Қызықшы әскерлер арасында

245

Арқа-Батыс әскерий округи әскерлери сәркардалығының басламасы менен күлки устасы Аваз Охунның қатнасыўында Нөкис гарнизонындағы Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайында “Жаңасынан бар” атлы концерт бағдарламасы қойып берилди,-деп хабар бермекте округтиң баспасөз хызмети.

Күлкиге бай өткен юмор-сатиралық бағдарлама қыс мәўсиминиң усындай күнлеринде кеўиллерге жыллылық алып кирип, есте қаларлықтай болды.

Әскерий хизметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының дем алыўын мазмунли шөлкемлестириў, мәдений дем алыўын тәмийинлеў мақсетинде өткерилген илажда күлки устасы өзиниң қызықлы ҳәм мазмунға бай әңгимелери менен қатнасты.

Аваз Охунның өткир әңгимелеринде әпиўайылық, инсанлардың турмысынан алынған жағдайлар қамтып алынған. Ер-ҳаял қатнасығы, балалар сәўбетлесиўи, жумыстағы жағдайлар, турмыстың ашшы ҳәм шийрин мағлыўматлары – булардың барлығы сөз устасының бай дөретиўшилик репертуарынан орын алған.

– Концерт оғада қызықлы өтти,-дейди майор З.Алижоновтың өмирлик жолдасы Диёра Алижонова. – Перзентлерим де Аваз Охунның ықласбентлери. Ол басқа дөретиўшилерден турмыслық пикирлери менен ажыралып турады. Ҳәттеки, юморында да тәрбиялық әҳмийетке ийе болған көплеген сөзлерди табыўыңыз мүмкин.

Әскерий округ сәркардасының орынбасары, подполковник Лочин Расулов дөретиўшиге жеке қурам атынан өз миннетдаршылығын билдирип, қарақалпақ миллий орнаменти түсирилген естелик саўғаларын тапсырды.

Концерт соңында белгили артист пенен әскерий округ тарийхы музейине саяхат шөлкемлестирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги