Өзбекстан Республикасы Президентиниң
п ә р м а н ы
Соңғы жыллары республикамызда исбилерменлик ҳәм инвестициялық орталығын түп-тийкарынан жақсылаў, артықша бюрократиалық тосықларды сапластырыў, ескирген, заман талапларына сай келмейтуғын тәртип-қағыйдаларды жетилистириў бағдарында избе-из илажлар әмелге асырылмақта.
Бул бағдарларда алып барылып атырған жумысларды лицензиялаў ҳәм руқсат бериў системасын либералластырыў және институцоналлық реформалаўдың жаңа басқышын баслаў ушын беккем тийкар жаратты.
Лицензиялаў ҳәм руқсат бериў тәртип-қағыйдаларын түп-тийкарынан жетилистириў және бюрократиалық тосықларды сапластырыў арқалы исбилерменлик субъектлердиң жумысы ушын және де кеңнен шараятларды жаратыў мақсетинде:
- 1. Әдиллик министрлиги, Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил, Монополияға қарсы гүресиў комитети ҳәм Саўда-санаат палатасының төмендегилерди нәзерде тутатуғын усынысларына келисим берилсин:
биринши басқышта (2020-жыл даўамында) – пуқаралардың денсаўлығына ҳәм жәмийетке зыян жеткермейтуғын лицензиялаў ҳәм руқсат етиў характерине ийе ҳүжжетлердиң айырым түрлерин қысқартыў ҳәм тәртипке салыўдың альтернатив усылларына өткериў, исбилерменлик субъектлеринен артықша ҳүжжет талап етпеў ҳәм олардың ўақты менен қаржыларының жумсалыўын азайтыў ушын тәртип-қағыйдаларды әпиўайыластырыў, тийисли ҳүжжетлерди бериў процесслерин толық санластырыў арқалы ашық-айдынлықты тәмийинлеў;
екинши басқышта (2020-2021-жыллар даўамында) – лицензиялаў ҳәм руқсат бериў тараўындағы нызам ҳүжжетлерин системаластырыў, мәмлекетлик хызметлер көрсетиў паспортларын ислеп шығыў, айырым түрдеги лицензиялаў ҳәм руқсат бериў характерине ийе ҳүжжетлерди бериўдиң үлгили ҳәкимшилик регламентлерин енгизген ҳалда нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер санын түп-тийкарынан қысқартыў.
- 2. 2021-жыл 1-январьдан баслап:
а) лицензияланатуғын жумыс ҳәм руқсат етиў характерине ийе ҳүжжетлердиң:
1-қосымшаға муўапық айырым түрлериниң бийкар етилетуғыны:
2-қосымшаға муўапық айырым түрлери бирлестириў жолы менен бийкар етилетуғыны;
3-қосымшаға муўапық айырым түрлери хабардар етиў тәртибиниң енгизилиў жолы менен бийкар етилетуғыны;
б) 4-қосымшаға муўапық лицензияланатуғын жумыс ҳәм руқсат етиў характерине ийе ҳүжжетлердиң айырым түрлерин рәсмийлестириў мүддетлери қысқартылатуғыны белгиленсин.
Хабардар етиў тәртиби енгизилген жумыс (ҳәрекет) ушын рәсмийлестирилген лицензия ямаса руқсат етиў қәсийетине ийе ҳүжжетлердиң әмел етиўи өз күшинде қалады ҳәм бул жумыс (ҳәрекет)ти әмелге асырыў ушын ўәкилликли уйымды хабардар етиў талап етилмейди.
Лицензиялаў ҳәм руқсат етиў характерине ийе ҳүжжетлерди бериўге ўәкилликли және хабарнамаларды қабыл ететуғын уйымлар (кейинги орынларда – ўәкилликли уйымлар) 2021-жыл 1-январьға шекем бурын рәсмийлестирилген лицензиялаў ҳәм руқсат етиў қәсийетине ийе ҳүжжетлердиң реестрин хатлаўдан өткерсин ҳәм және тәртип тийкарында жүргизилиўин тәмийинлесин.
- 3. Лицензиялаў ҳәм руқсат етиў қәсийетине ийе ҳүжжетлерди алыў тәртип-қағыйдаларын және де қысқартыў ҳәм әпиўайыластырыўға қаратылған илажлар режеси 5 -қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
- 4. 2021-жыл 1-январьдан баслап:
а) туризм жумысын лицензиялаўда туроператорлардың хызметлерин сертификатлаў ықтыярлы етип белгиленсин;
б) төмендегилер бийкар етилсин:
кредит бюроларының жумысын лицензиялаўда кеминде 10 коммерциялық банк пенен кредит алмасыўын әмелге асырыўға келисимин тастыйықлайтуғын ҳүжжеттиң бар екенлиги ҳаққындағы талабы;
дәри қураллары ҳәм медициналық әсбап-үскенелерди усақлап реализациялаў жумысын лицензиялаўда усы жумыс ушын лицензияға ийе болған юридикалық шахслар тәрепинен олардың мине сондай жумыс пенен шуғылланатуғын филиаллары шөлкемлестирилгенде ҳәр бир филиал мәнзилин тийкарғы лицензияда көрсетиў әмелиятын енгизиў арқалы филиалларға өз алдына лицензиялаўды рәсмийлестириў әмелияты;
жер асты участкаларынан пайдаланыў ҳуқықы ушын лицнезия алыўда талабаннан жергиликли мәмлекетлик ҳәкимияты уйымларының кепиллик хатларын алыўды талап етиў тәртиби.
- 5. хабардар етиў тәртибинде әмелге асырлатуғын жумыс қатарына жумысты баслаў ямаса ҳәрекетти әмелге асырыў ушын ўәкилликли уйым тәрепинен қарар қабыл етилиўи талап етилмейтуғыны, бирақ мәмлекет тәрепинен тәртипке салыныўы және тийисли жумыс пенен шуғылланып атырған субъектлердиң есабын жүргизиўди тәмийинлеў ушын нызам ҳүжжетлеринде белгиленген талап ҳәм шәртлерге әмел етиў миннетлемесин өз мойнына алыў арқалы әмелге асырылатуғын жумыс түрлериниң киретуғыны;
хабарнама жибериў арқалы физикалық ҳәм юридикалық тәреплерди хабардар етиў тәртиби енгизилген жумыс ямаса ҳәрекетти әиелге асырыў ушын нызам ҳүжжетлеринде белгиленген талап ҳәм шәртлерге муўапық екенлигин тастыйықлайтуғыны. Онда, автоматластырылған электрон система арқалы нызам ҳүжжетлеринде белгиленген талап ҳәм шәртлерге муўапықлығы ҳүжжетлерди усыныў процессинде тийкарғы түрде инсан араласыўысыз тексериўден өткерилетуғыны;
әмелге асырылыў ушын лицензия, руқсат етиў характерине ийе ҳүжжет ҳәм ўәкилликли уйымды хабардар етиў талап етилетуғын жумыс түрлериниң дизимлери нызам менен тастыйықланатуғыны және тийисли нызам қабыл етилгеннен соң бул дизимлерге киргизилмеген жумысты ямаса ҳәрекетти әмелге асырыў ушын физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден ҳәкимшилик тәртип қағыйдалардан өтиўди талап етиўге жол қойылмайтуғыны белгиленсин.
- 6. Ўәкилликли уйымлар тәрепинен төмендеги ҳәрекетлердиң әмелге асырылатуғыны қадаған етилсин:
лицензиялар бериў, олардың әмел етиў мүддетин созыў ҳәм оларды қайта рәсмийлестириўде лицензия талабанының электр энергиясы, тәбийғый газ жеткерип бериў, суў тәмийнаты ҳәм суў шығарыў хызметлери, қатты турмыслық шығындыларды жыйнаў ҳәм алып шығып кетиў хызметлери ушын мәжбүрий төлемлер бойынша, сондай-ақ, орынлаў ҳүжжетлери бойынша қарыздарлығы бар болғаны ушын мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўден бас тартыў;
лицензиялаў ҳәм руқсат етиў характерине ийе ҳүжжетлерди мәмлекетлик уйымлар ҳәм субъектлери арасында дүзилетуғын өз-ара шәртнамаларға алмастырыў;
лицензиялаў ҳәм руқсат етиў қәсийетине ийе ҳүжжетлерди бериў ҳаққындағы арзаларды көрип шығыў бул ҳүжжетлерди бериў, сондай-ақ, қадағалаў функцияларын әмелге асырыў процесинде исбилерменлик субъектин лицензиялаў ҳәм руқсат бериўге байланыслы талап ҳәм шәртлерде нәзерде тутылмаған ҳақы орнына басқа түрдеги хызметлерден пайдаланыўға ямаса руқсат етиў қәсийетине ийе ҳүжжетлерди алыўға тиккелей ҳәм тиккелей емес мәжбүрлеў.
