Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Жумыс алып барып атырған, пайдаланылмай турған турақ жай емес объектлерден ақылға уғрас нәтийжели пайдаланыў ҳәм оларды шөлкемлердиң хожалық жумысына кеңнен тартыў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң (кейинги орынларда – Агентлик):

Агентликтиң Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы аймақлық басқармалары жанындағы «Мәмлекетлик мүлкти ижараға бериў орайы» мәмлекетлик унитар кәрханалары негизинде Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги жанындағы Бос турған объектлерден нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў орайын (кейинги орынларда – Орай) ҳәм оның Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы аймақлық басқармаларын (кейинги орынларда – аймақлық басқармалар) шөлкемлестириў;

Агентлик стркутурасына Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги директорының орынбасары – Бос турған объектлерден нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў орайының директоры (кейинги орынларда – Орай директоры) лаўазымын киргизиў ҳаққындағы усынысларына келисим берилсин.

  1. Төмендегилер Орайдың тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

мүлкшилик түрине қарамастан, барлық категориядағы бос турған турақ жай емес имарат ҳәм объектлерди, пайдаланылмай атырған өндирис майданларын (кейинги орынларда – бос турған объектлер) анықлаў ҳәм есабын жүргизиў;

бос турған мәмлекетлик мүлк объектлерин сақлаў ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыў, соның ишинде, мәмлекетлик мүлк объектлерин ижараға бериўди шөлкемлестириў;

ижараға берилген мәмлекетлик мүлк объектлерин ҳәм оларды ижараға бериўден түсетуғын қаржыларды есапқа алыў ҳәм олардың мониторингин алып барыў;

ижараға берилген мәмлекетлик мүлк объектлеринен мақсетли пайдаланылыўын ҳәм олардың сақаланыўын, сондай-ақ, ижара төлемин өз ўақтында және толық төлениўин қадағалаў;

мәмлекетлик мәкемелер (кәрханалар)ге бириктирилген мәмлекетлик мүлк объектлеринен нәтийжели пайдаланыўы ҳәм олардың сақланыўын белгиленген тәртипте тексериў;

мәмлекетлик мәкемелер (кәрханалар)ге оператив басқарыў ҳуқықы менен берилген мәмлекетлик мүлк объектлериниң артықша бөлегин, сондай-ақ, пайдаланылмай атырған ямаса мақсетсиз пайдаланылып атырған мәмлекетлик мүлк объектлерин алып қойыў;

Қурылыс тараўында қадағалаў инспекциясының шешимине тийкарланып жарамсыз деп табылған мәмлекетлик мүлк объектлерин бузыў ҳаққындағы қарарын қабыл етиў;

бос турған жеке меншик мүлк объектлерин олардың мүлк ийелериниң ықтыярына бола ижараға берилиўинде ҳәр тәреплеме әмелий жәрдем көрсетиў.

Орай мәмлекетлик басқарыў уйымы есапланады ҳәм өзине жүкленген ўазыйпаларды әмелге асырыў мақсетинде барлық мәмлекетлик уйымлардан, соның ишинде, ҳуқық қорғаў уйымларынан ҳәм басқа да мәмлекетлик шөлкемлерден зәрүр болған мәлимлеме ҳәм материалларды сорап алыўға ҳақылы.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги жанындағы Бос турған объектлерден нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў орайының орайлық аппаратының структурасы 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Төмендегилер:

Орайдың басқарыў хызметкерлериниң шекленген саны 309, соның ишинде, орайлық аппарат басқарыў хызметкерлериниң саны – 22 етип;

Агентликтиң Бос турған мәмлекетлик объектлерди анықлаў ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў басқармасы сапластырылып, оның 8 штат бирлиги Орайға өткерилетуғыны;

Орайдың орайлық аппаратының материаллық-техникалық тәмийнатын ҳәм 9 басқарма хызметкерлериниң штат бирлигин сақлаўға байланыслы қәрежетлер Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен қаржыландырылатуғыны;

аймақлық басқармалардың 287 басқарма хызметкериниң штат бирлигин, сондай-ақ, орайлық аппараттың 13 басқарма хызметкериниң штат бирлигин сақлаўға байланыслы қәрежетлер Орайдың бюджеттен тысқары қаржылары есабынан қаржыландырылатуғыны белгиленсин.

