Суў спорты жарысларына таярлықты арттырыў мәселелери додаланды

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 13-февраль күни олимпиада ҳәм паралимпия ҳәрекети, қәнигелестирилген ҳәм ғалабалық спортты жаңа басқышқа алып шығыў ҳәм халықтың физикалық белсендилигин арттырыў илажларына бағышланып өткерилген видеоселектор мәжилисинде ўазыйпалар белгиленип, 18-февраль күнги Өзбекстан суў спорты Федерациясының гезектеги конференциясында да усы мәселеде бир қатар тапсырмалар берилди.
Белгиленген ўазыйпа ҳәм тапсырмалардың орынлаўын тәмийинлеў мақсетинде усы жыл 21-февраль күни Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңеси мәжилислер залында Өзбекстан суў спорты Федерациясы Қарақалпақстан бөлиминиң гезектеги мәжилиси болып өтти.
Мәжилисте Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңесиниң баслығы, Өзбекстан суў спорты Федерациясы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы У.Жалменов, Қарақалпақстан Республикасы Спорт министрлиги ҳәм Өзбекстан суў спорты Федерациясы Қарақалпақстан бөлиминиң қәнигелери, жүзиў бойынша тренер-устазлар қатнасты.
Мәжилисте Өзбекстан суў спорты Федерациясы Қарақалпақстан бөлиминиң бүгинги күнге шекем алып барылған жумыслары ҳәм жүзиў бассейнлериниң жағдайы, сондай-ақ, суў спорты жарысларына таярлық дәрежелерин және де арттырыў, спортшыларымызды жарысларға алып шығыў ҳәм суў спортына жасларды кеңнен қамтыў мәселелери ҳаққында мағлыўматлар берилип, кең түрде додаланды.
Илаж даўамында Өзбекстан суў спорты Федерациясы Қарақалпақстан бөлиминиң жумысларын шөлкемлестириў ҳәм ҳәрекетлениў «Жол картасы»н ислеп шығыў бойынша мәселелер белгилеп алынды.

Сондай-ақ, жүзиў спорт түри бойынша өткерилетуғын чемпионат, кубок ушын өткерилетуғын жарысларға таярлық көриў ҳәм жарыс нәтийжелерине жуўапкер етип Өзбекстан суў спорты Федерациясы Қарақалпақстан бөлимине Ислам Қудайбергенов, Қарақалпақстан Республикасы бойынша аға тренери ҳәм жаслар тренери етип Жавоҳир Матрзаев сайланды.
Илаж жуўмағында қатнасыўшылардың пикир-усыныслары тыңланып, олар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Ә.Жийемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги