мәҳәлледе, жәмийетлик орынлар, транспорт ҳәм кәрханаларда санитариялық талаплардың орынланыўы бойынша темир интизамды тәмийинлеў зәрүрлиги айтып өтилди. Әсиресе, той-мәресимлерди бир неше күн даўамында ямаса бир күнде 3-4 мәрте өткериў жағдайларына шек қойыў керек екенлиги көрсетип өтилди.

Коронавирусқа шалынған наўқасларды дүньядағы ең алдыңғы ҳәм исенимли усыллар менен емлеў ушын барлық илажлардың көрилип атырғаны, атап айтқанда, ҳәзирги ўақытта Россия, Германия, Түркия, Қытайдан 75 жоқары маманлықтағы шыпакер елимизде жумыс алып барып атырғаны атап өтилди.

– Инфекцияны жуқтырып алмаў, бәринен бурын, өзимизге, өз саламатлығымызға болған итибарымызға, шаңарағымыздағы орталыққа байланыслы. Егер ҳәмме, пүткил жәмийетимиз тазалық, медициналық қорғаў ҳәм социаллық аралық қағыйдаларына әмел етсе, кеселлик көбеймейди,-деди Шавкат Мирзиёев.

Мәжилисте көмекке мүтәж шаңарақларға мәтериаллық жәрдем бериў мәселеси де көрип шығылды.

Усы мақсетте 26-август мәмлекетимиз басшысының «Халықты социаллық қоллап-қуўатлаўға қаратылған қосымша илажлар ҳаққында»ғы және бир қарары қабыл етилген еди.

Қарарға бола, көмекке мүтәж шаңарақлардың балаларын қысқы кийим-кеншек, мектеп формасы ҳәм оқыў қураллары менен тәмийинлеў мақсетинде «темир дәптер»ге киргизилген, бағыўшысын жоғалтқан ҳәм майыплығы болған 16 жасқа толмаған балаларға 500 мың сумнан жәрдем пулы бериледи. Бул материаллық жәрдем менен жәми 810 мыңнан аслам балалар қамтып алынады. Буның ушын  400 миллиард сумнан аслам бюджет қаржылары ажыратылды.

Бағыўшысын жоғалтқан шаңарақлардағы ҳәм майыплығы болған 16 жасқа толмаған балалар бойынша анық есап-китаплар бар болып, төлемлер Пенсия қоры тәрепинен пенсия ҳәм напақаға қосып бериледи. Бул жүдә қолайлы, себеби система бар.

Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги, ҳәкимлер және сектор басшыларына жәрдем пулларын мүтәж шаңарақларға әдил, ашық ҳәм дурыс жеткерип бериў, ҳеш кимди итибарсыз қалдырмаў бойынша тапсырмалар берилди. Халық пенен ушырасып, бул қаржылар ҳақықатында да  жәрдемге мүтәж балалардың бәркамал раўажланыўы ҳәм денсаўлығы ушын жумсалыўы зәрүрлигин түсиндириў ўазыйпасы қойылды.

 

ӨзА