Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң қарары

«Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Сенаты ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Конституциялық Нызамының 9 ҳәм 16-статьяларына муўапық Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Кенгаши

ҚАРАР ЕТЕДИ:

  1. Төмендегилер:

Бахром Абдувалиевич Тангабаев он жыл мүддеттке;

Ибрагим Мирзарахимович Алимов мүддетсиз дәўирге Өзбекстан Республикасы Жоқары судының судьясы лаўазымына сайлансын.

  1. Төмендегилер:

Хуршид Искандарович Қосимов;

Алишер Абдухалимович Жалилов Өзбекстан Республикасы Жоқары судының судьясы лаўазымынан азат етилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының 2019-жыл 12-октябрьдеги СҚ-520-III-санлы Қарарының 1-бәнтиндеги «ҳәкимшилик ислер бойынша судлаў коллегиясының баслығы» деген сөзлер шығарып таслансын.
  2. Усы Қарар қабыл етилген күннен баслап күшке киреди.

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенатының

Баслығы                                          Т.НАРБАЕВА

Ташкент қаласы,

2020-жыл 13-июль