Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 8-июль күни видеоселектор мәжилиси алдында коронавирус инфекциясына қарсы гүресиў шеңберинде елимизде әмелге асырылып атырған жумысларға айрықша тоқтап өтти.
Мәмлекетимиз басшысы, атап айтқанда былай деди:
-Ҳәммемиз гүўасы болып турмыз, тилекке қарсы, пүткил дүньяда коронавирус пандемиясы даўам етпекте. Дүньяның бир қатар еллеринде кеселликтиң екинши толқыны басланып атырғаны барлығымызда үлкен қәўетерлениў оятпақта.
Бүгинги жағдай соны көрсетпекте, бул инфекцияға қарсы гүресиўде қандайда бир «сыйқырлы рецептлер» елеге шекем жоқ.
Дүнья жәмийетшилиги, дүньядағы ең ири илимий орайлар, ең күшли илимпазлар бул апатшылықтың емин табыў ушын қатты изленбекте. Бундай изертлеўлер тез арада өзиниң унамлы нәтийжесин береди, деп үмит етемиз.
Ҳәзирги күнде республикамызда кеселликке шалынғанлар саны 10 мың 982 ге, тәўир болғанлар саны 6 мың 890ға жетти.
Медицина ҳәм санитариялық-эпидемиология хызметкерлериниң кәсиплик шеберлиги ҳәм мәртлиги, ҳуқық-қорғаў уйымлары хызметкерлериниң пидайылығы, сондай-ақ, карантин дәўириндеги қатаң тәртип-интизам елимизде эпидемиологиялық жағдайды әдеўир турақлы сақлаў имканиятын бермекте.
Бирақ бул арқайынлыққа берилиў, мәселеге жеңил-желпи қараў ушын тийкар болмаўы керек. Себеби июль айының биринши ҳәптесинде наўқаслардың саны 2 мың 167 ге көбейген. Соннан 1 мың 267 (58 процент) жағдай халықтың арасында анықланған.
Бул карантин дәўириндеги ең жоқары көрсеткиш болып есапланады. Тилекке қарсы, наўқаслар арасында өлимшилик саны да көбейип бармақта. Бул барлығымызды аўыр тәшўишке салыўы шәрт.
Биз елимизде коронавирус анықланған күннен баслап қайта-қайта айтып өтпектемиз: бул жүдә қыйын сынақ ҳәм аўыр гүрес болады.
Бул гүресте көп нәрсе өзимизге байланыслы, ақыл менен ҳәрекетимизге, сабыр-тақатымызға темир тәртип пенен, исенимли ҳәм аўызбиршиликте гүресиўимизге байланыслы.
Бирақ, тилекке қарсы, халық арасында көпшилик мине усы талапларға толық әмел етпей атыр.
Әсиресе, медициналық нықап тақпаў ямаса оны көзабаға тағыў, санитариялық-гигиеналық қағыйдаларды бузыў, өз-ара қол берип көрисиў, жәмийетлик аралықты сақламаў, зәрүрликсиз шаңарақлық илажларды өткериў жағдайлары күн сайын көбеймекте.
Орынларда «жасыл», «сары» ҳәм «қызыл» аймақ принципи толық ислемей атыр.
Биз бул бойынша жағдайды өзгертиў ушын бәринен бурын жәмийетлик қадағалаўды күшейтиўимиз керек.
Жүзеге келген жағдайды есапқа алып, Республикалық комиссия ўәлаят, қала, районлар ҳәкимлери және сектор басшылары менен бирге пандемияны жылаўлаў лап турыў бойынша барлық илажларды көриўи шәрт.
Тийисли басшылар өзине бириктирилген ҳәр бир ўәлаят кесиминде халықтың белгиленген шеклеўлерге қатаң әмел етиўи ҳәм карантин талапларының орынланыўы үстинен, сол жерлерге барған ҳалда қадағалаў орнатсын.
Әлбетте, биз қоңсы мәмлекетлерде айырым себеплерге бола қалып кеткен Өзбекстан пуқараларын елимизге қайтарыў бойынша да тийисли илажларды көремиз.
Бирақ, жерлеслеримизге мүрәжат етип және бир мәрте атап өтпекшимен: пүткил дүньяда мың-мыңлаған адамлардың өлимине себеп болып атырған бундай қәўипли апатшылыққа бийпәрўа ҳәм жеңил қарап болмайды.
Кеселликтиң қандайда бир киши белгисин өзиңизде сездиңиз бе, дәрҳал шыпакерге мүрәжат етиң.
Өзиңизше үйде емленбең. Бул аўыр ақыбетлерге алып келиўи, ҳәм соңында өлим менен тамамланыўы мүмкин.
Өзиңизге ҳәм шаңарақ ағзаларыңызға бийпәрўа ҳәм итибарсыз болмаң!
Халқымыз, шаңарағымыз ҳәм перзентлеримиздиң саламатлығы менен өмири биз ушын ең уллы байлық екен, бул үлкен әҳмийетли мәселеде итибарсыз болып, карантин талапларын бузыўға ҳеш кимниң ҳақысы жоқ.
Буны ҳеш ким, бәринен бурын, барлық басшылар ҳәм жуўапкерлер ҳеш қашан умытпаўы шәрт.
Бүгинги қыйын жағдайда барлығымыз «Өз саламатлығыңды, өз балаңды, өз шаңарағыңды өзиң сақла!» деген сүренге әмел етип жасаўымыз шәрт.
Ҳәзирги ўақытта турмысымызды нормалластырыў, экономикамызды тиклеў ушын пандемия шараятында жасаўға ҳәм мийнет етиўге үйрениўимиз, барлық сақлық илажларын көрген ҳалда, бул бағдарда баслаған жумысларымызды темир тәртип пенен даўам еттириўимиз керек.
ӨзА