Түсиник
COVID-19 пайда болғанына да ярым жылдан асты. Бул ўақытта илимпазлар пандемияның алдын алыў ямаса оны сапластырыў бойынша еле үзил-кесил нәтийжеге ериспеди, бирақ излениўлер еле тоқтағаны жоқ. Қалаберсе, өткен алты ай кеселликтиң келип шығыўы бойынша түрли болжаўлар, мүмкиншиликлерди де таллап көриў ушын жетерли мүддет болды. Сонлықтан, дүнья илимпазлары пандемияның пайда болыўы бойынша түрли пикирлерди алға қоймақта.
Уйқыда болған вирус
Мәселен, Оксфордтағы дәлийлленген медицина орайының үлкен илимий хызметкери (Centre for Evidence-based Medicine, CEBM) Том Жефферсон күтилмегенде усындай жуўмаққа келди. Оның атап өтиўинише, SARS-CoV-2 коронавирус өткен қыста Уханьда пайда болғанға шекем уйқы жағдайында болған, ол тәбийғый факторлардың бир-бирине дурыс келиўи нәтийжесинде пайда болған.
Пүткил дүньядан алынған мағлыўматларға сүйенген ҳалда, илимпаз соны исенимли түрде атап өтпекте, вирус түрли мәмлекетлерде түрли ўақытта уйқыда болған. Мәселен, COVID-19 Қытайдың Ухань қаласында пайда болыўынан 9 ай бурын коронавирустың изи Барселонада ағын суўда табылған. Өткен жылы декабрь айында Турин ҳәм Миланда алынған үлгилер тап сондай нәтийжелерди берген.
«Вирус алдыннан усы жерде болған, деп ойлайман. «Усы жерде», дегенде мен «ҳәмме жерди» нәзерде тутып атырман. Үлкен болжаў арқалы айтыў мүмкин, биз уйқыдағы вирусқа дус келген болыўымыз мүмкин. Ол қоршаған орталыққа қарап жеделлескен», – деп жазады The Daily Telegraph газетасы илимпаздың сөзин келтирип.
Ол бул пикирлерине Қубла Георгиядан Буэнос-Айреске қарай жүзген саяхат кемесин мысал етип келтиреди.
«Кеме Уэделла теңизинен өтип атырғанда, яғный саяхаттың сегизинши күни коронавирус пенен байланыслы биринши жағдай дизимге алынды. Вирус таяр азық-аўқатта болған ба ҳәм ол музлатқыштан шығарылғаннан соң, аўқат еригеннен кейин жеделлескен бе?» – деп сораў береди илимпаз.
Жефферсон тап усыған уқсайтуғын жағдай сыпатында өткен әсирдиң басында тарқалған «испанка» пандемиясын келтиреди. 1918-жылдан 1920-жылға шекем усы грипп пенен планетамыз халқының үштен бири кесел болған. Ол шамалап 100 миллион адамдың қайтыс болыўына себепши болған. Илимпаз бул ўақыяларды таллап, Батыс Самоа халқының дерлик 30 проценти «испанка»дан қайтыс болғанына итибар қаратады. Себеби атаўдың халқы сол ўақытта сыртқы дүнья менен улыўма байланыста болмаған.
Қәнигениң пикиринше, оған тек сондай түсиник бериў мүмкин: вирус ҳеш жерден келмейди ҳәм ҳеш жерге кетпейди де.
«Олар бәрқулла усы жерде болған ҳәм гейде бир нәрсе оларды жеделлестирип жибереди. Дүнья халқының тығызласып баратырғанлығы ямаса экологиялық жағдай, яғный ҳаўа-райы өзгериўи оған себеп болып атырған болыўы мүмкин. Биз әне усыны үйрениўимиз зәрүр», – деп атап өтеди Жефферсон.
Илимпаздың пикиринше, вирус тек ғана адамнан адамға ҳаўа тамшылары арқалы емес, ал ағын суўлардан да жуғыўы мүмкин.
Және бир фактор белгили болды
Жақында, дүньяның 32 мәмлекетинен дерлик 240 илимпаз Жер жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкемине (ЖДСШ) хат жоллаған. Онда инфекцияның тарқалыў факторы сыпатында коронавирустың оғада майда элементлери ҳаўа арқалы жуғыўы мүмкин екенлигин тән алыў соралған, деп жазады «The New York Times».
ЖДСШ усы ўақытқа шекем вирус көпшилик жағдайларда наўқас адам жөтелгенде, түшкиргенде ямаса сөйлескенде дем алыў жолларынан ажыралып шығатуғын ири тамшылар арқалы жуғыўын атап келер еди.
Илимпазлардың атап өтиўинше, фактлер соны тастыйықламақта, вирус бөлмениң ҳаўасында турып қалған майда элементлер арқалы да жуғыўы мүмкин екен.
239 илимпаздың ЖДСШға усыныс сыпатында жазған бул хаты жақын күнлерде илимий журналларда жәрияланады, делинеди хабарда.
ЖДСШ қәнигелери болса, ҳәзирше коронавирустың ҳаўа арқалы жуғыўы бойынша дәлиллер оғада исенимли емес, деген пикирде.
«Соңғы еки ай ишинде биз коронавирустың ҳаўа-тамшылары арқалы жуғыў мүмкиншилиги бар екенлигин, бирақ исенимли дәлиллер менен дәлилленбегенин айтып келмектемиз. Бул мәселе бойынша кескин пикир-таласлар еле даўам етпекте», – дейди ЖДСШның инфекцияларды қадағалаў бойынша техникалық басшысы Бенедетта Аллегранци.
Авторлардың атап өтиўинше, егер инфекцияның ҳаўа-тамшы арқалы жуғыўы пандемияның тарқалыўында әҳмийетли факторларынан бири екени ҳақыйқат болса, ол жағдайда коронавирус пенен кеселленбеў ушын бир қатар жаңа илажлар қолланыў зәрүр болады. Соның ишинде, шыпакерлер бөлмелерде ҳәттеки социаллық аралық сақлаған жағдайда да майда элементлерди фильтрлейтуғын нықап тағып жүриўге туўра келеди. Буннан тысқары, жәмийетлик орынларда ҳаўаны тазалайтуғын система болыўы зәрүр, сондай-ақ, вирус элементлерин өлтиретуғын ультрафиолетли шыралар орнатылыўы керек.
Организмниң генетикалық дүзилиси көп нәрсени шешеди
Белгород мәмлекетлик миллий изертлеў унисверситетиниң профессоры, адамның молекуляр генетикасы лабораториясының баслығы Михаил Чурносовтың ТАСС агентлигине мәлим етиўинше, коронавирусқа шалыныў қәўпи ҳәм кеселлениў себепли жағдайдың төменлеўи ҳәр бир инсанның индивидуал генетикалық дүзилисине байланыслы.
Профессордың атап өтиўинше, инсан шалынатуғын кеселликлердиң дерлик 90 проценти аз ямаса көп дәрежеде оның генетикалық тәбиятына байланыслы болады. Коронавирус инсан организмине түсти ме, ол кеселлик келтирип шығаратуғыны белгили, бирақ айырым адамлар генетикалық факторлар себепли кеселликке көбирек бейимлирек болады.
Оның қосымша етиўинше, онда ферментлердиң жумысы әҳмийетли роль атқарады, мәселен, ферментти ангиотензинге айландырыўшы фактор. Сол себепли организмде суў-дуз тенсалмақлылығы ҳәм қан басымындағы норма услап турылады. Буннан ферментлердиң излери инсан организминиң барлық клеткаларында, соның ишинде, қанда да болады. Қалаберсе, наўқастың түрли кеселликлер – семириў, қантлы диабет ҳәм басқа да жуқпалы кеселликлерге шалынғаны да кеселликтиң аўыр ямаса жеңил өтиўин белгилейди.
Машқала тек ғана өкпеде ме?
Жақында француз илимпазлары коронавирустың өкпеден тысқары, бөтекеге де үлкен зыянының бар екенлигин анықлады. Изертлеўшилердиң атап өтиўинше, коронавирус себепли ишки органлардың зыянланыўының 80 проценти бөтекеге туўра келеди екен.
Швед илимпазлары не дейди?
Күни кеше швед илимпазлары коронавирусқа қарсы жәмәәтлик иммунитет дәрежеси алдын анықланғаннан да еки есе жоқары болыўы мүмкин екенлигин атап өтти. Буннан тысқары, ол кеселликке қарсы күшли иммунитетке ийе адамларда қәлиплесиўи мүмкин.
Стокгольмдағы Каролина институтының изертлеўшилери 200 ден аслам наўқастан иммунологиялық таллаў үлгилерин алғанда, олардың көпшилигинде кеселлик гейде жеңил формада гейде улыўма симптомларсыз өтип атырғаны белгили болды.
Бизге белгили, Швеция Европа мәмлекетлериниң арасында қатаң карантин илажларын енгизбеген бирден-бир мәмлекет болды. Себеби швециялылар инсан организминде вирусқа қарсы иммунитеттиң раўажланыўы мүмкин екенлигин есаптап шығармай атыр.
Вакцина қашан шығады?
«The Washington Post» газетасы ЖДСШ басшысы Тедрос Адҳаном Гебрейесустиң сөзлерине тийкарланып жазыўынша, ҳәзир дүнья жүзи бойынша 141 вакцина үстинде изертлеўлер алып барылмақта. Ҳәттеки айырым илимпазлар санаўлы айлардан кейин өз табысларын жәриялаўы мүмкин.
ЖДСШ бас директорының атап өтиўинше, тармақларда вирустың пайда болғаны ҳаққындағы биринши мағлыўмат тарқалғаннан баслап вакцина ислеп шығарыўға кирисилген еди. «Ҳәзир 141 вакцина ислеп шығылмақта. Бул бағдардағы алдынғыларға табысын жәриялаўы ушын дерлик бир неше ай қалды. Әлбетте, толық қорғаўға кепиллик жоқ, бирақ биз үмит етемиз», – деген ЖДСШ басшысы.
Арқайынлыққа берилиўге еле ерте
Дүнья жүзи бойынша коронавирусқа шалынғанлардың саны 11 миллион адамнан асып кетти. Есап-санақларға қарағанда, барлық кеселликлердиң дерлик 60 проценти июнь айына туўра келген. Бирақ бул июнь айы инфекция тарқалыўының ең жоқары көрсеткиши болды, енди пандемия шегинеди, дегени емес. Кейинги ҳәптеде ҳәр күни 160 мыңнан аслам адам коронавирусқа шалынып атырғаны адамларды және де көбирек қәўетерге салмақта. Бул ҳәр бир инсанды және бир мәрте сергекликке шақыратуғыны сөзсиз.
Сол себепли ЖСДШ басшысы пандемияға қарсы гүресиўде комплексли көзқарастың керек екенлигин қайта-қайта айтып атырғанында жан бар. «Көп мәмлекетлерде коронавирусты сапластырыўға ерискени менен (бул жерде Италия ҳәм Испания нәзерде тутылмақта), бирақ шеклеў илажлары жумсартылса жағдай және қайтадан төменлеўи мүмкин», – дейди шөлкемниң басшысы.
Комплексли көзқарас дегенде ол гүманлы жағдайларды анықлаў, тест өткериў, инфекцияға шалынғанларды басқалардан ажыратып қойыў, олар менен қатнаста болған адамларды қадағалаўға алыў ҳәм социаллық аралыққа қатаң әмел етиўди нәзерде тутқан. Буннан тысқары, шыпакерлерди наўқаслар менен ислесиўге үйретиў ҳәм халықтың СOVID-19 бойынша билимин арттырыў да оғада әҳмийетли мәселе екенин айрықша атап өткен.
Не болғанда да, коронавирус пандемиясының келип шығыўы, оның алдын алыў ямаса нәтийжели емлеў бойынша дүнья илимпазлары изертлеўлерди улыўма босастырмады. Бул излениўлер жақын айларда өз нәтийжесин бериўине үмит етемиз. Мақсет, бир мәмлекет ямаса регион халқы емес, ал цивилизация тәғдири ҳаққында болып атыр.
Саидмурод РАҲИМОВ,
ӨзАның шолыўшысы