Банклердеги аманатларды қорғаўға байланыслы нызам қабыл етилди

Ҳүжжет пенен, бир банкте бир аманатшыға төленетуғын компенсация муғдарлары белгиленди.
Усы жылы 18-февраль күни «Банклердеги аманатларды қорғаў кепилликлери ҳаққында»ғы ӨРН-1031-санлы нызам қабыл етилди.
Нызам физикалық тәреплердиң, соның ишинде, жеке тәртиптеги исбилерменлердиң, сондай-ақ, юридикалық тәреплердиң банклердеги аманатларын кепиллеў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салады.
Аманатларды кепилликлеў агентлиги банклердеги аманатлардың қорғалыўын кепилликлеў тараўындағы ўәкилликли уйым болып есапланады.
Аманатларды кепиллеў системасы кепиллеў ҳәдийсеси пайда болғанда Агентлик тәрепинен аманатшыларға компенсацияларды төлеў арқалы аманатшылардың ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин мәмлекет тәрепинен қорғаўға қаратылған илажлар комплекси болып есапланады.
Банк, микроқаржы банки ҳәм нызамшылыққа муўапық шөлкемлестирилген аралық банк лицензия берилген ўақыттан баслап кепиллеў системасының қатнасыўшысына айланады.
Бир банкте бир аманатшыға төленетуғын компенсация төменедеги муғдарды қурайды:
кепиллеў объекти қалдығының толық көлемин, егер оның муғдары 200 миллион сум ямаса оннан аз болса;
200 миллион сумды, егер кепиллеў объектиниң қалдығы 200 миллион сумнан көп болса.
Агентлик сапластырып атырған банк аманатшыларының кеминде төрттен үш бөлегине компенсацияларды алдын алыў имканиятын төмендеги мүддетлерде тәмийинлеўи шәрт:
– 2025-жыл 1-январьдан баслап – кепиллеў ҳәдийсеси пайда болған сәнеден баслап 20 жумыс күни ишинде;
– 2026-жыл 1-январьдан баслап – кепиллеў ҳәдийсеси пайда болған сәнеден баслап 15 жумыс күни ишинде;
– 2027-жыл 1-январьдан баслап – кепиллеў ҳәдийсеси пайда болған сәнеден баслап 7 жумыс күнинде.
Бул Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги