ИСБИЛЕРМЕНЛИК
Атап айтқанда, «Тадбиркор аёл» исбилермен ҳаял-қызлар ассоциациясы бүгинги күнде елимиз көлеминде ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў бойынша бир қатар жойбарларды әмелге асырылмақта. Ассоциация өзиниң Қарақалпақстан Республикасы бөлими менен биргеликте Орайлық Азия регионаллық экономикалық бирге ислесиў бағдарламасының (CAREC) «Раўажланыў нәтийжелилигин арттырыў ушын пуқаралық жәмийетиниң қатнасын тереңлестириў-пуқаралық жәмийетиниң АРБ операцияларындағы қатнасын тереңлестириў» пилот жойбары усылардан бири есапланады.
-Бул айрықша әҳмийетке ийе жойбар,-дейди «Тадбиркор аёл» исбилермен ҳаял-қызлар асосциациясы Қарақалпақстан Республикасы бөлими атқарыўшы директоры Назира Елибаева.-Себеби, оның әмелге асырылыўы менен Қоңырат районының орайының Қазақстан менен шегералас аймақлары («Қарақалпақстан» ҳәм «Жаслық» посёлкалық пуқаралар жыйынлары) аралығындағы автомобиль жолларының бойларында саўда ҳәм хызмет көрсетиў инфраструктуралары иске түсириледи. Нәтийжеде бул аймақларда жасаўшы халықтың, әсиресе, ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыў менен бирге, жолаўшыларға үлгили сервис хызметин көрсетиў имканияты жаратылады.
Усы жылдың апрель айында басланған жойбар жылдың ақырына шекем даўам етеди. Онда «Қарақалпақстан» ҳәм «Жаслық» посёлкалық пуқаралар жыйынларының ҳәр биринен 120 жумыссыз ҳаял-қыз ушын исбилерменлик тийкарлары, киши бизнести басқарыў, қаржыландырыў ҳәм үнемлеў, шаңарақ исбилерменлиги, соның ишинде шаңарақлық кәрханалар дүзиў бойынша оқыў семинарлары шөлкемлестириледи. Оларға кредит алыў ушын бизнес-реже дүзиўде әмелий жәрдем берилип, консалтинг хызметлери усынылады. Бул болса, шетки аймақларда жасап атырған ҳаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеўге, олардың исбилерменлик көнликпелерин қәлиплестириўге, ең баслысы, шаңарақлардың абаданлығын арттырыўға хызмет етеди.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы