Қарақалпақстан Республикасы«Қаракөл» бирлеспеси Тахтакөпир районындағы «Қаракөлшилик» илимий нәсилшилик тәжирийбе станциясының жаңа имараты питкерилип, зәрүр үскенелер менен тәмийинлеў жумыслары алып барылмақта.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 7-ноябрьдеги «Қарақалпақстан Республикасында шарўашылық тармақларын жедел раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында шөлкемлестирилип атырған бул станцияның тийкарғы ўазыйпасы, жоқары нәсилли қарақалпақ қамары қаракөл қойларының отарларын илимий тийкарда көбейтиў, нәсилшилик ҳәм жасалма нәсиллендириў жумысларын системалы шөлкемлестириў, жәҳән базарында бәсекилес болған қаракөл терисин көплеп жетистириўден ибарат. Сондай-ақ, станция тәрепинен жоқары өнимдарлы қаракөл қой ҳәм қошқарларды халыққа, соның менен бирге, фермер ҳәм дийқан хожалықларына жеткерип бериўге де итибар қаратылады.
Усы жылдың басында басланған қурылыс жумыслары қысқа мүддетте сапалы етип питкерилди. Бул жерде ҳәкимшилик имараты, мийманхана, оқыў бөлмеси, қойларды жасалма қашырыў пункти ҳәм лаборатория иске түсириледи. Өткен жылы нәсилшилик тәжирийбе станциясы ушын 738 бас нәсилли қарақой алынып, олардан 318 бас қозы алынды.
-Қарақалпақ қамары қаракөл терисине жәҳән базарында талап күшли,-дейди «Қаракөлшилик» илимий нәсилшилик тәжирийбе станциясының директоры Шарап Акаев.-Бирақ, соңғы жыллары тараўда жүзеге келген машқалалар нәтийжесинде бул қаракөл қойларынынң бас саны азайып кетти. Бүгинги күни оларды Төрткүл, Беруний, Елликқала, Тахтакөпир ҳәм Қараөзек районларының қаракөлшиликке қәнигелестирилген фермер хожалықларында ушыратыўға болады.
Жаңадан шөлкемлестирилип атырған илимий нәсилшилик тәжирийбе станциясы қарақалпақ қамары қаракөл қойларының бас санын арттырыў, ишки базарымызды қаракөл терилери менен тәмийинлеп ғана қалмастан, оны келешекте сырт еллерге экспорт етиў имканиятын береди.
Д. АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.
М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.