Бүгин 2020-2021-оқыў жылы ушын республикалық жоқары оқыў орынларының бакалавриат билимлендириў бағдарларына ҳүжжет тапсырыўдың ең соңғы күни.

 

Абитуриентлер нелерге үлгериўи керек?

 

Дизимнен өтпеген абитуриентлер бүгин саат 23:59 ға шекем Мәмлекетлик тест орайының abitur.dtm.uz сайтынан ямаса Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталының my.gov.uz веб-сайты арқалы, сондай-ақ, Мойнақ районында жасайтуғын абитуриентлер райондағы Мәмлекетлик хызметлер орайы (халық тилинде «Бир айна» орайы) арқалы ҳүжжет тапсырыўы керек.

 

Соның менен бирге, ҳүжжет тапсырған, бирақ тест тапсырыў ушын төлем төлемеген абитуриентлер бүгин саат 23:59 ға шекем базалық есаплаў муғдарының ярым есеси – 111 мың 500 сум төлем төлеўи керек. Егер төлем төленбесе, абитуриент тестке киргизилмейди.

 

Еслетип өтемиз, мектеп, колледж ямаса лицейлерди быйылғы жылы питкерген абитуриентлер, I ямаса II топар майыплығы болған абитуриентлер және толық мәмлекетлик тәмийнатта болған абитуриентлер төлем төлемейди. Соның менен бирге, айрықша қәбилет талап етилетуғын бакалавриат бағдарларына (мәселен, музыкалық тәлим, сүўретлеў өнери ҳәм инженерлик графикасы, дене мәденияты) ҳүжжет тапсырған абитуриентлер де төлем төлемейди.

 

Ҳүжжет тапсырып болған, бирақ ондағы мағлыўматларды өзгертиў нийетинде жүрген абитуриентлер бүгин, 20-июль саат 23:59 ға шекем басқа бакалавриат билимлендириў бағдарларына өзгертиў ямаса басқа жоқары оқыў орнын сайлаў, аккаунтын өширип таслап, басқа аккаунт ашыў имканиятларына ийе. 20-июльдан кейин өзгертиўдиң имканияты болмайды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.