Медициналық хызметти жақсылаў ушын барлық мүмкиншилик иске қосылмақта

Қарақалпақстан Республикасы аймақлық балалар медициналық реабилитация орайында Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын пресс-тур шөлкемлестирилди. Дәслеп орайда баспасөз конференциясы өткерилип, онда қатнасыўшыларға усы орай директоры Г.Назарымбетова тәрепинен 2024-жыл даӯамында әмелге асырылған жумыслар ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берилди.
Қарақалпақстан Республикасы аймақлык балалар медициналық реабилитация орайы Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 7-июльдеги «Қарақалпақстан Республикасында 2022-2024-жылларда халықтың саламатлығын қорғаўды және де күшейтиў ҳаққында”ғы қарарына муўапық шөлкемлестирилген болып, 2023-жылдың 21-февралынан баслап Қарақалпақстан Республикасы бойынша созылмалы кеселлиги ҳәм майыплығы бар 18 жасқа шекемги балаларға медициналық реабилитациялық хызмет көрсетип келмекте. Орай 120 орынға мөлшерленген болып, төрт бөлимнен, атап айтқанда, ҳәр бири 30 орынлық травматология, пульмонология, неврология ҳәм кардиоревматология бөлимлеринен ибарат.
Орайдың тийкарғы ӯазыйпаларының бири 18 жасқа шекемги майып ҳәм наӯқас балалардың жасаӯ шараятын жақсылаӯ, соның менен бирге, денсаӯлығын қайта тиклеӯ (реабилитация) арқалы емлеӯ, майыплылықтың алдын алыӯ, кеселликлердиң профилактикасы ҳәм медициналық реабилитация бойынша жоқары технологияларға тийкарланған қәнигелестирилген жәрдемге мүтәжликти қанаатландырыӯдан ибарат. Усы ӯазыйпаларды әмелге асырыӯ мақсетинде орайда заманагөй медициналық әспап-үскенелер менен тәмийинленген лаборатория, физиотерапия бөлимлери шөлкемлестирилген, тар тараӯ қәнигелеринен ибарат отоларинголог, окулист, психотерапевт, стоматологлар жумыс ислемекте.
Қарақалпақстан Республикасы бойынша бүгинги күнде 18 жасқа шекемги балалар саны 676485ти, солардан майыплылығы болған балалардың саны 11683ти ҳәм созылмалы кеселлиги бар балалар саны 33527 ни қурайды. Қарақалпақстан Республикасы аймақлық балалар медициналық реабилитация орайында 2024-жыл даӯамында майыплығы ҳәм созылмалы кеселлиги бар 3121 бала емленип шыққан.
Орайға 2024-жыл даӯамында майыплығы ҳәм созылмалы кеселлиги бар 3121 бала қабыл етилген. Олардың 528 (16,9%)ин майыплығы бар ҳәм 2593 (83,1%)ин созылмалы кеселлиги бар балалар қураған.
Бирлеспениң лаборатория бѳлими заманагѳй әспаб-үскенелер менен тәмийинленген болып, онда емлеўхананың бѳлимлеринде стационар шараятта жатып емленип атырған наўқаслардан улыўма клиникалық (улыўма сидик анализи, капрология, яйца глист), гемотологиялық (улыўма қан анализи, қанның уйыўшылығы, тромбоцит муғдары), биохимиялық анализлер (мочевина, креатинин, улыўма белок, глюкоза, АЛТ, АСТ, улыўма билирубин, кальций, темир) алынып, тексериў жумыслары алып барылады.
– Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси Президиумыныӊ 2023-жыл 10-ноябрь күнги арнаўлы қарарына муӯапық, орайды жаңадан үскенелеӯ ушын 2 миллиард 270 млн сум муғдарында қаржы ажратылды. Усы қаржылардың есабынан орайдыӊ лаборатория бөлимине 15 түрдеги медициналық аппаратлар алынды. Атап айтқанда, ЭКГ, УЗИ, санлы рентген, ТМС, ЭНМГ аппаратлары, ал физиотерапия бөлимине 3 түрдеги аппарат сатып алынып, балаларға медициналық хызмет көрсетиўдиң сапасы ҳәм нәтийжеси әдеўир жақсыланды,-дейди орай директоры Г.Назарымбетова.
Сондай-ақ, “Меҳирли инсанлар” қоры жәмәәти менен биргеликте алып барылған жумыслар нәтийжесинде Вашингтон қаласындағы Өзбек диаспорасы тәрепинен берилген қаржылай жәрдемниң арқасында орайдыӊ неврология бөлиминиӊ балалар дем алыӯ ханасы ҳәм ЛФК ханасы заман талабына сай үскенелер менен тәмийинленип берилди.
Олар швед дийӯалшасы, вертикализаторлар, реабилитациялық стул, жүриӯ масламасы, ембеклеӯ ушын арнаӯлы топлам, сенсорлы жүриӯ жолы, жумсақ модульлер топламы, велотренажёр, фитболлар, жүриӯди тиклеӯ тренажёры балалар батути ҳәм т.б.
Пресс-турда қатнасыўшылар орайда жаратылған шараятлар менен таныстырылды. ЭКГ, санлы рентген аппараты, УФО «Сольнышко», электрофорез Зинга, дарсонваль, электрофорез «Поток», световая ванна, соллюкс, стоматологиялық қурылма, УЗИ, ТМС, ЭНМГ аппаратлары орнатылған ханаларды көрип, онда емленип атырған балалар ҳәм ата-аналары менен сәўбетлести.
- Мен Кегейли районынан қызымды емлетиў ушын бул жерге жетинши мәрте келиўим. Емлеўхана шыпакерлери ҳәм мийирбийкелери қызыма жақсы қарап атыр. Ҳәзир ток пенен емлеў аппаратына түсирип атыр. Қызымның жағдайы бурынғыдан әдеўир жақсыланды. Қоллары ҳеш нәрсени сезбейтуғын еди. Ҳәзир сезип ҳәрекет етиўге урынып атыр. Мен буннан оғада қуўанышлыман, шыпакерлерден миннетдаршылығым шексиз,-дейди Г.Раўажова.
Мағлыўмат ушын атап өтетуғын болсақ, реже бойынша орайда 1 айда 252 наӯқас бала 3396 орын күнлеринде 13,6 күн даӯамында стационар шараятында емленип шығыӯы керек болса, 2024-жыл даӯамында 3121 (104%) наӯқас бала 40354 (98,2%) орын күнлеринде 12,9 (94,9%) күн даӯамында стационар шараятында емленип шықкан.
Пресс-тур даўамында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги