Россияның коронавирусқа қарсы «Спутник V» вакцинасының кең көлемли экспорты келеси жылы басланады, деп хабар берди журналистлерге Россия санаат ҳәм саўда министрилигиниң басшысы Денис Мантуров.
«Объектив айтатғын болсақ, гәп экспорт ҳаққында болар екен, бул бизиң болжаўымызша, келеси жылдың бәҳәринде жүз береди»-деди ол.
Экспортты жолға қойыўда өндирис көлеми, әҳмийетли роль ойнайды, деп қосымша еткен Мантуров.
Буннан тысқары, көп нәрсе Россия институтларының сырт елли кәсиплеслери менен өз-ара бирге ислесиўине байланыслы, қалаберди, бир цикл сынақларынан өтиўи керек, деп атап өткен РФ Санаат ҳәм саўда министлигиниң басшысы.
Алдын Россияның бул вакцинасына 20 дан аслам мәмлекетлерден буйыртпа келип түскени ҳаққында хабар берилген еди.
Орайлық Азия мәмлекетлери арасында Өзбекстан Россия ҳәм Қытайда ислеп шығарылған вакциналар бойынша үйрениў жумысларын алып барып атырғанын мәлим еткен.
Россияда бул вакцина менен биринши болып медицина хызметкерлериниң емленетуғыны мәлим етилген еди. Вакцинация сентябрьден басланады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги