Шығындыларды басқарыўда сапа қадағалаўы күшейтилмекте

427

Соңғы жыллары шығындыларды басқарыў тараўына үлкен итибар қаратылмақта. Мәмлекетимиз тәрепинен бир қатар нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилип, халыққа сапалы санитариялық тазалаў хызметин көрсетиў бағдарында системалы жумыслар әмелге асырылмақта.

 Шығындыларды басқарыў ҳәм циркуляр экономиканы раўажландырыў агентлиги шөлкемлестирилип, санитариялық тазалаў кәрханалары тәрепинен халық ҳәм юридикалық тәреплерге көрсетилип атырған хызметлердиң белгиленген тәртип ҳәм нормаларға муўапық орынланыўы үстинен қадағалаў күшейтиледи.

Қадағалаў жумыслары ҳәм баҳалаў нормалары

Ҳәзирги күнде санитариялық тазалаў хызметиниң сапасы айырым мәмлекетлик уйымлар тәрепинен үйренилмекте. Бирақ бул процессте нормаларға толық әмел етпей атырған жағдайлар бақланбақта. Атап айтқанда, мәҳәллелерде сораўнамалар өткериў, хызмет көрсетилмеген жағдайларда «мәҳәлле жетилиги» ҳәм тутыныўшылар қатнасыўында протоколлар рәсмийлестириў талап етилсе де, айырым жағдайларда бул процесс толық орынланбастан баҳаланбақта. Бул болса кең додалаўларға себеп болмақта.

Ҳәзирги машқалаларды шешиў мақсетинде агентлик Республика жумысшы топарын шөлкемлестирип, аймақларда хызмет сапасы бойынша турақлы тексериўлер өткермекте. Егер хызметлер өз ўақтында ҳәм талап дәрежесинде көрсетилмеген болса, абонентлер пайдасына қайта есап-санақ әмелге асырылмақта. Сондай-ақ, өз ўазыйпасына жуўапкершиликсиз қатнаста болған санитариялық тазалаў кәрханалары менен дүзилген келисимлер бийкар етилмекте.

Мәселен, Наўайы ўәлаятында хызмет сапасын тәмийинлей алмаған «Berejlivost» санитариялық тазалаў кәрханасы менен дүзилген келисим бийкар етилип, аймақ ҳәм арнаўлы техникалар қайтарып алынды. Сондай-ақ, Ташкент ўәлаятында да абонентлерге тийисли дәрежеде хызмет көрсетпеген санитариялық тазалаў кәрханасы менен шәртнама бийкар етилиўи көрип шығылмақта.

Жаңа электрон система ҳәм автоматластырылған қадағалаў

Халыққа көрсетилип атырған хызметлердиң сапасын арттырыў мақсетинде Шығындыларды басқарыў агентлиги бир қатар жойбарларды әмелге асырмақта. Соның ишинде, физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге хызмет көрсетиў бойынша жаңа – «Таза мәкан» электрон биллинг системасы енгизилди.

Бул система шеңберинде шығынды тасыўға қәнигелестирилген барлық арнаўлы техникалар «Таза мәкан» ГПС электрон бақлаў системасына жалғанып, онлайн мониторинг имканияты жаратылды. Ҳәзирги ўақытта 3 мыңнан артық арнаўлы техника усы системада дизимнен өткерилген болып, Жиззақ ўәлаятында сынақ түринде жумыс баслады.

Сондай-ақ, Республика бойынша 9 мыңнан артық мәҳәлле ҳәм 3 мыңға шамалас көп қабатлы турақ жайлар ушын қурылған шығынды жыйнаў шақапшаларының анық геогорфиялық жайласыўы ҳәм кадастр мағлыўматлары қәлиплестирилмекте.

Бул жаңалықлар арқалы арнаўлы техникалардың шығынды жыйнаў майданшаларына кириў-шығыў ўақытлары анық есаплап барылады. Нәтийжеде қатты турмыслық шығындылар өз ўақтында алып кетилиўи тәмийинленеди ҳәм халық тек ғана әмелге асырылған хызметлер ушын төлемди әмелге асырыў имканиятына ийе болады.

М.Тошқораева,

ӨзА