Өзбекстан Республикасы Президентиниң

П ә р м а н ы

Мәмлекет Қураллы Күшлериниң жаўынгерлик таярлығын арттырыўдағы хызметлери, миллий мәплеримизди қорғаў ҳәм тынышлықты тәмийинлеў, турақлылық ҳәм жәмийетлик тәртипти беккемлеў бағдарындағы хызмет ўазыйпасын орынлаў ўақтында мәртлик, ерлик ҳәм пидайылық көрсеткени ушын төмендегилер сыйлықлансын:

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

«Жасорат» медалы менен

Қайыпназаров Есемурат Қалбаевич (марҳум) – Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги патруль-пост хызмети ҳәм жәмийетлик тәртипти сақлаў басқармасының бөлим баслығы

«Содиқ хизматлари учун» медалы менен

Генжебаева Айзада Дамировна – Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қалалық мәмлекетлик салық инспекциясының бас инспекторы

Давлетов Азамат Сапарбаевич – Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасының баслығы

Машарипов Рашид Юсупбаевич – Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасының бөлим баслығы

Наўрызбаев Байрам Сарсенбаевич – Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы Қарақалпақстан Республикасының Мойнақ районын раўажландырыўға тийисли нызамшылық орынланаўы үстинен қадағалаў басқармасының баслығы

«Шуҳрат» медалы менен

Ережепов Марат Избасарович – Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги жол ҳәрекети қәўипсизлиги басқармасының жол-патруль хызмети инспекторы

Жамалов Жаңабай Кенгесбаевич – Қарақалпақстан Республикасы Қоңырат районы прокурорының орынбасары

Утамбетов Баймурза Қалмурзаевич –  Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бажыхана комитети Қарақалпақстан Республикасы бойынша басқармасының «Даўыт-ата» шегара посты аға инспекторы

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

28-август 2020-жыл