Бухара халқы аўыр жоғалтыўға ушырады. Ўәлаят ҳәкими ўазыйпасын атқарыўшы, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткер Карим Жамолович Камолов 22-август күни  65 жасында дүньядан өтти. Марҳум Бухара қаласындағы «Ҳазрати Имом» қойымшылығына жерленди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев  23-август күни бул жерге келип, Карим Камолов қәбирин зиярат етти. Марҳум ҳаққына Қуран оқылды.

Өзиниң  47 жыллық искерлиги даўамында  Карим Камолов шын мәнисинде басшылық қәбилети, инсаныйлық пазыйлетлери менен үлкен ҳүрметке ийе болған, Бухараны ҳәр тәреплеме раўажландырыў ҳәм абат етиўге үлкен үлес қосқаны атап өтилди.

Карим Камолов 1955-жылы Бухара қаласында туўылған. Бухара азық-аўқат ҳәм жеңил санаат технологиясы институтын питкерип, мийнет жолын қурылыс тараўынан баслаған. 1994-2007-жыллары Бухара қаласы ҳәкими сыпатында нәтийжели мийнет еткен. Усы  ўақыт аралығында бул жерде теңсиз қурылыс жумыслары әмелге асырылып, социал-экономикалық тараўлар избе-из раўажланды. Қаланың  2500 жыллығы кеңнен белгиленди, халықаралық фестиваллар жоқары дәрежеде өткерилди. Әййемги естеликлер абат етилип, туризм инфраструктурасы жақсыланды.

Карим Жамоловичтиң бай билим ҳәм тәжирийбеси  2007-2017-жылларда «20-трест» жуўапкершилиги шекленген жәмийети баслығы болып ислеген ўақытларына туўра келди.

Соңғы жылларда ўәлаятта жүз берип атырған кең көлемли өзгерислер де Карим Камоловтың жемисли мийнети менен байланыслы болды. Ол 2017-жылларда Бухара қаласы ҳәкими,  2020-жылы февральдан Бухара ўәлаяты ҳәкими ўазыйпасын орынлаўшы сыпатында елимиздеги реформаларды әмелге асырыўда пидайы мийнет етти. Халық депутатлары ўәлаят ҳәм қалалық кеңеслери ағзалары қатарында аймақтың социаллық-экономикалық раўажланыўына хызмет ететуғын әҳмийетли қарарларды ислеп шығарыўға да үлес қосты.

Карим Камоловтың елимиз ҳәм халқымыз алдындағы уллы хызметлери  мүнәсип баҳаланып, «Дўстлик», «Меҳнат шуҳрати» орденлери менен сыйлықланған еди.

Президент Шавкат Мирзиёев Бухара қаласында Карим Камолов шаңарағына келип, оның өмирлик жолдасы ҳәм перзентлерине кеўил билдирип, мүсийбетти жеңиўде сабыр-тақат тиледи.

Шавкат Мирзиёев Карим Камоловнинг хизматларини эътироф этди

Мәмлекетимиз басшысы марҳумның елимиз абаданлығы жолында хызметлерин атап өтти.

– Раҳметли Карим аға жүдә жақсы инсан еди, ақ кеўил, оғада мийнет сүйгиш инсан еди. Бухарадағы өзгерислерге көп мийнети сиңген еди. Режелери де үлкен еди. Гиршиксиз ҳадаллық ҳәм садықлық пенен , өзин ойламай, адамлардың мәпи ушын жумыс иследи. Бир ўақытлары әдалатсызлық себепли басынан кеширген күнлери де оның денсаўлығына өзиниң тәсирин тийгизбей қоймады. Оның пидайы хызметлерин елимиз, халқымыз умытпайды, – дейди Шавкат Мирзиёев.

Буннан кейин Баҳоуддин Нақшбанд мақбарасын зиярат етип, Қуран оқыды.

 

 *   *   *

Президент Шавкат Мирзиёев Бухара халықаралық аэропорты имаратында жуўапкер басшылар қатнасыўында жыйналыс өткерди.

Аймақты социал-экономикалық раўажландырыў, соның ишинде, бүгингидей қыйын жағдайда халықты жумыс пенен тәмийинлеў, кәмбағаллықты қысқартыў, пандемия себепли зәрүр болған экономикалық тармақларды тиклеў мәселелери толық көрип шығылды.

«Темир дәптер», «жаслар дәптери» ҳәм «ҳаял-қызлар дәптери» системаларында орынланып атырған жумыслар додаланды.

– Бугин аймақларымызда жаслар ҳәм ҳаял-қызлар  машқалаларын терең анализлеў ҳәм нәтийжели шешиў күн тәртибиндеги ең тийкарғы мәселелерден бири болып қалмақта. Мақсетимиз – инсанның қәдир-қымбатын орнына қойыў, – дейди мәмлекетимиз басшысы.

Пандемия дәўиринде Бухара ўәлаятына сырт елден қайтып келген  8 мың пуқарадан  7 мың адам жумыс пенен тәмийинленди. Бәнтлик мәселелери избе-излилик пенен шешилиўи бойынша жуўапкерлерге тийисли көрсетпелер берди.

Жыйналыста инвестициялық жойбарлар ҳәм экспорт мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.

Сол қатары, усы жылда Бухара ўәлаяты бойынша  571 сондай жойбарды әмелге асырыў, соның менен бирге  14 мың жумыс орнын жаратыў режелестирилген.

Жыл жуўмағы бойынша экспорт көлеми  184 миллион долларды қураўы күтилмекте.

Елимиздиң ҳәр бир аймағы сыяқлы Бухара үлкен қурылыс майданына айланған. Бир ғана ўәлаят орайының өзинде 700 объект қурылмақта.

Жыйналыста атап өтилгениндей, тийкарғы мақсет- Бухарада басланған кең көлемли реформаларды жедел даўам еттириў.

Сөз етилген мәселелер бойынша әмелге асырылып атырған ҳәм режелестирилген жумыслар бойынша жуўапкерлердиң есабатлары тыңланды, оларды өз ўақтында ҳәм нәтийжели орынлаў бойынша қосымша тапсырмалар берилди.

Президент Шавкат Мирзиёев сол күни Бухарадан Ташкентке қайтып келди.

 

ӨзА