Орай ҳәм аймақлық басқармалардың хызметкерлерине, төлем дәреклерине қарамастан, Агентлик ҳәм оның аймақлық басқармаларының хызметкерлери ушын нызам ҳүжжетлеринде ҳәм басқа да ҳүжжетлерде нәзерде тутылған мийнетке ҳақы төлеў, материаллық хошаметлеў ҳәм социаллық қорғаў шәртлери енгизилетуғыны белгиленсин.

Орай директорына Агентлик директоры менен келисилген ҳалда Орайдың бюджеттен тысқары қаржылары есабынан орайлық аппарат ҳәм аймақлық басқармаларға басқарма хызметкерлериниң қосымша штат бирликлерин киргизиў ҳуқықы берилсин.

  1. Төмендегилер Орай ҳәм аймақлық басқармалардың жумысын (хызметкерлердиң мийнет ҳақысы, сыйлықлар, үстемелер ҳәм басқа да төлемлер) қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджети қаржылары;

мәмлекетлик мүлк объектлери ижарасынан нызамшылықта белгиленген тәртипте түсетуғын қаржылар;

Агентликтиң жанындағы Мәмлекетлик активлерди басқарыў, трансформация ҳәм меншиклестириў қорының қаржылары;

нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

  1. Орай Агентликтиң сапластырылып атырған Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы аймақлық басқармалары жанындағы «Мәмлекетлик мүлкти ижараға бериў орайы» мәмлекетлик унитар кәрханаларының барлық ҳуқықлары ҳәм миннетлемелери, соның ишинде, шәртнамалық қатнасықлар бойынша ҳуқықый мийрасқоры есапланатуғыны;

бос турған объектлер ҳаққындағы мағлыўматлар Орай тәрепинен автоматластырылған система арқалы тийисли мәмлекетлик уйымлардан алынатуғыны;

Орай ҳәм аймақлық басқармалардың хызметкерлери өз ўәкилликлери шеңберинде бос турған объетклерге иркинишсиз киретуғыны ҳәм көзден өткеретуғыны. Онда, жеке меншик мүлк объектлерине кириў және оларды көзден өткериў Тексериўлерди электрон дизимге алыў бирден-бир системасында дизимнен өткериў арқалы ўәкилликли уйымды хабардар етиў тәртибинде әмелге асырылатуғыны;

Орай ҳәм аймақлық басқармаларға тийисли мәмлекетлик мүлк объектлерин сақлаўға байланыслы қәрежетлер Орай есабынан, пул қаржылары болмағанда Агентлик жанындағы Мәмлекетлик активлерди басқарыў,  трансформация ҳәм меншиклестириў қорының қаржылары есабынан қапланатуғыны;

Орай бос турған объектлерден нәтийжели пайдаланыў бойынша көрилип атырған илажлар ҳаққында ҳәр жылы 1-апрельге шекем Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине мәлимлеме киргизип баратуғынлығы;

бос  турған объектлер ҳаққында мағлыўматлар (объект ҳаққындағы қысқа мағлыўмат, геолокация жайласыўы ҳәм басқалар) Орайдың рәсмий веб-сайтында жайластырылатуғынлығы ҳәм ҳәр айда жаңаланып барылатуғынлығы;

белгиленген тәртипте дүзилген пайдаланылмай атырған объектлерди анықлайтуғынлығы ҳәм пайдаланылмай атырған объектлерди хожалық жумысына тартыў бойынша жумысшы топарлар аймақлық басқармаларға ҳәптелик мәлимлеме киргизип баратуғынлығы;

аймақлық басқармалардың хызметкерлери район (қала)лардың ҳәр бир мәҳәллесине бириктирилетуғынлығы және ўәкиллиги шеңберинде мәҳәлле аймағында жайласқан бос турған объектлерди анықлайтуғынлығы ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестирилетуғынлығы;

бос турған мәмлекетлик мүлк объектлери, Өзбекстан Республикасы Инвестициялық бағдарламасына киргизилген объектлер буған кирмейди, сақлаў ҳәм олардан келешекте нәтийжели пайдаланыў (меншиклестириў, ижараға бериў ҳәм басқа) мақсетинде Орай ҳәм аймақлық басқармаларға тапсырылатуғынлығы;

бос турған объектлердиң дизими Орай тәрепинен ҳәр шеректе Өзбекстан Республикасы Саўда-санаат палатасына Өзбекстан Республикасы Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги жанындағы Исбилерменликти раўажландырыў агентлигине киргизилип барылатуғынлығы;

Орайдың өз ўәкилликлери шеңберинде қабыл етилген  қарарлары мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары ҳәм хожалық жүргизиўши субъектлер тәрепинен орынланатуғыны мәжбүрий есапланатуғынлығы белгиленсин.

  1. 2020-жыл 1-сентьябрьден баслап сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық:

а) барлық аукцион саўдаларының нәтийжелери 14–код (матрикалық штрихлы код)ин қолланыў арқалы рәсмийлестириледи;

б) «E-IJRO AUKSION» системасында төмендегилерди нәзерде тутатуғын тәртип енгизиледи:

«мобиль идентификациялаў» менен шахсты идентификациялаў имканиятын беретуғын мобиль қосымшалар арқалы аукционда қатнасыў;

мәмлекетлик мүлк объектлерин ижараға бериў шәртнамасын ижараға бериўши ҳәм ижарашы арасында электрон түрде (соның ишинде, электрон санлы қол таңба арқалы) еки тәреплеме дүзиў арқалы рәсмийлестириў;

саўдаларда бар лотлар ҳаққында толық мағлыўматларды өз ишине алатуғын турақлы жаңаланып туратуғын ҳәм Агентликтиң рәсмий веб-сайтында жайластырылатуғын электрон каталогын жаратыў.

7 Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери, Агентлик, Өзбекстан Республикасы Жер ресурслары, геодезия, картография ҳәм мәмлектлик кадастр бойынша мәмлекетлик комитети турақлы түрде бос турған объетлерди анықлап, оларды Орайлық ҳәм аймақлық басқармаларға оператив басқарыў ҳуқықы  тийкарында өткерип барыў илажларын көрсин.

  1. Агентлик бир ай мүддетте:

а) Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги менен биргеликте:

Орайлық ҳәм аймақлық басқармаларды заманагөй техника менен тәмийинлеў илажларын көрсин;

Орайлық ҳәм аймақлық басқармалардың жуўапкершилигине жүкленген ўазыйпалар бойынша судларға киргизилетуғын даўалар ҳәм арзалар бойынша мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етиў ҳаққында нызам ҳүжжетлерине өзгерислер киргизиў ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин;

б) Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик  активлерди басқарыў агентлиги жанындағы Бос турған объектлерден нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў орайы ҳаққындағы режени тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин;

в) «Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң Имаратлардан пайдаланыў дирекциясы» мәмлекетлик унитар кәрханасы негизинде мәмлекетлик мәкеме түриндеги Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги жанындағы Имаратлардан пайдаланыў дирекциясын шөлкемлестирсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги:

усы қарардың орынланыўын тәмийинлеў шеңберинде Орайдың қәрежетлери ушын 2020-жылға мөлшерленген Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң параметрлери шеңберинде қаржы ажыратсын ҳәм 2021-жылдан баслап зәрүр бюджет қаржыларын нәзерде тутсын;

Өзбекстан Респқубликасы мәмлекетлик бюджетиниң 2020-жыл ушын тастыйықланған қәрежетлер параметрлерине усы қарардың талапларынан келип шығып тийисли өзгерислер киргизсин;

Орайға хызмет автотранспорт қуралларын сатып алыў ушын зәрүр қаржылардың ажыратылыўын тәмийинлесин ҳәм 3, соның ишинде, 2 жеке меншик бириктирилген хызмет автотранспорт қуралларын сақлаўға лимит ажыратсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги Орайдың мүрәжатына тийкарланып оны орнатылған тәртипте ҳүкиметлик байланыс пенен тәмийинлесин.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына 2-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
  3. Агентлик мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  4. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2020-жыл 1-июль