Алкоголь ҳәм темеки өнимлерин ислеп шығарыўда мәмлекетлик қадағалаў жетилистириледи

«Алкоголь ҳәм темеки базарын тәртипке салыў системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы ғы Нызам қабыл етилди.
Усы Нызам менен «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы ҳәм «Лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары ҳаққында»ғы нызамларға Алкоголь ҳәм темеки базарын тәртипке салыў инспекциясының тутыныў ҳәм техникалық этил спирти, алкоголь ҳәм темеки өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм олардың көтере саўда тараўында лицензиялаў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдаларына, сондай-ақ, олардың көтере саўдасына байланыслы талапларға әмел етилиўи үстинен қадағалаўды әмелге асыратуғын ўәкилликли мәмлекетлик уйым сыпатындағы ўәкилликлерин анықластыратуғын өзгерислер киргизилмекте.
Буннан тысқары «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы Нызамда тутыныў ҳәм техникалық этил спирти, алкоголь өнимлерин ислеп шығарыўға, сондай-ақ алкоголь өнимлериниң көтере саўдасына байланыслы жумысқа берилген лицензия ушын жыллық мәмлекетлик бажы төлеў мүддети белгиленбекте.
Онда гезектеги жыллық төлеў лицензиядан пайдаланыўдың кейинги жылы басланғанынан кеминде 30 күн алдын төленеди, кейинги төлеў белгиленген мүддетте төленбеген жағдайда, лицензияның әмел етиўи тоқтап турылады.
Сондай-ақ, «Алкоголь ҳәм темеки өнимлериниң тарқатылыўын ҳәм пайдаланылыўын шеклеў ҳаққында»ғы Нызамға пиво ҳәм пиво ишимликлериниң көтере саўдасына байланыслы, сондай-ақ, темеки өнимлериниң көтере ҳәм усақлап сатыў саўдасына байланыслы жумыс ўәкилликли мәмлекетлик уйымға бундай жумыс басланыўы ҳаққында хабарнама жибериў жолы менен әмелге асырылыўы мүмкин екенлигин нәзерде тутатуғын норма киргизилмекте.
ӨзА