Өзбекстан Республикасы Президентиниң
қ а р а р ы
Коронавирус пандемиясының халықтың турмыс дәрежесине унамсыз тәсирин жумсартыў, халықты социаллық қорғаўға ҳәм жәрдемге мүтәж шаңарақларды материаллық қоллап-қуўатлаўға қаратылған системалы жумыслар әмелге асырылмақта.
Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 30-июльдеги «Коронавирус пандемиясы дәўиринде социаллық қорғаўға ҳәм жәрдемге мүтәж халық қатламларын материаллық қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПП-6038-санлы Пәрманына муўапық кем тәмийинленген ҳәм қорғаўға мүтәж адамларға кең көлемли социаллық жәрдем көрсетилди.
Халқымыздың тарийхый ҳәм руўхый қәдириятларын көрсеткен «Сақаўат ҳәм көмек» улыўмахалықлық ҳәрекетин даўам еттириў және материаллық жәрдем ҳәм көмекке мүтәж шаңарақлардың балаларын қысқы кийим-кеншек топламлары, мектеп формасы ҳәм оқыў қураллары менен тәмийинлеў мақсетинде:
- 1. 2020-жылдың сентябрь айында халықтың төмендеги қатламларына бир мәртелик материаллық жәрдем көрсетилсин:
материаллық жәрдем ҳәм көмекке мүтәж шаңарақлардың дизимлери («темир дәптер»)ге киргизилген шаңарақлардың 16 жасқа толмаған балаларына;
бағыўшысын жоғалтқанлық пенсиясын ямаса напақасын алыўшы шаңарақлардың 16 жасқа толмаған балаларына;
майыплығы болған 16 жасқа толмаған балаларға.
- 2. Усы қарардың 1-бәнтинде нәзерде тутылған бир мәртелик материаллық жәрдем муғдары ҳәр бир 16 жасқа толмаған бала ушын 500 мың сум етип белгиленсин.
- 3. Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги, Халық билимлендириў министрлиги, Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Қаржы министрлигиниң республикамыздағы барлық басланғыш, улыўма орта билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәкемелериниң хызметкерлерин орайласқан тәртипте 2020-жыл 1-октябрьге шекем бийпул гриппке қарсы шаншыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәр бир билимлендириў ҳәм денсаўлықты сақлаў мәкемесине барған ҳалда хызметкерлерге шаншыўды өткериўди ҳәм тийисли денсаўлықты сақлаў мәкемелерин вакцина ҳәм медицина әсбап-үскенелери менен тәмийинлеў илажларын көрсин.
- 4. Министрлер Кабинети усы қарарда белгиленген бир мәртелик материаллық жәрдем ҳәм хызметкерлерди шаншыў ушын зәрүр қаржыларды Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 30-июльдеги «Коронавиурс пандемиясы дәўиринде социаллық қорғаўға ҳәм жәрдемге мүтәж қатламларын материаллық қоллап-қуўатлаўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПП-6038-санлы Пәрманында нәзерде тутылған және басқа қосымша дәреклер есабынан ажыратсын.
- 5. Усы қарарда нәзерде тутылған қаржылардың жәрдем ҳәм көмекке мүтәж шаңарақларға мақсетли ҳәм мәнзилли жеткерилиўи бойынша:
Қаржы министрлиги жанындағы Пенсия қоры – бағыўшысын жоғалтқан шаңарақлардың жас өспирим перзентлери және майыплығы болған 16 жасқа толмаған балаларға материаллық жәрдем пулларының пенсияларды (напақаларды) төлеў ушын белгиленгени мүддетте мәнзилли жеткерилиўин шөлкемлестириў бойынша;
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы, район (қала) ҳәкимлери, сектор басшылары және мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигиниң аймақлық бөлимлериниң басшылары -материаллық жәрдем ҳәм көмекке мүтәж шаңарақлардың дизимлерине («темир дәптер») киргизилген шаңарақлардың 16 жасқа толмаған перзентлериниң санына келип шығып, төлем ведомостларын қәлиплестирилиўи және район (қала), мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлимлери арқалы оларға материаллық жәрдем пулларының өз ўақтында ҳәм мәнзилли шөлкемлестириў ҳәм қадағалаў бойынша;
Қаржы министрлиги – зәрүр қаржылар Өзбекстан Республикасы республикалық бюджеттен жергиликли бюджетлерге өз ўақтында ажыратылыўы бойынша;
Орайлық банк коммерциялық банклер менен биргеликте – материаллық жәрдем қаржыларын тарқатыў ушын нақ пул менен тәмийинлеў бойынша жуўапкер етип белгиленсин.
- 6. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасарлары Ж.А.Қўчқоровқа, Б.А.Мусаевқа, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығына, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлерине жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2020-жыл 26-август