Президент Шавкат Мирзиёев шет елде мийнет етип атырған Өзбекстанның пуқараларына мүнәсип шараятлар жаратыў ҳәм олар менен системалы ислесиў бойынша өткерилген видеоселектор басында коронавирус пандемия менен байланыслы жағдайға тоқтап өтилди.
Соның ишинде, июль ҳәм август айларында коронавирусқа қарсы гүресиў бойынша жумыслар кескин күшейтилгени нәтийжесинде оған шалынғанларға салыстырғанда саўалғанлардың саны оғада артқаны атап өтилди. Атап айтқанда, соңғы 5 күнде емленип шыққанлардың үлеси 77 проценттен 87 процентке артты. Емленип атырғанлардың саны 7 мыңнан 4 мыңға түсти.
Оның артында, әлбетте, шыпакерлеримиздиң қурамалы мийнети бар.
– Қайталап айтаман: ҳәр бир пуқараның денсаўлығы ҳәм турмысы биз ушын әҳмийетли. Биз халқымызды коронавирус бәлесинен сақлап қалыў ушын барлық күш-имканиятларды иске қосып атырмыз, дүньядағы ең алдынғы емлеў тәжирийбелерин алып келип атырмыз, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Жақын күнлерде Россиядан қырыққа жақын, Қытайдан он жоқары тәжирийбели қәниге жетип келген, оларды аймақларға бөлистирип, орынларда наўқасларды ең нәтийжели усыллар менен емлеў ҳәм жергиликли шыпакерлерди де үйретиў жумыслары шөлкемлестирилиўи атап өтилди.
Халқымыз артықша қыйналмаўы ушын, пуқараларымыздың мүрәжатларынан келип шығып карантин талаплары жумсартылғаны, бирақ енди халық жәмийетлик орынларда көбирек болатуғыны себепли COVID-19 тарқалыўы қәўипи сезилерли дәрежеде артыўы де еслетип өтилди.
Сонлықтан, адамларға буннан былай да жуўапкершиликли болып, өзлерин ҳәм жақынларын вирустан қорғаў бойынша талапларға қатаң әмел етиў кереклигин түсиндириў, әмелий жәрдем бериў ҳәм қадағалаў зәрүр екенлиги айтылды.
– «Темир тәртип» ҳәммемиз ушын ең биринши мәселе болып қалыўы керек. Кәрханалар, шөлкемлер, аўыл хожалығы тараўы ҳәм қурылыс майданлары, транспорт ҳәм жәмийетлик орынларда да усы талапларға қатаң әмел етиў зәрүр, – деп атап өтти Президент.
Барлық дәрежедеги ҳәкимлер, секторлар, денсаўлықты сақлаў, мәҳәлле, ишки ислер ҳәм басқа системалардың басшылары тийисли аймақлар ҳәм тараўларда коронавирус пенен байланыслы жағдайға жеке жуўапкер болыўы белгиленди.
ӨзА