Бүгин кәсиплик билимлендириў мәкемелеринде оқыған жаслар белгили жумыс орнына, өз кәсиби бойынша зәрүр илимге, көнликпеге ийе болыўы керек. Усы мақсетте жаңа системаның тийкарғы принципи – алдын жумыс орны анық болады, жумыс бериўши өзиниң маманлық талапларын, усы кәсиптиң илимин, оқытыў технологиясын береди, соннан кейин ғана қәниге таярланады.
Соннан келип шығып, кәсиплик билимлендириў системасында билимлендириўдиң түри де, мазмуны да, принциплери де пүткиллей өзгерди.
Ендигиден былай алдынғы 3 жыллық билимлендириў стандартынан толық ўаз кешип, дифференцияластырылған билимлендириў бағдарламалары бойынша кадрлар таярлаў жолға қойылады. Соның ишинде, кәсип-өнер мектеплери 2 жыллық билимлендириў бағдарламалары тийкарында, күндизги билимлендириў түринде жаслардың профессионал билим алыўын тәмийинлейди.
Кәсип-өнер мектеплерине 9-класс питкериўшилерин киши бизнес ҳәм исбилерменлик, шаңарақлық бизнес, қыйтақ жер бизнеси, қурылыс, хызмет көрсетиў, шарўашылық, қусшылық, пал ҳәррешилик, балықшылық сыяқлы тараўларға қамтып алыў режелестирилген.
Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң мағлыўматына бола, кәсип-өнер мектеплерине ҳүжжетлерди онлайн қабыллаў 5-июльден басланды. Қабыллаў онлайн тәризде kasb.edu.uz электрон платформасы арқалы 20-июльге шекем әмелге асырылады.
Ҳүжжет тапсырыў ушын арза, аттестат ҳәм 3х4 өлшемдеги фотосүўрет керек болады.
Кәсиплик билимлендириў мәкемелерине қабыллаў процеси бойынша Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигинде 71–246-11-92-санлы «Call center» шөлкемлестирилген.
ӨзА