Усы жылдың 30-июнь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиӊ басшылығында мәмлекетимиздеги барлық ҳуқық қорғаў уйымлары менен әдил судлаўды тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бағдарындағы ўазыйпаларды додалаўға арналған видеоселектор мәжилисинде елимизде әдил судлаў әмелге асырылмаса, коррупция ҳәўиж алып, инсан ҳукыкларының бузылатуғынлығы, инвесторлар, исбилерменлер ҳәм адамлардың мәмлекетке деген исениминиң жоғалатуғынлығы айрықша атап өтилди.

Ҳакыйқатында да, соңғы жыллары елимизде суд ҳәм басқа тараўларда алып барылып атырған реформалар, нызамшылыққа киргизилип атырған қосымша ҳәм өзгерислер өзиниң унамлы натийжесин бермекте. Деген менен, әдил судлаў әмелге асырылып, коррупция менен қатаң гүрес алып барылмаса, ҳеш бир тараўда раўажланыў ҳәм алға илгерилеў болмайды. Керисинше, сиясий, экономикалық ҳәм басқа да тараўларда талан-таражлық жүз береди.

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 112-статьясында судьялардың еркин екенлиги,  олардың тек ғана нызамға бойсынатуғынлығы, олардың әдил судлаўды әмелге асырыў бағдарындағы жумысына қандай да бир тәризде араласыў нызамға муўапық жуўапкершиликке себеп болатуғынлығы белгилеп қойылған. Сонлықтанда Президентимиз суд жумысына араласыўға ҳеш кимниң ҳақысы жоқ екенлигин, судлардың пуқаралар ҳәм исбилерменлердиң пайдасына шығарған қарарлары себепли оларға қандай да бир басшы адамлар, лаўазымлы шахслар басым өткерсе, бул реформалар ушын қыянет екенлигин ескертип өтти. Қала берсе, буннан былай судьяларды ўәлаят, район (қала)дағы суд жумыслары менен байланыслы болмаған түрли мәжилислерге бириктириўге жол қойылмайды.

Және бир итибар беретуғын тәрепи, Президентимиз бир ай муддет ишинде алдынғы тәжирийбелер ҳәм ҳалықаралық стандартлар тийкарында, суд систамасын “бир судбир инстанция” бағдары тийкарында қайта көрип шығылыўы зәрүр екенин, келешекте район (қала)да ислер тек биринши инстанцияда, ўәлаятта – апелляция, ал Жоқары судта кассация формасында көрилетуғынлығына айрықша итибар қаратды. Сондай-ақ, Судьялар Жоқары мектебинде судьялардың қәнигелигин аралықтан билимлендириў арқалы арттырыў лазымлығын, сондай-ақ, судьялыққа талабанларды таярлаў ушын ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлерин, министрликлер ҳәм ири компаниялардың юристлерин тийкарғы жумысынан ажыратпаған ҳалда шәртнама тийкарында, сыртқы, кешки ҳәм аралықтан оқытыў системасын жолға қойыў, Судьялар Жоқары мектебинде «Инсан ҳуқықлары ҳәм ҳалықаралық ҳуқық кафедра»сын ашыў, ҳәр жылы кеминде 50 судья ҳәм судьялыққа талабанларды раўажланған сырт еллердиң билимлендириў мәкемелеринде халықаралық саўда, инвестиция, корпоратив ҳуқық ҳәм басқа бағдарларда оқытыў әмелге асырылады. Судья лаўазымында ислеўши ҳаял-қызлардыӊ саны азшылықты қурайтуғыны себепли, келешекте гендер теңлигине де итибар қаратылады.

Болып өткен ушырасыў барлық ҳуқық қорғаў уйымлары ушын жаңа бағдарларды белгилеп берди , десек қәтелеспеймиз.

 

Низаматдин АБДАКИМОВ,

Қоңырат районлар аралық пуқаралық ислер

бойынша судының  баслығы.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги