Сенаттың төртинши жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирмекте

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының төртинши жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирмекте. Онда Сенат ҳәм Ҳүкимет ағзалары, министрлик ҳәм уйымлардың басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнаспақта.
Сенат Баслығы Танзила Норбоева басқарып атырған жалпы мәжилис видеоконференцбайланыс системасынан пайдаланған ҳалда өткерилмекте. Жалпы мәжилис Сенаттың YouTube тармағындағы рәсмий бети арқалы онлайн сәўлелендирилмекте.
Жалпы мәжилистиң екинши жумыс күнинде шығындыларды топлаў ҳәм алып шығыў хызметлерин көрсетиў тараўында төлем тәртибин беккемлеў, донорлық ҳәрекетин қоллап-қуўатлаў, шаңарақ ҳәм ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў системасын жетилистириў, халыққа суд додалаўларында аралықтан қатнасыў ушын және де қолайлы шараятлар жаратыў, жазаны орынлаў мәкемелеринде жаза мүддетин өтеп атырған қамақтағылар ушын аралықтан видео-ушырасыўлар өткериў, Жынаят кодексиниң 244-статьясына өзгерис киргизиўге байланыслы нызамлар көрип шығылады.
Мәжилисте көрип шығылатуғын барлық мәселелерди толық сәўлелендирип барамыз.
Н.Абдураимова, Н.Ҳайдаров (сүўрет), ӨзА