Өзбекстан Республикасы Президентиниң

п ә р м а н ы

Ўатанымыз ғәрезсизлигин беккемлеўге қосқан мүнәсип үлеси, өзиниң жарқын таланты, көп қырлы дөретиўшилиги, илимий-инновациялық жумысы менен елимиздиң илим, мәденият ҳәм көркем өнер тараўларын раўажландырыў, жас әўладты ана ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында ҳәр тәреплеме бәркамал етип тәрбиялаў жолындағы нәтийжели хызметлери және жәмийетлик жумысларға белсене қатнасқаны ушын төмендегилер ҳүрметли атақлар менен сыйлықлансын:

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

 

«Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен жаслар устазы» ҳүрметли атағы менен

Абдикамалов Бахтияр Абдиразақович – Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң физика кафедрасы профессоры

 

Халқымыздың илимий – интеллектуал потенциалы ҳәм мәнаўиятты жоқарылатыў, билимлендириў, мәденият, әдебият, көркем өнер, денетәрбия ҳәм спорт тараўларын раўажландырыўдағы айырықша хызметлери, Ўатанымыз ғәрезсизлигин беккемлеў, елимиздиң раўажланыўы, тынышлығы ҳәм социаллық-мәнаўий турақлылығын тәмийинлеўге қосқан мүнәсип үлеси ҳәмде жәмийетлик жумысларға көп жыллық нәтийжели қатнасқаны ушын төмендегилер сыйлықлансын:

 

«Меҳнат шуҳрати» ордени менен

Сапаева Мырзагүл Жуманазаровна – Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик музыкалы театрының вокал артисти

Уразымбетов Низаматдин Тажитдинович – Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы «Respublika teleradiomarkazi» мәмлекетлик унитар кәрханасы Нөкис филиалы телерадиоорайының жоқары категориялы телеоператоры

«Дўстлик» ордени менен

Ахетова Алима Шаниязовна – Қарақлпақстан Республикасы көзи әззилер китапханасының директоры

Надирова Айгуль Базарбаевна – Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты музыкалық тәлим кафедрасының үлкен оқытыўшысы

«Соғлом турмуш» медалы менен

Жақсымуратов Мухаммед Раметуллаевич – Қарақалпақстан Республикасы спорттың жеке гүрес түрлери бойынша қәнигелестирилген балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебиниң үлкен методисти

Исакова Зухра Қонысбаевна – Қарақалпақстан балалар ҳәм жас өспиримлериниң «Жеткиншек» газетасы бөлим баслығы

Кеўнимжаева Тоқтагүл Қудайназаровна – Қараөзек районындағы 2-мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемесиниң методисти

Мамбетуллаева Светлана Мырзамуратовна – Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақлалпақстан бөлими Қарақалпақ тәбийғый пәнлер илимий-изертлеў институты директорының орынбасары

«Шуҳрат» медалы менен

Акимов Едилбай Қурбанбаевич – Өзбекстан мәмлекетлик филармониясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими жанындағы «Мухаллес» дуўтаршылар ансамблиниң бақсы-сазендеси

Генжебекова Насиба Шарибаевна – Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театрының актёры

Ибрагимов Сағымбай – Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, шайыр

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                   Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл 27-август