МҮРИЎБЕТ

Елликқала районының ҳәкими, 1-сектор баслығы Сейдамат Авезов «Қырққыз» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Бахтияр Саломовтың шаңарағына бир бас қарамал ҳәм азық-аўқат өнимлерин тапсырды.

Бүгинги сынаўлы күнлерде социаллық жәрдемге мүтәж, наўқас ҳәм майыплығы болған шахсларға бир бастан қарамал бериў арқалы оларға қайыр-сақаўат көрсетилмекте. Кәмбағал ҳәм майып ағзасы бар шаңарақ район басшысының инсаныйлық жәрдеминен айрықша қуўанышқа бөленди.

Дүнья жүзинде жүз берип атырған пандемия халқымыз ушын да үлкен сынақ болмақта. Бундай жағдайда жүзеге келиўи мүмкин болған ҳәр қандай  қыйыншылықлардың алдын алыў мақсетинде Президентимиз тәрепинен барлық тараўларға, исбилерменлик субъектлерине кепилленген жеңилликлер берилди. Усындай шараятта жумыссыз пуқараларды, жәрдемге мүтәж шаңарақларды қоллап-қуўатлаў ҳәр қашанғыданда айрықша әҳмийетке ийе болмақта.

Сыйыры бар үйде берекет болады, оның сүти, майы ҳәм қатығы қосымша пайда. Шаңарақларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде сыйыр алған үй бийкесине мийнет дәптершеси ашылады. Район ҳәкиминиң басламасы менен бундай ҳәр бир шаңараққа исбилермен бириктирилди. Олар малларды от-жем менен тәмийинлеўге, жетистирилген шарўашылық өнимлериниң сатылыўына жәрдемлеседи.

-Кем тәмийинленген шаңарақларды қоллап-қуўатлаў халқымызға тән ағла пазыйлетлерден бири,-дейди Бахтияр Саломов.-Шаңарақ жағдайымызды есапқа алып, бизге де бир бас қарамал берилгенинен қуўанышлымыз. Келешекте бундай жәрдемниң арқасында қыйыншылықлардан шығысып кетиўге ҳәрекет етемиз.

Районда жәрдемге мүтәж шаңарақларды қоллап-қуўатлаў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў, дәрамат табыўларына жәрдем бериў бағдарында кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Бир қатар шаңарақларға жеңилликли кредитлер ажыратылыўы нәтийжесинде, олар түрли бағдарларда исбилерменлик жумысларын жолға қоймақта.

Қайыр-сақаўат илажлары даўамында, 1-сектор аймағындағы 20 кем тәмийинленген шаңараққа бийпул таўық ҳәм қоян  жеткерип берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги