Өзбекстан Республикасы «Өзархив» агентлигиниң «Соҳа ифтихори» көкирек белгиси шөлкемлестирилди. Бул ҳаққында усы агентликтиң мәлимлеме хызмети хабар берди.

«Өзархив» агентлигиниң «Соҳа ифтихори» көкирек белгиси менен «Өзархив» агентлигиниң орайлық аппараты, аймақлық басқармалары, миллий архивлер, мәмлекетлик архивлерде ҳәм басқа да уйымларда жумыс алып барып атырған, тараўдың раўажланыўына өзиниң сезилерли үлесин қосқан, «Устаз-шәкирт» дәстүрлерин жолға қойыўда белсендилик көрсетип, тийкарғы устазлық ўазыйпасын бир неше жыллардан берли атқарып киятырған хызметкерлер сыйлықланады.

Сондай-ақ, жәмийетимизде усы тараўдың орны ҳәм ролин күшейтиў, халықаралық байланысларды орнатылған тәртипте жолға қойыў, миллетлераралық дослық ҳәм аўызбиршиликти беккемлеў, жас әўладты ана Ўатанға муҳаббат ҳәм ғәрезсизлик идеяларына садықлық руўхында тәрбиялаў, қәбилетли жасларды қоллап-қуўатлаў, кең көлемли илажларды әмелге асырыў жумысларына үлес қосып киятырған, тараўда өзинен мүнәсип из қалдырып атырған хызметкерлер де сыйлықланыўы гөзленген.

Көкирек белгисиниң алдынғы тәрепиниң орайынан глобус орын алған болып, төменги бөлегинде қолларда ашық ҳалаттағы китап ақ реңде, оннан жоқары бөлиминде адамның басы,  оннан жоқары бөлегинде «Өзархив» агентлигиниң логитипи алтын реңде сүўретленген. Көкирек белгисиниң шетки қаптал тәреплеринде халқымыздың абаданлығы ҳәм ырысқы-несийбеси болған тымсаллары бийдай масақлары алтын реңде сүўретленген.

 

ӨзА