Италияда 96 жасқа шыққан Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшысы Жузеппе Патерно жоқары мағлыўмат бойынша  диплом алды ҳәм мәмлекеттеги ең кексе питкериўшиге айланды. Бул хабар «Reuters» агентлиги тәрепинен тарқатылған.

Буннан бир неше күн бурын Патерно Палермо университетин питкериў имтиханларының соңғысын тапсырды ҳәм дипломды қолына алды. Университет профессоры Франческа Риссуто урыс қатнасыўшысын «жас студентлер ушын ҳақыйқый үлги» екенлигин атап өтти.

«Аrgumenti.ru(http://%D0%90rgumenti.ru) http://%D0%90rgumenti.ru)» басылымы Жузеппе Патерноның «2017-жылы өзиме-өзим сондай дедимҮ я ҳәзир яки ҳеш қашан. Кейин оқыўға кирдим. Әлбетте, түсинетуғын едим, үш жыл билим алыў ҳәм гезектеги дәрежени қолға киргизиў оғада кеш еди. Солай болса да, бир сынап көрейин, қолымнан келермекен, деп ойладым», – деген сөзлерин келтирген.

Жузеппе Патерно Сицилия атаўында кәмбағал шаңарақта дүньяға келген. Ол алдын Әскерий теңиз флотыда әпиўайы пияда әскерлер округине әскер болып қабыл етилген ҳәм Екинши жер жүзилик урыста қатнасқан.

Ҳайран қаларлық жери сонда, кексе питкериўши диплом  жумысының текстин өткен әсирдиң 80-жылларында ислеп шығарылған ески жазыў машинкасында терип шыққан. Дәрек сыпатында болса интернетден пүткиллей пайдаланбаған ҳалда тек китаплар, баспа материалларынан пайдаланды.

 

ӨзА