Елимиз басшысының басламасы менен «Ҳаял-қызлардың машқалаларын үйрениў ҳәм шешиў, оларды материаллық ҳәм мәнаўий қоллап-қуўатлаўға қаратылған илажларды әмелге асырыў» бойынша Кәсиплик аўқамлары Федерациясы басшылығында дүзилген республикалық жумысшы топардың орынларда ҳаял-қызлардың социаллық-экономикалық жағдайларын үйренип, анықланған машқалаларды тез шешиўди тәмийинлеў мақсетинде Кәсиплик аўқамлары Федерациясында 1211 қысқа номерли «Исеним телефоны» жумыс алып бармақта.

Күни-түни жумыс ислейтуғын «Ҳаял-қызлар машқалалары бойынша 1211 исеним телефоны»на 13-июль күнине шекем республикамыз бойынша жәми 934 мүрәжат келип түскен.

Мәселен, Хожели районы «Әмиўдәрья» аўыл пуқаралар жыйынында жасайтуғын И.Урпетованың 2016-жылы туўылған наўқас перзентине медициналық жәрдем, даўа излеп бармаған жери қалмаған. Емлеў илажлары көрилсе де баланың денсаўлығында өзгерис жоқ. Өткен жылы тосаттан олардың турақ жайы да өртенип кеткен. И.Урпетова 1211 исеним телефонына қоңыраў етип өзиниң машқалаларын, дәртлерин айтты. Оның мүрәжаты үйренип шығылып,  қолланылмай, бос турған имарат оңланып, ўақтынша жасап турыў ушын оған тапсырылды. Жаңа үйге мүнәсип саўға ретинде жаңа тигиў машинасы да берилди.

– Аўҳалым жүдә аўыр еди, -дейди И.Урпетова. -Усы исеним телефонына қоңыраў етип, жәрдем сорадым. Мүрәжатым үйренип шығылып, бүгинги күнде өртенип кеткен үйимизди қайта тиклеп алғанға шекем жасап турыў ушын баспана берди. Бундай итибардан жүдә қуўанышлыман. Елимиз басшысына, қыйын ўақытта жәрдем қолын созғанларға миннетдаршылығымды билдиремен.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги