Мәмлекетимиз сиясатының ең әҳмийетли, тийкарғы бағдарларынан бири – елимизде жасап атырған барлық миллет ҳәм халық ўәкиллери ушын теңдей шараятлар ҳәм имканиятлар жаратыў, миллетлераралық қатнасықларды тығыз байланыстырыўдан ибарат.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң 2011-жыл 3-майдағы резолюциясына бола, 30-июль – Халықаралық дослық күни, деп жәрияланған.

2020-жыл 24-январь күни Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында 30-июль – Халықаралық дослық күни мүнәсибети менен елимизде  биринши мәрте «Дослық ҳәптелигин» ҳәм «Дослық» халықаралық форум-фестивалын өткериў усыныс етилди.

Усы мүнәсибет пенен мәмлекетимизде 2020-жыл 23-30-июль күнлери Халықаралық дослық күни шеңберинде мәдений, руўхый-ағартыўшылық, илимий-әмелий ҳәм сиясий илажлардан ибарат ҳәптелик өткериў режелестирилген.

Усы мүнәсибет пенен, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт мәмлекетлер менен дослық қатнасықлары комитети «Дослық» видеороликлер таңлаўын жәриялайды.

Таңлаў Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт мәмлекетлер менен дослық қатнасықлары комитети (кейинги орынларда шөлкемлестириўши деп аталады) тәрепинен бирге ислесиўши шөлкемлер менен биргеликте шөлкемлестириледи ҳәм өткериледи.

Бирге ислесиўши шөлкемлер:

Миллий масс-медианы қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў фонды, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан электрон ғалаба хабар қураллары миллий ассоциациясы, «Раўажланыў стратегиясы» орайы.

Мақсет – дослық идеяларын жырлаў, басқа миллет ўәкиллери ҳәм басқа динге исенетуғын адамлардың дүньяқарасына кеңпейил болыў, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларды ҳүрмет етиўди үгит-нәсиятлаў.

Таңлаў шәртлери:

адамлар ҳәм халықлар арасындағы қызғын дослық идеяларын жырлаў;

– Өзбекстанда жасайтуғын түрли миллетлер ҳәм халықлар  арасында миллетлераралық татыўлық ҳәм диний кеңпейилликти беккемлеў бағдарында әмелге  асырылып атырған реформалар;

– миллий мәдений орайлар, дослық жәмийетлериниң жумысы, сырт мәмлекетлер менен мәдений-гуманитарлық ҳәм дослық қатнасықларын раўажландырыў;

-дүнья халықлары, әсиресе, жаслар арасында түрли миллетлердиң тили, мәденияты, дәстүрлери, үрп-әдетлерин қәстерлеп сақлаў ҳәм ҳүрмет етиў идеяларын көрсетиў зәрүр.

Таңлаў қатнасыўшылары 27-июль күни төмендеги номинациялар бойынша қымбат баҳалы сыйлықлар менен сыйлықланады:

  1. «Ең жақсы ролик» (1,2,3 – орынлар)
  2. «Ең жақсы сахналастырылған ролик» (1,2,3 – орынлар)
  3. «Ең жақсы анимациялық ролик» (1,2,3 – орынлар)
  4. «Ең жақсы «3D» өлшемдеги ролик» (1,2,3 – орынлар)

Таңлаўда жеңимпаз болған видеороликлер «Дослық» ҳәптелиги даўамында ҒХҚ ҳәм интернет тармағында көрсетилип барылады.

Таңлаўға қойылған видеороликлер шөлкемлестириўши баспасөз хызметиниң (98) 304-61-08 телефон номериндеги телеграм каналына ямаса gayratulla@mail.ru электрон мәнзилине жиберилиўи керек.

Байланысыў телефонлары: (71) 25358-09, (71) 2535872.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги