USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Дүйшемби, 18 Ноябрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ПРЕЗИДЕНТИ ҚАЗАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ БИРИНШИ ПРЕЗИДЕНТИН ЮБИЛЕЙ МЕНЕН ҚУТЛЫҚЛАДЫ

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 6-июль күни Қазақстан Республикасының Биринши Президенти – Елбасы Нурсултан Назарбаев пенен телефон арқалы сөйлести.

Мәмлекетимиз басшысы сөйлесиў алдынан Нурсултан Абишевич Назарбаевты юбилей менен қызғын қутлықлап, оған беккем денсаўлық, бахыт-ығбал ҳәм жаңа табыслар тиледи.

Елбасының заманагөй Қазақстанды қурыў, күшли мәмлекетлик басқарыў институтлары ҳәм миллий кадрлар таярлаў системасын раўажландырыў, мәмлекеттиң бәсекиге шыдамлылығын, халықаралық абырайын арттырыўға ҳәм, ең әҳмийетлиси, халықтың жоқары турмыс дәрежесин тәмийинлеўге қаратылған нәтийжели социаллық-экономикалық реформаларды әмелге асырыўдағы тарийхый роли айрықша атап өтилди.

Нурсултан Назарбаевтың табыслы әмелге асырылған ири басламаларынан бири – жедел раўажланып атырған Қазақстанның «сапар қағазы»на айланған жаңа пайтахт – Нур-Султан қаласына тийкар салынғаны атап өтилди.

Елбасының глобаллық қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеў, түрли аймақлардағы келиспеўшиликлерди тыныш жол менен шешиў, Орайлық Азияда интеграцияны күшейтиў ҳәм турақлы раўажланыўға ерисиў бағдарындағы басламалары халықаралық жәмийетшиликте үлкен итибарға ийе болды.

Қазақстанның Биринши Президенти мәмлекетлеримиз арасындағы туўысқанлық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын беккемлеўге үлкен үлес қосты.

Бүгинги күнде Өзбекстан менен Қазақстанның көп қырлы бирге ислесиўи избе-из раўажланыўда даўам етпекте ҳәм саўда-экономикалық, инвестиция, энергетика, аўыл хожалығы, транспорт-логистика, билимлендириў ҳәм басқа да тийкарғы бағдарлардағы анық биргеликтеги бағдарлама ҳәм жойбарлар есабынан кеңейип бармақта.

Сөйлесиў ўақтында жетекшилер еки тәреплеме ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе бир қатар әҳмийетли мәселелерди додалады. Коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў, пандемияның мәмлекетлеримиз арасындағы пайдалы бирге ислесиўге унамсыз тәсирин азайтыў бойынша өз-ара тығыз муўапықласыў ҳәм шерикликти даўам еттириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Сөйлесиў ҳәр қашанғыдай қызғын, ашық ҳәм дослық руўхында өтти.

 

ӨзА