- 7. 2020-жылда мүддети тамамланатуғын барлық лицензиялаў ҳәм руқсат етиў қәсийетине ийе ҳүжжетлердиң әмел етиў мүддети 2021-жыл 1-январьға шекем создырылсын ҳәм олардың мүддети өтип кеткен мүнәсибети менен жуўапкершиликке тартыў ҳәм басқа да илажлардың қолланылыўы қадаған етилсин.
- 8. Жумыстың лицензияланатуғын түри менен шуғылланатуғын және Өзбекстан Республикасы Президенти ямаса Министрлер Кабинетиниң қарарлары менен шөлкемлестирилген мәмлекетлик унитар кәрханалар ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлердиң тийисли лицензияны алмай жумысын әмелге асырыў ҳуқықы 2021-жыл 1-январьдан бийкар етилсин.
- 9. Әдиллик министрилиги Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте 2021-жыл 1-январьға шекем лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабар етиў тәртип-қағыйдалары менен барлық процесслерди қамтып алған уйымлараралық электрон өз-ара бирге ислесиў имканиятына ийе және арнаўлы мобиль қосымшасы бар болған «Лицензия» мәлимлеме системасының ислеп шығылыўын ҳәм иске қосылыўын тәмийинлесин.
Бунда, «Лицензия» мәлимлеме системасы төмендеги имканиятларға ийе болатуғыны нәзерде тутылсын:
а) лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдаларынан өтиў бағдарында:
лицензиялаў ҳәм руқсат етиў қәсийетине ийе ҳүжжетлерди алыў ямаса әмел етиў мүддетин создырыў ушын арза ҳәм оған қосымша етилетуғын ҳүжжетлерди тапсырыў, 14 – код (матрицалық штрихлы код) қойылған электрон лицензиялаў ҳәм руқсат етиў қәсийетине ийе ҳүжжетлерди алыў;
ўәкилликли уйымлар тәрепинен арзаларды көрип шығыў және лицензиялаў ҳәм руқсат етиў характерине ийе ҳүжжетлерди бериў ямаса бериўден бас тартыў ҳаққында қарарлар қабыл етиў;
жумысты баслағаны ямаса тамамлағаны ҳаққында ўәкилликли уйымды хабардар етиў ушын хабарнамалар жибериў ҳәм хабарнама қабыл етилгени ҳаққында тастыйықлаўлар алыў;
арзаны көрип шығыў ушын мәмлекетлик бажы, жыйым ҳәм барлық түрдеги төлемлерди Бирден-бир биллинг системасы арқалы электрон төлеў;
лицензиялаў ҳәм руқсат етиў харакетерине ийе ҳүжжетлерди қайта рәсмийлестириў, олардың әмел етиўин тоқтатып турыў ҳәм бийкар етиў ҳаққындағы арзаларды қабыл етиў ҳәм көрип шғыў;
б) лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдаларын әмелге асырыўда ўәкилликли уйымлардың өз-ара бирге ислесиўи бағдарында:
басқа ўәкиллик уйымлардан қосымша ҳүжжет ҳәм мағлыўматларды алыў және олар менен келисиўди «бир айна» принципи тийкарында исбилерменлик субъектиниң қатнасыўысыз еркин түрде әмелге асырыў;
берилген лицензиялаў ҳәм руқсат етиў характерине ийе ҳүжжетлердиң және хабарнама жибериген исбилерменлик субъектлериниң автоматластырылған реестрлерин жүргизиў;
лицензиялаў ҳәм руқсат етиў характерине ийе ҳүжжетлерге және хабарнамаларға байланыслы мағлыўматларды тийисли уйымлардың мағлыўматлар базасы арқалы автоматикалық түрде тексериў;
в) лицензиялаў ҳәм руқсат етиў характерине ийе ҳүжжетлер және хабарнамаларға тийисли болған талап ҳәм шәртлердиң орынланыўын мониторинг етиў бойынша:
лицензиялаў ҳәм руқсат етиў характерине ийе ҳүжжетлер және хабарнамаларға байланыслы талап ҳәм шәртлерге әмел етилиўи үстинен ўәкилликли уымлар тәрепинен аралықтан қадағалаўды әмелге асырыў;
мәмлекетлик хызмет көрсетилиўдиң ҳәр бир басқышында мүрәжатлердиң көрип шығылыўын бақлап барыў;
лицензиялаў ҳәм руқсат етиў характерине ийе ҳүжжетлер және хабарнамалар менен байланыслы ҳәрекетлер, соның ишинде, бийкар етиў ҳәм тоқтатып турыў бойынша ўәкилликли уйымлар тәрепинен суд ҳәм басқа уйымларға мүрәжат етиў;
арзаларды көрип шығыў лицензиялаў ҳәм руқсат етиў характерине ийе ҳүжжетти бериў ямаса бериўден бас тартыў, оның әмел етиўин тоқтатып турыў ҳаққындағы қарарлар үстинен жәмийетлик қадағалаўын енгизиў, сондай-ақ, тийисли жумыс пенен лицензиясыз ямаса басқа руқсат етиў қәсийетине ийе ҳүжжетсиз ямаса хабарнама жибермей шуғылланыў және белгиленген талап ҳәм шәртлерди бузыў жағдайлары ҳаққында тиккелей жайласыў орнын көрсеткен ҳалда мағлыўмат бериў;
ўәкилликли уйымлардың автоматикалық қәлиплестирилетуғын рейтингин жүргизиў;
ўәкилликли уйымлар тәрепинен берилген лицензиялаў ҳәм руқсат етиў характерине ийе ҳүжжетлердиң және хабардар етиў тәртибинде әмелге асырылатуғын жумыслардың сыпатынан келип шығып, физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң жумысы (ҳәрекети) даўамында қадағалаўдың анық өлшемлерин белгилеген ҳалда «қәўипти таллаў» системасын енгизиў.
- 10. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық 2021-жыл 1-январьдан баслап:
лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары басқышпа-басқыш толық электрон түрде «Лицензия» мәлимлеме системасы арқалы әмелге асырылады, буннан тысқары экономикалық жумыс субъектлерине «Бир айна» бажыхана мәлимлеме системасынан пайдаланған ҳалда берилетуғын руқсат етиў характерине ийе ҳүжжетлер және мәмлекетлик сыр ҳәм нызамшылыққа муўапық пайдаланыў шекленген мағлыўматларды өз ишине алған тәртип-қағыйдалар буған кирмейди;
лицензиялаў ҳәм руқсат етиў характерине ийе ҳүжжетлерди алыў және ўәкилликли уйымды хабардар етиў ҳаққындағы арзалар ҳәм оларға қосымша етилген ҳүжжетлер электрон түрде Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталынан пайдаланған ҳалда Интернет тармағы арқалы қабыл етиледи;
барлық түрдеги лицензиялаў ҳәм руқсат етиў характерине ийе ҳүжжетлер және хабарнама қабыл етилгени ҳәм реестрге киргизгени ҳаққында хат олардың ҳақыйқыйлығын онлайн тексериў имканиятын беретуғын 14 -код (матрицалық штрихлы код) қойылған ҳалда рәсмийлестириледи ҳәм оларды арнаўлы бланкаларда бериў тәртиби бийкар етиледи, соннан халықаралық шәртнамаларға муўапық арнаўлы қағаз бланкаларында рәсмийлестирилиўин талап ететуғын ҳүжжетлер буған кирмейди;
басқа ўәкилликли уйымлардан қосымша ҳүжжетлерди алыў ямаса олар менен келисиў тийкарғы ўәкилликли уйым тәрепинен исбилерменлик субъектиниң қатнасысыз «Лицензия» мәлимлеме системасы арқалы еркин түрде, соның ишинде, жуўап бериўди талап етпейтуғын, тиккелей мағлыўмат алыўға имканият беретуғын интеграцияласқан платформаға жалғаныў арқалы әмелге асырылады. Белгиленген мүддетлерде басқа ўәкилликли уйымлар тәрепинен жуўап берилмегенде қосымша ҳүжжетлер алынған ямаса олар менен келисилген болып есапланады, онда усы ўәкилликли уйымлар жүзеген келиўи мүмкин болған барлық ақыбетлер ушын жуўапкер болады;
тийисли жумыс пенен лицензиясыз ямаса руқсат етиў характерине ийе ҳүжжетсиз ямаса хабарнама жибермей шуғылланыў және белгиленген талап ҳәм шәртлерди бузыў жағдайлары менен байланыслы, сондай-ақ, ўәкилликли уйымлар тәрепинен арзаларды көрип шығыў, лицензиялаў ямаса руқсат етиў характерине ийе ҳүжжетти бериў ямаса бериўден бас тартыў және оның әмел етиўин тоқтатып турыў менен байланыслы нызам бузылыўларын анықлап, бул ҳаққында ўәкилликли уйымларға хабар берген физикалық тәреплер ҳуқықбузарлық өз тастыйығын тапқанда өндирилген жәрийманың 10 проценти муғдарындағы ақшалай сыйлық пенен хошаметленеди;
ўәкилликли уйылардың басламасы менен лицензиялаў ҳәм руқсат етиў характерине ийе ҳүжжетлерди сапластырыў ҳәм бийкар етиў тек ғана суд тәртибинде әмелге асырылады, оннан лицензиаттың лицензия бергени ушын мәмлекетлик бажыны төлеменген жағдайлар буған кирмейди;
лицензия талабаны белгили бир тараўда лицензияланатуғын жумысты әмелге асырыў ҳуқықы беретуғын лицензияға ийе бола турып, мине усы тараўдағы өз алдына жумыс түрине лицензия бериў ҳаққында арза менен мүрәжат етсе, оның тәрепинен лицензияланатуғын уйымға тек ғана қосымша лицензия талаплары ҳәм шәртлерин қанаатландыратуғын мағлыўматлар усынылады;
жумысты баслағаны ҳаққында ўәкилликли уйымды хабардар етиўде базалық есаплаў муғдарының 50 процентке шекем жыйым өндириледи, буннан қурылыс-монтажлаў жумысларын ҳәм алкоголь өнимлери менен усақлап сатыў саўдасын баслағаны ҳаққындағы хабарнамалар буған кирмейди.
- 11. «Лицензия» мәлимлеме системасы мәмлекетлик хызметлер агентлиги, БМШның Раўажланыў бағдарламасы ҳәм Европа Аўқамының «Өзбекстанның аўыллық аймақларында мәмлекетлик хызметлер көрсетиўди жетилистириў ҳәм жергиликли басқарыў дәрежесин арттырыў» бирликтеги жойбарының грант қаржларын тартқан ҳалда ашық тендер тийкарында ислеп шығылатуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.
«Лицензия» мәлимлеме системасының ислеп шығылыўына байланыслы мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен лицензиялаў. руқсат бериў ҳәм хабар етиў тәртип-қағыйдаларын және олардың талап ҳәм шәртлериниң қадағалаўын әмелге асырыў бағдарындағы барлық электрон бағдарламалардың ислеп шығылыўы тоқтатылсын, онда усы бағдарламаларды ислеп шығыў Әдиллик министрлиги және Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигиниң унамлы жуўмағына муўапық даўам еттирилиўи мүмкин.
Ислеп шығарылыўы тоқтатылатуғын бағдарламалар ушын мөлшерленген қаржылар «Лицензия» мәлимлеме системасының ислеўи ушын зәрүр болған уйымлық инфраструктура ҳәм электрон базаларды жаратыўға бағдарлансын.
- 12. Мәмлекелик хызметлер агентлиги «Лицензия» мәлимлеме системасын жүргизиў бойынша ўәкилликли уйым етип белгиленсин және оған лицензиялаў, руқсат етиў характерине ийе ҳүжжетлерди бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдаларының мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкемлер тәрепинен әмел етилиўи үстинен мониторингти әмелге асырыў ўәкиллиги берилсин.
- 13. «Лицензия» мәлимлеме системасын жетилистириў және оның мәмлекетлик уйымлардың уйымлық мәлимлеме системалары ҳәм мағлыўматлар базалары менен интеграцияласыўын шөлкемлестириў бойынша жумыслар Мәмлекетлик хызметлер агентлигиниң бюджеттен тысқары қорының қаржылары ҳәм нызамшылықта қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан әмелге асырылсын.
«Лицензия» мәлимлеме системасы электрон ҳүкимет системасының ажыралмас бөлеги екенлиги инабатқа алынсын ҳәм келешекте техникалық – қоллап-қуўатлаў бойынша жуўапкер уйым етип Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги белгиленсин.
Әдиллик министрлиги «Лицензия» мәлимлеме системасы мәлимлеме системасы толық иске қосылғаннан соң еки ай мүддетте оны орнатылған тәртипте Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигиниң қарамағына еркин түрде өткерип берсин.
- 14. Ҳәр бир лицензиялаў, руқсат бериў және хабардар етиў тәртип-қағыйдасы оның әмел етиўи нәтийжесинде ерисилген мақсетлерди, социаллық-экономикалық, инновациялық ҳәм технологиялық раўажланыўдың ҳәзирги жағдайын, сондай-ақ, исбилерменлик субъектлериниң қәрежетлерин баҳалаған ҳалда кеминде ҳәр бес жылда қайта көрип шығылатуғыны;
нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарында жаңа түрдеги лицензияланатуғын жумыс бағдары ямаса руқсат етиў характерине ийе ҳүжжетти ямаса жумысты баслаўдың хабардар етиў тәртибин енгизиў нәзерде тутылып атырғанда усы тәртип-қағыйданың тәртипке салыў тәсирин баҳалаў мәжбүрий болып есапланатуғыны;
жаңа түрдеги лицензиялар, руқсат етиў қәсийетине ийе ҳүжжетлер ҳәм жумысты баслаўдың хабардар етиў тәртибин енгизиўди және оларды тәртипке салыў түрлерин өзгертиўди нәзерде тутатуғын нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбары Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмабағаллықты қысқартыў министрлиги және Монополияға қарсы гүресиў бойынша комитеттиң унамлы шешимлери бар болғанда ғана, сондай-ақ, Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил ҳәм Саўда-санаат палатасы менен келисилген ҳалда Әдилилк министрлигине киргизилетуғыны белгилеп қойылсын.
- 15. Әдиллик министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқарттырыў министрлиги, Мәмлекетлик салық комитети, Саўда-санаат палатасы исбилерменлик субъектлерин қамтыған ҳалда лицензиялаў ҳәм руқсат бериў тәртип-қағыйдаларын комплексли ҳәм системалы реформа етиўдиң екинши басқышын әмелге асырыў ушын:
а) үш ай мүддетте «Жумысының айырым түрлерин лицензиялаў ҳаққында»ғы ҳәм «Исбилерменлик жумысы тараўындағы руқсат бериў тәртип-қағыйдалары ҳаққында»ғы нызамларды бирлестириў жолы менен төмендегилерди нәзерде тутыўшы бир тутас нызам жойбарлары Министрлер Кабинетине киргизсин:
лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдаларынан өтиўдиң бирден-бир ҳәм ашық-айдынлық тәртибин орнатыў;
лицензия ҳәм руқсат етиў характерлерине ийе ҳүжжетлерди рәсмийлестиретуғын, келисетуғын және хабарнамаларды қабыл ететуғын ўәкилликли уйымлар ҳәм шөлкемлердиң ўәкилликлерин белгилеў;
лицензиялаў ҳәм руқсат бериў тәртип-қағыйдаларынан өтиў процесинде ўәкилликли уйым ҳәм шөлкемлер менен өз-ара мүнәсибетте болатуғын физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң ҳуқық ҳәм мәплерин қорғаўдың бирден-бир системасын енгизиў;
лицензияланатуғын жумыс түрлери, исбилерменлик жумысы тарўындағы руқсат етиў характерлерине ийе ҳүжжетлер, сондай-ақ, ўәкилликли уйымларды хабардар етиў тәртибинде әмелге асырылатуғын жумыс ҳәм ҳәрекетлер дизимин тастыйықлаў;
лицензия шәртнамасын рәсмийлестириў әмелиятын бийкарлаған жағдайда, лицензия талап ҳәм шәртлерин нызам ҳүжжетлеринде белгилеў;
юридикалық тәреплердиң филиал ҳәм ўәкилханалары тәрепинен лицензияланатуғын, руқсатнама алыў ямаса хабардар етиў талап етилетуғын жумыс түрлерин әмелге асырыў тәртибин анықлаў;
лицензияны шақырып алыў тәртибин ҳәм усы тәртипке тийкарланып шақырып алыныўы мүмкин болған жумыс түрлерин анық белгилеў;
«қәўипти таллаў» системасын енгизиў арқалы лицензия ҳәм руқсат бериўге байланыслы талап ҳәм шәртлерге әмел етиў жағдайды қадағалап барыў;
б) 2021-жыл 1-февральға шекем Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил, Монополияға қарсы гүресиў комитети ҳәм ўәкилликли уйымлар менен биргеликте лицензиялаў ҳәм руқсат бериў тәртип-қағыйдалары тараўындағы нызам ҳүжжетлерин системаластырыў мақсетинде олардың паспортларын ислеп шығыў ҳәм кодификациялаў бойынша нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
- 16. Әдилик министрлиги Министрлер Кабинетине төмендегилерди киргизсин:
Бас прокуратура менен биргеликте үш ай мүддетте юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң лицензия ямаса руқсат етиў характерине ийе ҳүжжетлер алыныўы және хабардар етилиўи шәрт болған жумыс пенен лицензиясыз яки руқсатнамасыз ямаса хабарнама жиберместен шуғылланғанлығы, сондай-ақ, хабардар етиў тәртибинде жумыс ислеў ушын белгиленген талап ҳәм шәртлердиң орынланғаны бойынша жуўапкер уйымға жалған ямаса надурыс мағлыўматлар бергени ушын жуўапкершиликти белгилеўши нызам жойбарларын;
2020-жылдың 1-декабрьине шекем тийисли ҳуқықбузарлық жағдайларын анықлап, тийисли ўәкилликли уйымларға хабар жиберген физикалық шахсларды хошаметлеў тәртибин;
мәпдар министрлик ҳәм басқармалар менен биргеликте үш ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине бул Пәрманнан келип шығатуғын өзгерис ҳәм қосымшалар ҳаққындағы усынысларды.
- 17. Усы Пәрманда белгиленген илажлардың нәтийжели ҳәм өз ўақтында әмелге асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде:
а) Бас министр орынбасары Ж.Қўчқоров айырым түрдеги лицензиялаў ҳәм руқсат бериў тәртип-қағыйдалары орнына хабардар етиў тәртиби енгизилиўине байланыслы нызам қабыл етилгеннен кейин хабардар етиў тәртиби бойынша нызамлар қысқа мүддетлерде тастыйықлаўын тәмийинлесин;
б) Әдиллик министрлиги (Давлетов):
ўәкилликли уйымлар менен үзликсиз ҳәм онлайн видеобайланыс системасы арқалы ушырасыўлар шөлкемлестириў графигин тастыйықласын;
тастыйықланған графике тийкарланып ўәкилликти уйымларға бул Пәрманда нәзерде тутылған тәртиплерди ҳәм «Лицензия» мәлимлеме системасының ислеў процеслерин түсиндирип барсын;
ўәкилликли уйымларға тийисли жойбарларды таярлаўда әмелий жәрдем көрсетсин;
в) Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги (Садиков):
Әдиллик министрлиги менен биргеликте лицензиялаў ҳәм руқсат етиў характерлерине ийе ҳүжжетлерди усынатуғын ҳәм келисиў процесинде қатнасатуғын барлық мәмлекетлик уйымлар мәлимлеме системасының «Лицензия» мәлимлеме системасы менен интеграцияластырыўды тәмийинлеў илажларын көрсин;
«Лицензия» мәлимлеме системасының үзликсиз ислеўин тәмийинлесин және Мәмлекетлик хызметлер агентлиги тәрепинен «Лицензия» мәлимлеме системасы жумысындағы қәте ҳәм кемшиликлер анықланғанында Агентлик талапнамасына тийкарланып оларды үш күнде шешип барылыўы тәмийинленсин;
г) ўәкилликли уйымлар:
еки ай мүддетте «Лицензия» мәлимлеме системасына жалғаныў ҳәм өзлериниң электрон системасын интеграция етиў, тийисли инфраструктураны жарытыў және өз электрон базаларын қәлиплестириў илажларын көрсин;
әмелдеги жумыстың айырым түрлерин лицензиялаў ҳәм руқсат бериў тәртип-қағыйдалардан өтиў тәртиби және хабардар етиў тәртиби ҳаққындағы режелерди өз ўақтында ҳәм сапалы ислеп шықсын;
усы Пәрман қабыл етилгенге шекем Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Ҳүкимети қарарлары менен шөлкемлестирилген ҳәм лицензияланатуғын жумыс пенен шуғылланатуғын шөлкемлерге олардың мүрәжатларына тийкарланып белгиленген тәртипте лицензиялар берилиўи тәмийинленсин;
д) Бас прокуратура (Йўлдошев):
Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги, Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил менен биргеликте лицензиялаў, руқсат етиў характерине ийе ҳүжжетлерди бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалар тараўындағы нызамшылық орынланыўы бойынша системалы қадағалаў орнатсын;
белгиленген мүддетлерге бойсынбаў ақыбетинде автоматикалық тәризде лицензия ҳәм руқсат етиў характерине ийе ҳүжжетлер, соның ишинде, оларды мәкемелераралық келисимде унамлы жуўмақлар берилиўине алып келинген себеп ҳәм шараятларды таллаў, коррупциялық жағдайлар бойынша келисиўдиң алдын алыў илажларын көрсин;
е) Монополияға қарсы гүресиў комитети (Шарипов) лицензиялаў, руқсат етиў характерине ийе ҳүжжет бериў ҳәм хабардар етиў процесинде тийкарсыз бийкарлаў ямаса ҳәрекетсизлик арқалы базарларда жаңа хожалық жүргизиўши субъектлердиң кириўине (жумыс алып барыўына) тосық қойыў жолы менен бәсеки шеклениўиниң алдын алыў, руқсат етиў тәртип-қағыйдалары ушын мәмлекетлик бажы ҳәм жыйымлар муғдары қәлиплесиўиниң тийкарлылығын қадағаласын;
ж) Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкил (Касимов) ўәкилликли уйымлар тәрепинен лицензия ҳәм руқсат етиў характерлерине ийе ҳүжжет бар болған субъектлер жумысында өткерилетуғын тексериўлер лицензия ҳәм руқсат етиў характерине ийе ҳүжжет талаплары шеңберинде әмелге асырылыўы бойынша қадағалаў алып барсын;
з) Мәлимлеме ҳәм ғалабалық коммуникациялар агентлиги (Ходжаев) Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомппаниясы менен биргеликте ғалаба хабар қураллары, жергиликли ҳәм сырт ел экспертлери және пуқаралық жәмийети институтларын қамтып алған ҳалда бул Пәрманда белгиленген илажлар халық арасында кеңнен сәўлелендирип барыў илажларын көрсин.
- 18. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясының баслығы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.
Өзбекстан Республикасы
Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ
Ташкент қаласы,
2020-жылы 24-август