Өзбекстан Республикасының Президенти Шавкат Мирзиёев 27-август күни геология тараўында әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелилиги бойынша презентация менен танысты.

Мәмлекетимиз басшысы Олий Мажлиске усы жылдың январь айындағы Мүрәжатында ҳәр жылы илимниң бир неше бағдарына тийкарғы әҳмийет қаратылып, олардың жедел раўажландырылыўын атап өткен еди. Усы жылы геология тараўы мине сондай бағдарлардан бири етип белгиленген.

Усы мақсетте Президенттиң 4 қарары қабыл етилди. Олардың орынланыўы шеңберинде тараўды модернизациялаў ҳәм санластырыў, геологиялық излеў көлемин ҳәм нәтийжелилигин арттырыўға ерисилмекте.

– Өзбекстанда жаңадан геология системасы жаратылмақта. Оны раўажландырыўдан мақсет – тәбийғый ресурсларды халқымыз мәпине бағдарлаў, жумыс орынларын шөлкемлестирип, адамларды бай етиў,-деди Шавкат Мирзиёев.

Биринши гезекте геологиялық илимди тиклеўге ҳәм заманагөй кадрлар таярлаўға тийкар жаратылды. Атап айтқанда, Геология илимлери университети шөлкемлестирилип, оның қурамына 4 илимий-изертлеў институты бирлестирилди.

Заманагөй бурғылаў ҳәм лаборатория үскенелери алып келинди. Буның нәтийжесинде бурғылаў өнимдарлығы 2019-жылға салыстырғанда 25 процентке артты. Атап айтқанда, рудадағы элементлерди анықлаў көлеми 40 дан 63 ге шекем көбейди.

Жыл басынан берли 150 жаңа кән мәмлекетлик балансқа алынды. Алтын, гүмис, уран, мыс, молибден ресурслары ҳәм резервлери көбейди. Соның ишинде, Бухара ҳәм Наўайы ўәлаятларындағы Кулжуктов және Ауминзотов таўларының аймағында 3 алтын, Самарқанд ўәлаяты Каттақорған районы және Жиззақ ўәлаяты Арнасай районында 2 уран кәни анықланды.

Сондай-ақ, 32 геология-кән резерви халықаралық JORC стандартларына өткерилди.

Аўыл хожалығын раўажландырыўға қаратылған илажлар шеңберинде 155 мың гектар майданда оператив гидрогеологиялық изленислер алып барылды. Суў жетиспейтуғын аймақларда суткасына қосымша 90 мың кубометр тәмийинлейтуғын суў резервлери тастыйықланды.

Илажда Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслар комитети баслығының есабаты тыңланды. 20 жаңа кәнге онлайн аукционда, ашық ҳәм айдын түрде потенциаллы сырт ел инвесторларын тартыў процессиниң барысы көрип шығылды.

Тараўдағы жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў, нызамшылық базасын беккемлеў және инвестициялық потенциалды және де кеңейтиў бойынша гезектеги илажлар додаланды.

Мәмлекетимиз басшысы келеси жылы геология-излеў жумысларын 2  есе кеңейтип, жаңадан перспективалы майданларды анықлаў, тараўға заманагөй лаборатория технологияларын енгизиўди жеделлестириў зәрүр екенлигин атап өтти.

Геология комитетине санаат кооперациясы тийкарында жаңа кәнлерди излеў, табылған ресурсларды өзлестириў ушын жеке меншик секторға бериў әмелиятын және де кеңнен қолланыў бойынша тапсырма берилди.

Наманган тәжирийбеси тийкарында ҳәр бир аймақта геологиялық, әсиресе, гидрогеологиялық излеўлер бойынша турақлы экспедициялар шөлкемлестириў зәрүрлиги айтылды.

Пайдаланыўға берилген жер асты участкаларын өзлестириў нәтийжелилигин арттырыў, илимий-изертлеўлерди раўажландырыў бойынша көрсетпелер берилди. Жуўапкерлерге белгиленген илажлар бойынша «жол картасын» ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

 

ӨзА