«Реал Мадрид» «Атлетико Мадрид»ке қарсы ойнайды

266

Футбол бойынша Европа чемпионлар лигасының 1/8 финал басқышына шек таслаў мәресими болып өтти.

Оған бола, Англияның «Астон Вилла» клубы Бельгияның «Брюгге», Дортмундтың  «Боруссия»сы Францияның «Лилль», Нидерландияның «ПСВ» командасы Лондонның «Арсенал», Роттердамның «Фейеноорд»ы  Италияның «Интер», Францияның «ПСЖ» клубы Англияның «Ливерпуль», Португалияның «Бенфика»сы Испанияның «Барселона» клублары менен ойнайтуғын болды.

Сондай-ақ, 1/8 финал басқышында Испания ҳәм Германия клублары бир-бирине қарсы ойнайды. Атап айтқанда, «Атлетико Мадрид» «Реал Мадрид»ке, «Байер» «Бавария»ға қарсы майданға түседи.

1/8 финалдың дәслепки ойынлары 4-5-март, жуўап ойынлары болса, 11-12-март күнлери болып өтеди.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы