Президент Шавкат Мирзиёев 6-июль күни банк активлеринде жеке меншик сектордың үлесин 15 проценттен 60 процентке арттырыўға қаратылған 2020-2025-жылларға мөлшерленген Өзбекстан Республикасы банк системасын реформалаў стратегиясын әмелге асырыў және мәмлекеттеги коммерциялық банклердиң трансформация процесин жеделлестириў бойынша мәжилис өткерди.
Мәжилисте бул мақсетке ерисиў ушын бир қатар әҳмийетли мәселелерди шешиў зәрүрлиги атап өтилди. Биринши гезекте банклер трансформация процесин жеделлестириў зәрүрлиги атап өтилди.
Ҳәзирги күнде 6 коммерциялық банк- «Ипотека банк», «Өзсанаатқурылысбанк», «Туранбанк», «Асакабанк», «Алоқабанк» ҳәм «Агробанк» финанслық диагностика, перспективалы стратегияларды ислеп шығыў ҳәм меншиклестириў мәселелери бойынша халықаралық финанс институтлары менен бирге ислесиўди баслаған. Бирақ, басқа банклерди трансформациялаў жумыслары жетерли дәрежеде жедел алып барылмай атыр, деди мәмлекетимиз басшысы.
Бул кемшиликти сапластырыў ушын банклердиң жумысына тән болмаған функцияларды хатлаўдан өткериў, Орайлық банк жанындағы Қайта таярлаў корпоратив орайында бәринен бурын орынлардағы банк хызметкерлери ушын банклердиң трансформациясын түсиндириў бойынша оқыў бағдарламаларын шөлкемлестириў тапсырылды.
Мәжилисте банклердиң кредит портфелин ҳәм жойбарлардың сапасын арттырыў мәселеси додаланды. Стресс-тестлердиң нәтийжелерине бола, машқалалы кредитлердиң үлеси бир неше есеге көбейиўи мүмкинлиги, бул болса банк системасы ушын оғада қәўипли екени атап өтилди.
Сол мүнәсибет пенен машқалалы кредитлерди аймақлар кесиминде толық таллап, кредит портфелиниң сапасын сақлап қалыў бойынша тәсирли механизм ислеп шығыў көрсетпеси берилди. Орайлық банк барлық коммерциялық банклердиң кредит портфеллери хатлаўдан өткерилгеннен соң, қыйын аҳўалға түсип қалған ҳәр бир қарыйдардың финанслық имканиятларын тиклеў бойынша анық илажларды ислеп шығыў зәрүрлиги атап өтилди.
Мәжилисте банк системасында коррупцияны сапластырыў мәселесине айрықша итибар қаратылды.
Мәмлекетимиз басшысы барлық коммерциялық банклердиң басшылары коррупцияға шек қойыў, комплеанс-қадағалаў сыяқлы тәсиршең механизмлерди енгизиў бойынша қатаң илажларды көриў зәрүрлигин айрықша атап өтти.
Мәмлекетлик активлери бар коммерциялық банклердде ҳүкиметтен алынған қаржылардың үлеси елеге шекем жоқарылығы сынға алынды.
Атап айтқанда, бундай кредитлердиң үлеси «Қишлоқ қурилиш банк» 41 процентти, «Ипотека банк»те 32 процентти қурады. Өткен жылы банклерге мәмлекетлик кепиллик астында дерлик 600 миллион долларлық кредит линиялары тартылған болса, быйыл бул көрсеткиш 570 миллион долларды қурайды. Соның менен бир қатарда, халықтың қор ҳәм мүддетли депозитлериниң үлеси ири банклерде орташа 5 процентти қурайды. Сол мүнәсибет пенен Орайлық банкке коммерциялық банклерге халықтың аманатларынтартыў бойынша қосымша усынысларды ислеп шығыў тапсырмасы берилди.
Президентимиз банклер финанслық ресурларды мәмлекеттиң жәрдемисиз ҳәм көмегисиз, еркин тартыўы зәрүрлигин атап өтти.
Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша Орайлық банк ҳәм коммерциялық банклердиң басшылары мәлимлеме берди.
ӨзА