СИЯСИЙ ПАРТИЯЛАР ТУРМЫСЫНАН

Тақыятас районы ҳәкимлиги, районлық Мәҳәлле ҳәм шаңарақларды қоллап-қуўатлаў бөлими, абаданластырыў бөлими тәрепинен кем тәмийинленген шаңарақтың турақ жайы оңланып берилди.

Апалы-сиңлили Зухра ҳәм Феруза  Файзуллаевалар бир нешше жылдан берли район орайындағы «Нурлы келешек» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасап келмекте. Ата-анасынан ерте жетим қалған олардың жасап келген бес бөлмели турақ жайы авариялық жағдайда болып, оңлаўға материаллық шараяты жоқ еди. Район ҳәкимлиги, районлық Мәҳәлле ҳәм шаңарақларды қоллап-қуўатлаў бөлими, абаданластырыў бөлими тәрепинен апалы-сиңлилердиң жасаў жағдайы үйренип шығылып ҳәм тийисли жәрдем бериў бойынша шешим қабыл етилди.

Бундай қайырлы исте O’zLiDeP тен сайланған районлық Кеңестиң депутаты Азат Матмуратов өзи басшылық ететуғын Абаданластырыў бөлими жәмәәти менен биргеликте қысқа мүддетте турақ жайды оңлап берди. Буннан тысқары, турақ жай әтирапында абаданластырыў жумыслары да алып барылды.

-Бүгинги коронавирус пандемиясы шараятында халық ўәкили болған депутатлар пуқараларды тәшўишлендирип киятырған күнделикли мәселелерди шешиўде бәрқулла излениўде болыўы керек,-дейди Азат Матмуратов.-Егерде сайлаўшылардан қандай да бир мәселе бойынша мүрәжат келип түссе ғана жәрдем беремен деген көзқараста болатуғын болсақ, адамларға ҳеш қашан пайдамыз тиймейди. Керисинше халық пенен ҳәмийше бирге болып, сайлаўшылардың исенимин ақлаўға, олардың бүгинги күннен разы болып, ертеңги күнге уллы мақсет пенен жасаўына өз үлесимизди қосыўға ҳәрекет етиўимиз керек.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги