Өзбекстан Республикасының Президенти Шавкат Мирзиёев 21-август күни Ташкент қаласының Бектемир районында әмелге асырылып атырған жумыслар, санаат кәрханаларының жумысы менен танысты.
Пандемия себепли ўақытша тоқтап қалған кәрханалар өз жумысын тиклей баслады. Бирақ олар және толық қуўатлылыққа шығыўы ушын ўақыт ҳәм хошамет зәрүр. Президент Шавкат Мирзиёевтың бир қатар пәрманлары ҳәм видеоселектор мәжилислеринде бул бағдарда анық ўазыйпалар белгиленип, избе-из әмелге асырылмақта.
Президент дәслеп «Бектемир металл констуркциялары» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң металлды қайта ислеў заводына барды.
Жойбардың улыўма баҳасы 48 миллион доллар болып, 2018-жылы иске қосылған. Кәрхана жылына 65 мың тонна цинкленген металл, 1 600 километр жол тосықлары, 130 мың тонна кепсерленген қубыр ҳәм 17 мың жақтыландырыў үстинин ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе.
Металл конструкцияларын ыссы температурада цинклеў Италияның Bisol S.p.A. үскенесинде, халықаралық нормалар ҳәм сапа стандартлары дәрежесинде әмелге асырылмақта. Бундай өнимлер шыдамлылығы, көркемлилиги ҳәм орнатыў процессинде қолайлылығы менен абзал. Сондай-ақ, бул жерде Қытай, Қубла Кореядан келтирилген заманагөй технологиялар орнатылған.
Бүгинги күнде бул кәрханада ислеп шығарылған металл конструкцияларынан Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятларда кеңнен пайдаланылмақта.
Кәрханада жәми 375 инженер ҳәм жумысшы мийнет етпекте.
Президентимиз өндирис процессин көзден өткерип, жуўапкерлерге қосымша көрсетпелер берди.
– Бул технологиялар да, өнимлер де жақсы. Бирақ бәрқулла раўажланыўды ойлаў керек. Арзан, қәўипсиз ҳәм сапалы конструкциялар ислеп шығарып, кәрхананың қурылыс индустриясындағы орнын кеңейтиў зәрүр. Өним қашан арзан болады? Шараят жаратсақ,-деди Шавкат Мирзиёев.
Буған ерисиў ушын жойбарлаўшы топар дүзиў, Европа еллери, атап айтқанда, Германия тәжирийбеси тийкарында кәрхананы санаат кластерине айландырыў зәрүрлиги атап өтилди.
Маман қәнигелер таярлаў бойынша тапсырмалар берилди.
Буннан соң Президент районындағы «Бинокор» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң өндирис майданына барды.
Мәмлекетимиз басшысының районға дәслепки сапары даўамында бул кәрхана жумысы ҳаққында презентация өткерилген еди. Улыўма баҳасы 50 миллион доллардан аслам болған жойбардың дәслепки басқышы 2018-жылы иске қосылған. Бүгинги күнде екинши басқышы жумыс баслаў алдында.
Буның ушын жаңа комплекске Германияның «Vollert», «Würschum», Италияның «Maema», «Schnell», «AWM», Россияның «Точная Строительная Механика», «Грузподъем», Польшаның «Airpol» ҳәм Испанияның «Azcona Y Pantoja SL» компаниялары менен биргеликте заманагөй технологиялар әсбап-үскенелер келтирип орнатылған. Усы орында еслеп өтиў орынлы, алдынғы жигирма жылда көп қабатлы турақ жайлар қурыў тәжирийбеси жоқ болыў жағдайына келип қалған еди. Оған қәнигелескен автокранлар да, қәнигелер де жетиспейтуғын еди. Кейинги үш жылда бир ғана Сергели районында 460 көп қабатлы турақ жай қурылды. Елимиз бойлап бундай дөретиўшилик жумыслар жедел даўам етпекте.
«Бинокор» кәрханасында таярланып атырған темир-бетон панеллер көп қабатлы турақ жайлар ҳәм басқа имаратлар қурыўда қолланылмақта. Ҳәзирге шекем бул жерде 1 мың 200 ден аслам инженер ҳәм қәнигелер ислеп жылына 150 мың квадрат метр өним ислеп шығарып атырған еди. Кәрхана толық қуўатлылыққа шыққаннан соң, жылына және 180 мың квадрат метр қурылыс панели таярланып, қосымша 670 жумыс орны жаратылады.
Президент кәрхананың жумысы менен танысып, жуўапкершилиги шекленген жәмийеттиң материаллық-техникалық базасынан пайдаланып, бул жерде оқыў-әмелият комбинатын шөлкемлестириў бойынша көрсетпе берди.
– Елимизде үлкен-үлкен қурылыслар болып атыр, және режелер көп. Жасларға заманагөй қурылыс технологиялары бойынша жетерли тәжирийбе берсек, дәраматлары да еки-үш есеге артады, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Бул жерде 2020-2022-жылда Ташкент қаласы және Бектемир районында әмелге асырылатуғын экспорт ҳәм инвестициялық жойбарлар бойынша мағлыўмат берилди.
Президент Шавкат Мирзиёев Бектемир районындағы «Prof-Milk» қоспа кәрханасының жумысы менен танысты.
Елимизде шарўашылық пенен бирге гөш ҳәм сүтти қайта ислеў тармағы комплекси раўажландырылмақта. Атап айтқанда, бүгинги күнде сүтти қайта ислейтуғын 600 ден аслам кәрхана жумыс ислемекте. Оларда таярланып атырған ең жақсы өнимлер елимиз дәстүрханынан орын алды, сырт елге де экспорт етилип атыр.
«Prof-Milk» қоспа кәрханасы усы айда иске қосылды. Жойбар баҳасы 3 миллион доллар болған бул комплекс Швейцарияның «Tanotrade» компаниясы ҳәм «Toshelektroapparat» жеке меншик кәрханасы менен биргеликте заманагөй технологиялар менен тәмийинленди. Бул жерде 50 адам жумыс пенен бәнт.
Кәрханада жылына 1,5 тонна өним, сырдың 10 ға шамалас түри ислеп шығарылады. Усы жылы болса еритилген сыр бул қатарды толтыратуғыны режелестирилген.
Президентимиз өндирис процессин көзден өткерди. Кәрхананы турақлы шийки зат пенен тәмийинлеў, өнимлердиң түрин көбейтип, жаңа базарларды өзлестириў бойынша көрсетпелер берилди.
Бул жерде «BARTEC TRADE» компаниясы тәрепинен импорт орнын басатуғын аўысық бөлеклерди ислеп шығарыў жойбары ҳаққында мағлыўмат берилди.
Мәмлекетимиз басшысы Бектемир районындағы «Metal Processing» жуўапкершилиги шекленген жәмийетте таярланып атырған өнимлерди көзден өткерди.
Улыўма баҳасы дерлик 34 миллиард сум болған бул жойбар санаатты локализациялаў, импорт орнын толтырыўда жүдә үлкен әҳмийетке ийе. Себеби тоқымашылық технологиялары ҳәр бес жылда өзгерип турады. Буннан тысқары, деталлары гөнереди ямаса бузылады. Бурын әпиўайы бөлеклер де сырт елден алынып келинетуғын еди.
«Metal Processing» ЖШЖда тоқымашалық кәрханаларының буйыртпасы тийкарында үскенелер ушын қаплама ҳәм аўысық бөлеклер ислеп шығарылмақта. Бүгинги күнде елимиздеги 12 ири тоқымашалық комплекси менен бирге ислесиў орнатылған.
– Узақ жыллар даўамында жағдай мине усындай еди. Машақат пенен жетистирген пахтамыздан пайданы басқалар көретуғын еди. Кейинги ўақытларда оның елимизде қайта ислеў дәрежеси кескин артты. Тоқымашылық кластерлери пайда болды. Олардың тийкары – пахтаны қайта ислеў. Буның ушын болса алдынғы техникалар, сервислер керек, – деди Шавкат Мирзиёев.
Кәрханада 85 қәниге жумыс алып барады. Швейцарияның «SkillSonics International AG» компаниясы менен бирге ислесиў тийкарында металлды қайта ислейтуғын дүнья стандартларынан пайдаланып келинбекте.
– Бундай кәрханалардың «жүреги» – қәниге, конструкторлар. Тилекке қарсы, бизде көп заводлардың бундай «жүреги» жоқ. Ақыллы қәнигелерди таўып қоллап-қуўатласақ, локализациялаўға үлкен үлес қосады, – деп атап өтти Президент.
Бул жерде Ташкент тоқымашалық ҳәм жеңил санаат институты кафедраларының бөлимин ашып, әмелиятты кеңейтиў зәрүрлиги атап өтилди. Кооперация тийкарында буйыртпаны көбейтиў, кәрхана рентабельлигин арттырыў бойынша көрсетпелер берилди.
Мәмлекетимиз басшысы, сондай-ақ, Бектемир районындағы «Cooperation LAB» тармақлараралық кооперацияны раўажландырыў орайына барды.
«UzAuto Motors», «СамАвто», «JV MAN Auto – Uzbekistan», «General Motors Powertrain Uzbekistan» сыяқлы кәрханаларда заманагөй автотранспорт ҳәм комплектлеўши бөлеклер ислеп шығарылады. Соның менен бирге, көплеген аўысық бөлеклер сырт елден алып келинбекте. Базар конъюнктурасы ҳәм санаат кәрханаларындағы талапты таллаў тийкарында жаңадан аўысық бөлеклерди өзлестириў илажлары көрилмекте.
