Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев жаңа ҳәптениң биринши жумыс күнин ерте таңнан мәмлекетимизде коронавирус инфекциясына қарсы гүрес бағдарында алып барылып атырған жумысларды терең сын көзқараста таллаўдан баслады.

Атап айтқанда, Ташкент қаласы ҳәм пайтахт ўәлаятында пандемияға байланыслы жағдай ҳәм оны турақластырыў бойынша илажлар мәмлекетимиз басшысының басшылығындағы видеоселектор мәжилисинде көрип шығылды.

Президентимиз илаж қатнасыўшыларына мүрәжат етип, пандемияға байланыслы жағдай төменлигинше қалып атырғанын айтты. Соның ишинде, соңғы төрт күнде мәмлекет бойынша жаңадан анықланған 2 136 наўқастың 1 218 и (яғный, 57 проценти) пайтахтымыз ҳәм Ташкент ўәлаятына туўра келеди.

Коронавирусқа гүман етилген барлық наўқасларды инфекцияның бар екенлигин тастыйықлаўшы ҳүжжетлерсиз, өкпе исиўи ҳәм дем жетиспеўшилигиниң клиникалық белгилери бар екенлигине тийкарланған ҳалда емлеў мәкемелерине қабыл етилетуғыны белгиленди.

Ташкент қаласындағы 16 клиникаға қосымша COVID-19ға гүман етилген наўқаслар ушын мөлшерленген және жети 850 орынға ийе «провизор» клиникалар шөлкемлестирилди. Усы клиникалардың медицина хызметкерлерине ҳәр бир жумыс күни ушын айлық мийнет ҳақысының 6 проценти муғдарында үстеме ҳақы төлеў мәселеси шешилди.

Шавкат Мирзиёевтиң атап өткениндей, бүгиннен баслап коронавирусқа шалынған наўқаслар менен ислесип атырған ҳәр бир арнаўлы емлеўханада өз алдына коммерциялық банктиң кассалары шөлкемлестирилип, шыпакерлердиң 14 күнлик мийнет ҳақысын орнында алыў системасы енгизиледи.

Коронавируслы наўқаслар ушын ажыратылған емлеўханаларға қосымша 285 дана өкпе жасалма вентиляциясы аппараты, 155 дана өкпени жәрдемши дем алдырыў үскенеси, 140 дана кислород концентраторы, 200 функционаллық жатақлар менен тәмийинленди, деп атап өтилди мәжилисте.

«Өзэкспоорай» миллий көргизбелер комплексинде усы вирусқа гүман етилген наўқасларға биринши медициналық жәрдем көрсетиўши 500 орынға ийе Бөлистириўши орай шөлкемлестирилмекте.

Жеке меншик клиникаларға да бундай наўқасларға медициналық жәрдем көрсетиўге рухсат берилди ҳәм ҳәзирги ўақытта олардың дизими дүзилмекте.

Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық агентлигиниң районлық бөлимлерине коронавирусқа ПЦР-анализин алыўға ҳәм анализдиң жуўабын Республика агентлигине жибермей, тиккелей наўқасларға тапсырыў тәртиби орнатылды ҳәм бул арқалы анализ жуўапларын күтиў дәўири қысқарады.

Ташкент қаласы тез медициналық жәрдем станциясында операторлардың мийнет шараяты жақсыланды ҳәм бир сменада жумыс алып барып атырған операторлардың саны 40 тан 100 ге жеткерилди. Станцияға қосымша электр тармағы жалғанды, бригадалардың саны 250 ге шекем көбейтилди.

Буннан тысқары, Ташкент ўәлаяты тез медициналық жәрдем хызмети ушын жәми 100 «Дамас» амбуланс машинасы жаратылды, усылардан 25 и орынларға тарқатылды.

Пайтахт ўәлаятында коронавирус кеселлигине гүман етилген шахсларды емлеў ҳәм қадағалаўды алып барыў ушын 905 емлеў орны, диагнозы тастыйықланғанлар ушын 210 орын стационар емлеўханалар жумыс алып бармақта, қосымша 350 резерв орын таярлап қойылды.

«Өзтелеком» кәрханасы тәрепинен қол телефоны аппаратлары тарқатылмақта.

Коронавирус пенен кеселлегенген наўқасларды емлеў процеси ушын 49  түрдеги дәри-дәрмақлар резерви ушын дәслепки 10 миллиард сум пул ажыратылыўы режелестирилди.

Мәжилисте атап өтилгениндей, 103 телефон номерине жалғаныў ўақты 1,5 минуттан 15 секундқа шекем қысқартылды, мүрәжатлардың тийкарғы бөлеги келип түсетуғын ўақыт аралығында (саат 18:00 ден 24:00 ге щекем) ең тәжирийбели операторлардың хызмет көрсетиўи жолға қойылды.

Соның менен бирге, пандемияны жылаўлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар орынларда системалы жолға қойылмағаны көрсетип өтилди.

Соның ишинде, дәслепки медицина буўыны, яғный шаңарақлық поликлиникалар ҳәм аўыллық врачлық пунктлери халыққа жәрдем бериў ушын 24 саатлық жумыс режимине өткерилмеген.

Ташкент қаласындағы 11 районлық көп тармақлы орайлық ҳәм 64 шаңарақлық поликлиникада ҳәр биринде 50 ден 200 ге шекем медицина хызметкери болса-да, олардың көпшилиги күнниң тек ғана биринши ярымында наўқасларды қабыл етеди.

Ҳәр бир поликлиникадаCOVID-19 инфекциясының жеңил ямаса симптомсыз өтип атырған наўқасларға консультатив жәрдем көрсетиў ушын қәлиплестирилген 3 шыпакерден ибарат арнаўлы мобиль бригада бириктирилген болыўы керек, бирақ айырым бригадаларда улыўма врач жоқ.

Дерлик барлық поликлиникаларда рентген-диагностика кабинетлери бар, бирақ олардың имканиятларынан улыўма пайдаланылмай атыр.

Егер усы поликлиникалар халыққа нәтийжели патронаж хызметин әмелге асырса, 103 санлы тез медициналық жәрдемге басым қысқаратуғыны ҳәм халықтың арасында қәўетерлениў жүзеге келиўиниң алды алынатуғыны тәбийғый.

Бас министрдиң орынбасар Беҳзод Мусаев ҳәм Денсаўлықты сақлаў министрилигине пайтахттағы 75 поликлиниканың имканиятларын, усы мәкемелерде жумыс ислеп атырған 3 мыңнан аслам шыпакер ҳәм мийирбийкени инфекцияның жеңил ҳәм симптомсыз өтип атырған наўқасларға хызмет көрсетиўге 24 саатлық үзликсиз режимде толық мобилизациялаў тапсырмасы берилди.

Сондай-ақ, усы жумысқа тартылып атырған шыпакер ҳәм мийирбийкелердиң мийнетин хошаметлеў механизмлерин ислеп шығыў ўазыйпасы жүкленди.

Оннан тысқары, пандемия дәўиринде ҳәр бир наўқасты емлеў ушын кислородқа талап кескин артады. Ташкент медицина академиясының көп тармақлы клиникасы, Республикалық қәнигелестирилген терапия ҳәм медициналық реабилитация орайы, Ташкент қаласы 1-санлы клиникалық емлеўханасы, Республикалық биринши ҳәм екинши санлы клиникалық емлеўханада ҳәм барлық жаңадан ашылып атырған «провизор» емлеўханаларында 1 000 нан аслам кислород өткеретуғын орынлардың санын көбейтиў зәрүрлиги атап өтилди.

Ташкент қаласы ҳәкимлиги, Ишки ислер министрлиги ҳәм ҳәр бир район ҳәкими өз аймағында жайласқан медицина мәкемелериниң турақлы түрде кислород пенен толтырып барыўға жеке жуўапкер екенлиги белгиленди.

Сырт мәмлекетлерде өкпеси исинген ҳәр бир наўқас ушын жеделлик пенен кислород концетраторларына арнаўлы нықаплар кийгизиў арқалы дем алыўды жеңиллетип, қолына пульсоксиметр тағылмақта ҳәм буның менен наўқастың дем алыў жетиспеўшилиги сапластырылмақта. Бас министрге арнаўлы медициналық үскенелерди имканияты болғанынша қысқа мүддетлерде мәмлекетимизге жеткериў тапсырмасы берилди.

Бул ушын, егер керек болса, арнаўлы самолёт ажыратылыўы, исбилерменлер тәрепинен кислород концентраторларын Өзбекстанға алып кириў тәртип-қағыйдаларын жеңиллетиў илажларының көрилиўи керек екенлиги атап өтилди.

Наўқасларды емлеў ушын зәрүр дәри-дәрмақ қураллары резервлерин жаратыў мақсетинде қосымша түрде Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятының ҳәкимликлери тийислисинше 20 миллиард ҳәм 10 миллиард сум қаржыларын «Дәри-дәрмақ» акционерлик компаниясына айланыс қаржы сыпатында ажыратыўы белгиленди.

Коронавирусты емлеймиз деп, дерлик барлық қәнигелестирилген медицина мәкемелери толтырып тасланды, -деди мәмлекетимиз басшысы. Нәтийжеде жуқпалы кеселлиги бар наўқаслар профессионал медициналық хызметтен дерлик айырылды.

Жуўапкерлерге созылмалы кеселликлерди емлеўге қәнигелескен емлеўханалардағы коронавирусқа шалынған наўқасларды басқа орынларға, соның ишинде, жеке меншик клиникаларға көшириў арқалы созылмалы кеселлиги бар наўқасларға профессионал медициналық хызмет көрсетилиўин қайта тиклеў илажларын көриў тапсырмасы берилди.

Коронавирусқа шалынған пуқаралардың саны буннан былай да артып барыўы ҳеш гәп емес, – деп атап өтти Шавкат Мирзиёев. Усы мүнәсибет пенен қысқа мүддетлерде бул кеселликке шалынғанларды емлеў ушын жаратылған қосымша орынлардың санын, биринши гезекте, дем алыў жатақханалары, жабық спорт майданлары ҳәм басқа да сыйымы үлкен имарат-объектлердиң есабынан, кеминде еки-үш есеге арттырылыўын тәмийинлеў ўазыйпасы қойылды.

Пандемияның унамсыз ақыбетлерин сапластырыў ҳәм ҳәр бир басшының жуўапкершилигин арттырыў, пидәкерлик көрсетип атырған медицина хызметкерлерин хошаметлеў жумыслары даўам еттириледи.

Кеселлик орайында өз жанын гиреўге қойып, ҳәр бир кеселди өлим жағасынан алып шығып атырған шыпакерлеримизди мәмлекетлик сыйлық пенен сыйлықлаў бойынша усыныслар киргизиў тапсырмасы берилди.

Президентимиздиң атап өткениндей, бүгинги күнде республикалық ҳәм жергиликли бюджетлерден қаржыландырылатуғын ҳәр қандай қәрежет тийкарғы тәризде пандемияға қарсы гүресиў илажларына қаратылыўы шәрт. Буннан әҳмийетли қәрежетлер болыўы мүмкин емес.

Қала ҳәм район ҳәкимлери 24 саат даўамында ҳәр бир емлеўханадағы жағдайды жылаўлап турыўға жуўапкер есапланады ҳәм олар үзликсиз ҳәм машқаласыз ислеўине шараят жаратып бериўге жуўапкер, деп белгиленди.

Сондай-ақ, жаңадан сатып алынып атырған тез медициналық жәрдем автомобильлери жумысының үзликсизлигин тәмийинлеў мақсетинде экономиканың түрли тараўларында, биринши гезекте, жумыстың тоқтатылыўы ақыбетинде дәраматсыз қалған жолаўшы тасыўшы жәмийетлик транспорт ассоциацияларының қәнигели айдаўшыларының тартылыўы бойынша ўазыйпалар қойылды.

Барлық сектор басшылары жумыс күнин азаннан баслап өз аймақларындағы емлеўханалардағы жағдайды үйрениў менен баслаўы қатаң белгиленди.

– Ҳәр бир басшы бүгинги күнде пуқараларымыздың денсаўлығын сақлап қалыўдан әҳмийетли ўазыйпа жоқ екенлигин аңлаўы шәрт, – деди Президентимиз Шавкат Мирзиёев.

 

ӨзА