Өзбек әдебияты ҳәм мәденияты аўыр жоғалтыўға ушырады. Өзбекстан халық шайыры, белгили жазыўшы ҳәм драматург Шукурулла Юсупов быйыл 19-июль күни 99 жасында қайтыс болды.
Шукуролла Юсупов 1921-жыл 2-сентябрь күни Ташкент қаласында туўылды. 1944-жылы Ташкент мәмлекетлик педагогика институты (ҳәзирги Ташкент мәмлекетлик педагогика университети)н өзбек тили ҳәм әдебияты қәнигелиги бойынша тамамлады.
Мийнет жолын Ташкент қаласындағы 1-санлы орта мектепте муғаллимшиликтен баслап, кейин ала Орта Азия мәмлекетлик университети (ҳәзирги Мырза Улығбек атындағы Өзбекстан Миллий университети) аспиранты, Өзбекстан Жазыўшылар аўқамының әдебий кеңесгөйи, Ғафур Ғулам атындағы Әдебият ҳәм көркем өнер баспасы редакторы сыяқлы ўазыйпаларда жемисли мийнет етти.
Шукрулла Юсупов үлкен дөретиўшилик ҳәм өмир жолын басып өткен талантлы шайыр, жазыўшы ҳәм драматург сыпатында өзиниң мазмунлы шығармалары менен әдебият ҳәм көркем өнеримиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосты. Дерлик сексен жыллық дөретиўшилик мийнети даўамында жаратылған «Ҳаёт илҳомлари», «Умрим борича», «Инсон ва яхшилик», «Зарралар», «Инсон-инсон учун», «Суянчиқ», «Яшагим келади», «Сенинг бахтинг», «Баҳор совғаси», «Юлдузлар» сыяқлы қосық топламлары, «Чоллар», «Икки қоя», «26-тонготар» дәстанлары, «Жавоҳирлар сандиғи» прозаық китабы әдебиятымыз ғәзийнесинен беккем орын ийеледи.
Бул шығармаларда халқымызға тән болған жақсы пазыйлетлер, мәнаўий-әдеп-икрамлылық қәдириятлар, ана Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық сезилери жоқары шеберлик пенен сөз етилген.
Атақлы шайырдың көплеген бәркамал, көркем жетик шығармалары қарақалпақ, қазақ, қырғыз, әзербайжан, рус, түрк, араб сыяқлы онлаған тиллерге аўдарылып, басып шығарылды.
Көп қырлы жазыўшы драматургия тараўында да нәтийжели жумыс исследи. Оның қәлемине тийисли «Табассум ўғрилари», «Хатарли йўл», «Ўғрини қароқчи урди», «Ҳасрат боғи» сыяқлы драмалары республикамыз ҳәм сырт еллердиң театрларында үлкен табыс пенен сахналастырылды.
Шукурулла К.Гоцци, Ш.Петефи, Т.Шевченко, Қ.Қулиев ҳәм басқа да бир қатар сырт ел шайырлары менен драматургларының шығармаларын ана тилимизге аўдарып, ҳәр қыйлы халықлар арасындағы мәнаўий байланысларды күшейтиўге үлес қосты.
Жазыўшы өткен әсирдиң елиўинши жылларының басында бир топар зыялыларымыз қатарында сиясий репрессияға ушырады. Кейин ала аты ҳәм дөретиўшилиги толық ақланып, әдебиятымыздың раўажланыўы жолында белсене дөретиўшилик етти. Жазыўшы «Кафансиз кўмилганлар» романында мине усы дәўирде халқымыздың басына түскен аўыр сынақ ҳәм әдалатсызлықларды турмыслық мысаллар тийкарында исенимли сәўлелендирди.
Шукрулла Юсупов Өзбекстан ғәрезсизлигин үлкен қуўаныш пенен күтип алды. Бул дәўирде нәтийжели дөретиўшилик етиў менен бир қатарда, жәмийетлик турмысымызда да белсене қатнасып, елимиз ғәрезсизлигиниң руўхый-ағартыўшылық тийкарларын беккемлеў жолында шын кеўилден хызмет етти. Ғәрезсизлик жылларында басып шығарылған «Қасосли дунё» көркем-публицистикалық топламы ҳәм «Тирик руҳлар» деп аталған еслеў-романында ҳақыйқатшыллық ҳәм адамгершилик сыяқлы уллы инсаныйлық сезимлер шеберлик пенен сүўретленген. Бул шығармалар әдебиятымызда әҳмийетли әдебий ўақыя сыпатында тән алынды.
Үлкен турмыслық тәжирийбеге ийе дөретиўши өзиниң мийнетсүйгишлиги ҳәм ҳақыйқатшыллығы, жасларға ғамхорлығы менен елимиз әдебий жәмийетшилиги арасында үлкен абырай-мәртебеге еристи.
Шукурулланың өзбек әдебиятын ҳәм мәдениятын раўажландырыў бағдарындағы хызметлери мәмлекетимиз тәрепинен мүнәсип сыйлықланды. Ол «Өзбекстанға мийнети сиңген мәденият хызметкери», «Өзбекстан халық шайыры» сыйлы атақлары, Әлийшер Наўайы атындағы Мәмлекетлик сыйлық, «Дўстлик», «Эл-юрт ҳурмати» ҳәм «Меҳнат шуҳрати» орденлери менен сыйлықланған еди.
Атақлы дөретиўши, меҳрийбан устаз, мийнеткеш ҳәм кишипейил инсан Шукурулла Юсуповтың жарқын естелиги кеўиллеримизде мәңги сақланып қалады.
Ш.Мирзиёев, Т.Норбоева, Н.Исмоилов, А.Арипов, С.Саидов, Ё.Аҳмедов
ӨзА