Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри Сардор Умурзоқовтың басшылығындағы мәмлекетимиз ҳүкимети делегациясы 6-8-июль күнлери Корея Республикасында болып, бир қатар сөйлесиўлер өткерди.

Дәслепки ушырасыў Корея Республикасы сыртқы ислер министри Кан Гён Хва менен болып өтти. Онда еки тәреплеме бирге ислесиўдиң кең көлемли мәселелери, сондай-ақ, тийкарғы бағдарлар бойынша шерикликти жеделлестириў перспективалары додаланды.

Жер жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеми тәрепинен дүнья жүзинде коронавирустың тарқалыўына қарсы гүресиўде ең жақсы нәтийжеге ерисилген мәмлекетлерден бири, деп тән алынған Корея Республикасының бул бағдардағы алдынғы әмелиятын Өзбекстанда енгизиў биз ушын оғада әҳмийетли. Соннан келип шығып, ушырасыўда пандемияға қарсы гүресиўде халықаралық ҳәрекетлерди бирлестириў ҳәм муўапықластырыўға келисилди.

Сөйлесиў даўамында ҳүкимет ҳәм министрлер дәрежесинде еки тәреплеме илажларды шөлкемлестириўге байланыслы мәселелер көрип шығылды.

С.Умурзоқов Корея Республикасы Бас министриниң орынбасары – экономика ҳәм қаржы министри Хонг Нам Ки менен де ушырасты.

photo_2020-07-07_22-14-29.jpg

Сөйлесиў даўамында еки мәмлекет арасындағы экономикалық бирге ислесиўдиң ағымдағы жағдайы талланды, оны кеңейтиў бойынша ўазыйпалар белгилеп алынды.

Сөйлесиў ўақтында Өзбекстан – Қубла Корея қатнасықлары айрықша стратегиялық шериклик статусына көтерилгени, жоқары дәрежедеги өз-ара сапар етиўлер даўамында ерисилген келисимлер толық ҳәм өз ўақтында әмелге асырылыўы тәреплер ушын бирдей пайдалы екени атап өтилди.

Өзбекстан ҳүкимети атынан Корея ҳүкимети ҳәм ири корпорацияларға мәмлекетимизге усынылған тест системалары, медициналық әсбап-үскенелер, Өзбекстанға жиберилген жоқары маман қәнигелердиң жәрдеми, қалаберсе, денсаўлықты сақлаў ҳәм халықтың социаллық жәрдемге мүтәж қатламларын қоллап-қуўатлаўға техникалық жәрдем көрсетиўди нәзерде тутатуғын «COVID-19»ға жедел жуўап илажларын көриў бағдарламасын әмелге асырыў мақсетинде грант ажыратыў ҳаққындағы қарары ушын миннетдаршылық билдирилди.

Өзбекстанның Корея Республикасы Президенти тәрепинен жүргизилип атырған «Жаңа Арқа сиясат»ты қоллап-қуўатлаў ҳәм усы баслама шеңбериндеги перспективалы жойбарларды әмелге асырыўға ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетиў нийети исенимли екени айтылды. Бул бағдарлама Кореяның Орайлық Азия мәмлекетлери менен саўда көлемин сезилерли дәрежеде арттырыўға, Корея ҳәм регион мәмлекетлери арасында аўыл хожалығы, автомобиль қурылысы, денсаўлықты сақлаў, фармацевтика ҳәм МКТ сыяқлы тараўларда инвестициялық бирге ислесиўди хошаметлеўге бағдарланған илажларды жеделлестириўге қаратылған.

Корея экономика ҳәм қаржы министрлиги менен биргеликте 2021-2023-жылларға мөлшерленген Өзбекстан – Корея финанслық-техникалық бирге ислесиўдиң жаңа 3 жыллық бағдарламасын ислеп шығып, структураның бюджетин 1 миллиард долларға жеткериў басламасы қоллап-қуўатланды.

Бизге белгили, ҳәзирги ўақытта 2018-2020-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасы жуўмақланбақта. Бағдарлама шеңберинде денсаўлықты сақлаў, геодезия ҳәм картография, МКТ ҳәм билимлендириў тараўларына байланыслы жәми 500 миллион доллар муғдарындағы 6 жойбар әмелге асырылмақта.

Корея тәрепи тийисли тәртип ҳәм процесслерди жеделлестириў ҳәм Корея халықаралық бирге ислесиў агентлигиниң қатнасыўында әмелге асырылыўы режелестирилген бир қатар жаңа жойбарларды алға қойыў арқалы Корея Эксимбанки ҳәм Экономикалық раўажланыў ҳәм бирге ислесиў қоры (EDCF) менен биргеликте жаңа жойбарлардың әмелге асырылыўын қоллап-қуўатлаўға таяр екенлигин билдирди. Тийкарғы тармақлардағы перспективалы жойбарларға айрықша итибар қаратылды.

Корея Республикасы Өзбекстанның Жәҳән саўда шөлкемине ағза болыўы шеңберинде еки тәреплеме бирге ислесиўди қоллап-қуўатламақта. Атап айтқанда, Өзбекстанның ЖДСШға ағза болыўы бойынша Жумысшы топардың баслығы – Кореяның Женевадағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшисиниң әмелий жәрдеми ҳәм Корея халықаралық экономикалық сиясат институты менен Өзбекстанның ЖДСШға ағза болыў ақыбетлерин баҳалаў бойынша тығыз бирге ислесиў алып барылып атырғаны атап өтилди. Өзбекстанның шөлкемге ағза болыўы ҳәм көп тәреплеме глобаллық саўда системасына интеграцияласыўы өз-ара саўда көлемин буннан былай да арттырыў ушын жаңа имканиятлар ашатуғыны атап өтилди.

Буннан тысқары, Корея ҳүкимети Арал апатшылығының ақыбетлерин азайтыў бойынша Өзбекстанда көрилип атырған илажларды қоллап-қуўатлаўға таяр екенлиги билдирилди. Бул бағдарда Аралбойы аймағы ушын инсан қәўипсизлиги бойынша көп шериклик тийкарындағы Траст фондының жумысын қоллап-қуўатлаў мәселеси көрип шығылады.

Сондай-ақ, еки мәмлекеттиң Бас министрлери орынбасарларының 3-ушырасыўын быйыл сентябрь айында өткериў бойынша да келисимге ерисилди.

Сапар шеңберинде Корея халықаралық бирге ислесиў агентлиги «KOICA» президенти, мәмлекеттиң саўда, санаат ҳәм энергетика министри, Корея Эксимбанкиниң баслығы, Саўда, санаат ҳәм энергетика министрлиги жанындағы Корея – Өзбекстан бизнес ассоциациясы (КӨБА), Корея Республикасының Миллий Ассамблеясы спикериниң орынбасары ҳәм басқа да жоқары лаўазымлы шахслар менен ушырасыўлар шөлкемлестирилди.

Сөйлесиўлер даўамында инвестициялық бирге ислесиўди раўажландырыў, соның ишинде, жоқары дәрежедеги сапарлар ўақтында ерисилген келисимлерди әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды. Мағлыўматларға қарағанда, мәмлекетлеримиз арасында жолға қойылған 79 ири инвестициялық жойбардың улыўма баҳасы ҳәзирги күнде 17,3 миллиард долларды қурайды. Өза-ара саўда процесинде де айқын унамлы өзгерислер көзге тасланады. 2019-жылдың жуўмақларына бола, мәмлекетлеримиз арасында саўда айланысы 27 процентке артып, 2,7 миллиард долларды қурады. Бул өткен 5 жыл даўамында дизимге алынған ең жоқары көрсеткиш. Ушырасыў қатнасыўшыларының улыўма пикирине бола, өз-ара саўда көлемин 2023-жылда 5 миллиард долларға жеткериў ушын барлық имканиятлар бар.

Саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша Өзбекстан – Корея Республикасы ҳүкиметлераралық комитетиниң гезектеги 10-мәжилисин өткериў, сондай-ақ, быйыл октябрь айында Сеулде еки мәмлекет исбилермен топарларының бизнес-форумын шөлкемлестириў бойынша да келисимге ерисилди.

Сапар жуўмағына бола, мәмлекетлераралық бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары белгилеп алынды, улыўма ўазыйпаларды орынлаў ушын биргеликтеги ҳәрекетти даўам еттириўге ҳәр еки тәрептиң таяр екенлиги атап өтилди.

 

Ғайрат ХОННАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы