Жаңа китаптың презентациясы өткерилди

Қарақалпақстан Республикасы «Бердақ» жәмәәт қоры Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пукаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-куўатлаў Жәмийетлик қоры тәрепинен 2024-жылы 1-апрельден 2-майға шекем өткерилген «Жаслардың машқалаларын шешиўге, басламалары ҳәм заманагөй идеяларын алға қойыўға қаратылған жойбарларды қоллап-куўатлаў» атамасындағы мәлекетлик гранты 1-таңлаўына «Қарақалпақ этно аўылы» атамасындағы жойбары менен қатнасып жеңимпаз болды.

Бердақ атындағы Қарақалпақ әдебияты тарийхы мәмлекетлик музейинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-куўатлаў жәмийетлик қоры тәрепинен қаржыландырылған Қарақалпақстан «Бердақ» жәмәәт қоры тәрепинен әмелге асырылған «Қарақалпақ халкының кәсип түрлери. Ақ отаў» атамасындағы китаптың презентациясы болып өтти. Бул китап «Қарақалпақ этно аўылы» атамасындағы грант жойбары тийкарында жойбар басшысы, Қарақалпақстанға мийнети сиңген мәденият хызметкери Ш.Пайзуллаева ҳәм журналист Р.Арзиевлардың авторлығында баспадан шықты.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Мәдений мийрас басқармасы, Өнерментлер басқармасынан, Туризм басқармасы, Мәкан пуқаралар жыйынларынан, жоқары окыў орынлары, кәнигелестирилген көркем өнер мектеплериниң ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты. Презентацияда Қарақалпақстан «Бердақ» жәмәәт қоры директоры, жойбар басшысы Ш.Пайзуллаева жыйналғанларға китап ҳаққында ҳәм жойбар бойынша толық мағлыўматлар берип өтти.

«Қарақалпақ отаўы өзиниң дүзилиси, көриниси ҳәм безелиўи менен халқымыздың узақ әсирлик мийрасы болып табылады. Отаўдың безелиўинде жигирмадан аслам буйымлар ислетилген. Ақбасқур, қызыл басқур, қурлар, ишки ҳәм сыртқы жанбаўлар, есик қас, белқурлар-булардың барлығы да өнерментшиликтиң жетилискен түрлери, ҳаял-қызлардың уқып ҳәм шеберликлеринен ғәрезли» – дейди жойбар басшысы, Қарақалпақстанға мийнети сиңген мәденият хызметкери Ш.Пайзуллаева. Илаж соңында оқыўшылар китап бойынша өзлериниң қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.
Азизбек Дабылов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы
(автордың түсирген сүўретлери)