«Өзавтосанаат» акционерлик компаниясының басламасы менен Бектемир районында «Cooperation LAB» тармақлараралық кооперацияны раўажландырыў орайы усы мақсетте шөлкемлестирилген.
Жойбар баҳасы 2 миллион доллар болған бул орында 50 адам жумыс пенен тәмийинленген орай идеядан сатыў орнына шекем принципи тийкарында автомобиль қурылысы тараўында тармақларарлық кооперацияны раўажландырыў, импортты азайтыў ҳәм локализациялаў дәрежесин арттырыўға мөлшерленген.
Аймақтағы турақлы ислейтуғын көргизбе павильонында «Өзавтосанаат» ҳәм басқа компаниялар тәрепинен мәмлекет автобазарына импорт етилип атырған комплектлеўши деталлар, шийки зат ҳәм материаллар көрсетиледи. Олар Өзбекстан аймағында, атап айтқанда бар кәрханаларда өндирис көлемлерин ҳәм прогнозлы бағдарларын көрсетиў ҳәм импорт өнимлерди локализациялаў ушын усынылады. Елимиздеги шийки зат ҳәм өндирис ресурсларынан кеңнен пайдаланыў бәсекиге шыдамлы өнимлер таярлаў ҳәм комплектлеўши бөлеклердиң импортын қысқартыўға хызмет етеди.
Мәмлекетимиз басшысы орайдың кооперация байланысларына тийисли презентациялар менен танысты. Маман конструкутор ҳәм илимпазларды тартып, жаңа техникаларды өзлестириў ҳәм буйыртпа тийкарында жеткерип бериў зәрүрлиги атап өтилди.
Машина қурылысы ҳәм электротехника тараўында кооперацияны кеңейтиўде жаңадан ашылған «Cooperation LAB» орайы үлкен потенциалға ийе. Бул орай исбилерменлерге «Идеядан – таяр өнимге шекем» инжиниринг, техникалық шешимлер ҳәм базар табыў имканиятын береди.
Бул жерде ўәлаят ҳәкимлерине исбилерменлердиң топарларын қәлиплестирип, орай менен бирге санаат кооперациясындағы жаңа жойбарлаў усынысларын ислеп шығыў тапсырмасы берилди.
Орайда ислеп шығылған усынысларды «жойбарлар фабрикасы» арқалы қаржыландырыў ушын коммерциялық банклер менен бирге ислесиўди орнатыў керек екенлиги атап өтилди.
Шавкат Мирзиёев «Cooperation LAB» орайының өзинде аймақларда санаат кооперациясы ҳәм локализациялаўды кеңейтиў мәселеси бойынша мәжилис өткерди.
Ҳәзирги күнде елимиз санаатында локализацияластырылған өним көлеми тек ғана 4 процентти қурамақта. Сонлықтан жергиликли ислеп шығарыўшыларды қоллап-қуўатлаўға байланыслы Президент қарары қабыл етилди. Оған муўапық, енди мәмлекетлик сатып алыўларда елимизде таярланған өнимлерге үстинлик берилип, өндирис және де хошаметленеди. Атап айтқанда, тендерде екеўден көп өзбекстанлы ислеп шығарыўшы бар болғанда, тек ғана олардың өними қатнасады. Сондай-ақ, жергиликли өнимлерге импорт товарларға қарағанда 15 процентлик баҳа преференциясы бериледи. Буннан былай бюджет есабынан әмелге асырылатуғын барлық сатып алыўларда жергиликли ҳәкимият ўәкиллери тиккелей қатнасады.
Мәжилисте бундай имканиятларды иске қосып, локализация ҳәм кооперацияны раўажландырыў мәселелери додаланды.
Мәселен, автомобиль санаатында импорт етилип атырған 1 мың 712 түрдеги комплектлеўши бөлеклерди елимизде ислеп шығарып, валюта қәрежетлерин кеминде 150 миллион долларға азайтыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди. Бул өнимлерди өзлестиретуғын аймақлық кәрханаларды анықлап. оларға жоқары қосымша қун жаратыў ўазыйпасы қойылды. Автомобильлердиң өзине түсер баҳасын азайтып, базарда бәсекиге шыдамлылығын арттырыў зәрүрлиги атап өтилди.
Аўыл хожалығы ушын киши механизация, үскене ҳәм аўысық бөлеклер ислеп шығарыў ушын талап та, имканиятлар да жетерли. Мәселен, Бухара, Қашқадәрья, Самарқанд, Сырдәрья, Ферғана ўәлаятларындағы толық қуўатлылықта ислемейтуғын кәрханалар ҳәм сервис базаларында 120 дан аслам түрдеги аўысық бөлеклерди ислеп шығарыў мүмкин. Сондай-ақ, аўыл хожалығы техникаларына сапалы хызмет көрсететуғын жеке меншик сервис кәрханаларын шөлкемлестириў ҳәм бул тараўда қәниге таярлаў керек екенлиги атап өтилди.
Электр техникасы, автомобиль санааты ҳәм аўыл хожалығы арасында кооперация байланысларын тереңлестириў мәселелери талланып, тийисли ўазыйпалар белгиленди.
– Тармақлар ҳәм аймақлар арасында өз-ара кооперация болмас екен, қосымша қун шынжырын ҳәм жаңа индустриялық раўажланыўды көз алдыңызға келтирип те болмайды, – деп атап өтти Шавкат Мирзиёев.
Мәжилисте тармақ басшылары ҳәм ўәлаят ҳәкимлери есап берди.
Президент Бектемир районының белсендилери менен ушырасты.
Бектемир районы Ташкент қаласы санаатының 10 процентин тәмийинлейди. Усы жылдың өткен дәўиринде бул жерде санаат өними 9 процентке, хызмет көрсетиў 8 процентке, экспорт 11 процентке өскен.
Ушырасыў районда жаңа «өсиў ноқатлары»н табыў ҳәм халықтың турмысын жақсылаў бағдарындағы режелер айтып өтилди.
Мәселен, Бектемир районына Ташкент ўәлаятының Орташыршық ҳәм Жоқарышыршық районларынан жәми 1 мың 639 гектар жер өткериледи. Нәтийжеде район аймағы 3 мың 472 гектарға жетеди. Буның есабынан жаңа санаат ҳәм хызмет көрсетиў объектлерин қурыў, мыңлаған жумыс орынларын ашыў имканияты жаратылады.
Жақын үш жылда районда улыўма баҳасы 3,3 триллион сумлық 61 инвестициялық жойбарды әмелге асырыў режелестирилген. Атап айтқанда, усы жылы 52 сондай жойбар иске қосылып 2 мың 700 ден аслам жаңа жумыс орнының жаратылыўы мөлшерленген.
Районда жумыссызлық дәрежеси 3,3 процент, атап айтқанда, ҳаял-қызлар арасында 1,7 процент, жаслар арасында 1,5 процент екени атап өтилди. Мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң жетиспейтуғыны, бир қатар мәҳәллелерде ишки жоллар жағдайының жаман екенлиги, коммуналлық системаларда да кемшиликлердиң бар екенлиги көрсетип өтилди.
Жаслар ҳәм ҳаял-қызлар бәнтлигин арттырыў, кәмбағаллықты азайтыў, турақ жайға мүтәж шаңарақларға турақ жай ажыратыў бойынша көрсетпелер берилди. Хызмет көрсетиў тараўын кескин раўажландырыў, жаңа социаллық объектлерди қурыў, коммуналлық тармақларды қурыў ҳәм оңлаў, турақ жай қорын гүз-қыс мәўсимине таярлаў мәселелерин тоқтап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы мәҳәлле баслықлары, жаслар жетекшилери менен пикир алысты.
Бектемир районының белсендилери менен ушырасыўдан соң мәмлекетимиз басшысы елимизде ислеп шығарылыўы жобаластырылған арнаўлы автомобильлерди көзден өткерди.
Өзбекстан Президентиниң 2019-жыл январьда Германияға рәсмий сапары ўақтында «Өзавтосанаат» АЖ ҳәм «Volkswagen» концерни арасында бирге ислесиў шәртнамасына қол қойылған еди. Оған муўапық, Жиззақ автомобиль заводында 3 түрдеги модификациядағы «Volkswagen Caddy» минивенин ислеп шығарыў режелестирилген. Жети орынлы бул автомобиль ҳәр қыйлы тараўларға қәнигелестириў ушын жүдә қолайлы. Сондай-ақ, «Isuzu»заводында да қолайлы платформа бар.
Ҳәммемизге белгили, елимизде жеңил автомобильлер, жүк машиналары ҳәм арнаўлы техникалар ислеп шығарылып, мине усы бағдардағы сегмент бос еди. Қоңсы мәмлекетлерде де бундай автомобильлерге талап бар.
Усы мақсетте тәжирийбе түринде «Volkswagen», «Škoda» ҳәм «Isuzu» линиясында арнаўлы машиналардың үлгилери таярланды.
Шавкат Мирзиёев бундай жаңа бағдар импорт орнын толтырыў ҳәм экспорты кеңейтиўде әҳмийетли екенин атап өтип, керекли көрсетпелер берди.
Бундай машиналар усы жылдың төртинши шерегинде Жиззақ автомобиль заводында жыйнала баслайды. 2022-жылдан өндиристиң толық циклин өзлестириў режелестирилген.
ӨзА