Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың басшылығында пүткиллей жаңа система, тәртип ҳәм қатнаслар көз қараслар тийкарында экономикалық жеделликти арттырыў және ҳәр бир район ҳәм қалаға қосымша резерв жаратыў илажлары бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.
Карантин талапларының жумсартылғаны ушын елимизде экономикалық жеделлик арта баслады. Саўда, өндирис, хызмет көрсетиў ҳәм басқа тараўлардағы исбилерменлик жумысы тикленип, дәраматларды көбейтиўге имканият пайда болды.
Мәжилисте исбилерменликти раўажландырыў бойынша қала ҳәм районлардағы қосымша имканиятлар талланып, оларды иске қосыў илажлары белгиленди.
Усы жыл 1-декабрьге шекем 500 миллиард сум қосымша резерв қәлиплестириўге толық имканият бар екенлиги анық есап-санақ етилген. Бул қаржылар жәрдемге мүтәж халықты қоллап-қуўатлаў ушын республикалық бюджеттен берилип атырған қаржыларға ресурс болады.
Август айында 20 мың, сентябрьде 26 мың кәрхана жумысын толық қуўатлылыққа алып шығыў, олардың пандемия себепли жыйналып қалған өнимлерин сатыў ушын шараятлар жаратыў зәрүрлиги атап өтилди. Оның ушын ири қалаларда қосымша саўда орынларын шөлкемлестириў, талап жоқары болған тутыныў өнимлерин толық электрон саўда системаларына жайластырыў ўазыйпасы жүкленди. Шийки зат алып келиў ямаса экспортта қыйналып атырған кәрханалардың транспорт-логистика мәселелерин шешиў бойынша тапсырма берилди.
Ўәлаят ҳәкимлери Бизнес-омбудсман, Бажыхана комитети менен бирге 1-октябрьге шекем исбилерменлер тәрепинен келтирилген үскенени иске қосыў және олар ушын жер, имарат, электр, газ ҳәм басқа да инженерлик-коммуникация мәселелерин шешиў зәрүрлиги атап өтилди.
Аймақларда исбилерменликти және де раўажландырыў бойынша резервлер көплиги көрсетип өтилди. Мысал ушын, мәмлекет тәрепинен ажыратылған субсидия ҳәм аз процентли кредит есабынан Фориш районында 100 қудық қазылып, обороттан шығып кеткен 2 мың 700 гектар жерде 6 жүзим жетистириў орны шөлкемлестирилди. Буның нәтийжесинде 2,5 мың жаңа жумыс орны жаратылып, бюджетке қосымша түсим тәмийинленеди.
Сондай-ақ, Тақыятас районында Ыссылық электр станциясының тасланды ыссы суўынан пайдаланып, 54 гектарда 7 гидропоника ыссыханасы қурылмақта. Буның есабынан усы жылы 500 жумыс орны жаратылады ҳәм қосымша салық дәреги пайда болады.
Мәмлекетимиз басшысы барлық аймақларда сондай имканиятлардың бар екенлигин атап өтип, оларды ақылға уғрас иске қосыў, кооперация арқалы жаңа кәрханаларды қоллап-қуўатлаў зәрүрлигин айтты.
Және бир резерв – еркин экономикалық зоналардағы инженерлик-коммуникация тармақлары менен тәмийинленген 1 мың гектардан аслам бос жер майданлары. Оларда 17 мың жумыс орны жаратылатуғын 120 жойбарды әмелге асырыў мүмкин. Мәжилисте усы жойбарларды пуқта қәлиплестирип, тезирек иске қосыў зәзүрлиги атап өтилди.
«Жасырын экономика»ны қысқартыў ҳәм сол арқалы қосымша резервлерди қәлиплестириў тапсырмасы берилди. Бундай қосымша резервлер, атап айтқанда, халықтың жәрдемге мүтәж қатламын қоллап-қуўатлаў ушын зәрүр дәрек болады.
Қосымша резервлердиң жумсалыўы үстинен жәмийетшилик қадағалаўды орнатыў ҳәм бул бойынша жергиликли кеңеслердиң жумысын буннан былай да күшейтиў бойынша көрсетпелер берилди.
Мәжилисте жумыссыз жаслар ҳәм ҳаял-қызлар бәнтлигин тәмийинлеў мәселесине айрықша әҳмийет қаратылды. Бас министр орынбасарына оларды талап жоқары болған кәсиплер ҳәм исбилерменликке оқытыў, сол тийкарда бизнесин жолға қойыўда финанслық қоллап-қуўатлаў тәртибин енгизиў ўазыйпасы жүкленди. Бул жумысларды системалы әмелге асырыў мақсетинде, елимизде енгизилген «темир дәптер»лер сыяқлы, жумыссыз жаслар бойынша өз алдына («Жаслар дәптери»), жумыссыз ҳәм бағыўшысын жоғалтқан ҳаял-қызлар бойынша өз алдына («Ҳаяллар дәптери») дизимлер қәлиплестирилип ҳәр бири менен жаңа система, жаңа тәртипте мәнзилли ислесиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.
Видеоселектор мәжилисинде сөзге шыққан ҳәкимлер исбилерменликти раўажландырыў, қосымша резервлерди қәлиплестириўге байланыслы режелери бойынша мәлимлеме берди.
ӨзА