БАЖЫХАНА ХЫЗМЕТИ

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы хызметкерлериниң қырағылығы нәтийжесинде елимизге товарларды жасырын түрде алып кириўге болған гезектеги урыныўға шек қойылды.

Атап айтқанда, «Даўыт ата» шегара постына қоңсылас мәмлекеттен кирип келген «Mercedes Benz» маркалы жүк автомашинасы инспекциялық тексериў комплекси жәрдеминде тексериўден өткерилди. Нәтийжеде, автотранспортта ҳүжжетлерде көрсетилмеген, улыўма баҳасы 149 миллион сумлық 1972 дана хожалық буйымы ҳәм зыянкеслерге қарсы дәри қуралы бар екенлиги анықланды.

Ҳәзир бул жағдай бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен сорастырыў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

 Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы