Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 30-июнь күни әдил судлаўды тәмийинлеў ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў бағдарындағы ўазыйпаларды додалаўға бағышланған видеоселектор мәжилиси өткерилди.
Усы тийкарғы мәселелер бойынша өткен 3 жылда 20 дан аслам нызам, пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди. Реформалар нәтийжесинде судлар тәрепинен биринши мәрте 2 мың 273 пуқараға ақлаў ҳүкими шығарылды. Сондай-ақ, жынаят жолына билип-билмей кирген 3,5 мыңнан аслам жаслар ҳәм ҳаял-қызларға еркинен айырыў жазасы қолланбай, олар мәҳәлле ҳәм жәмийетшилик кепиллигине алынды. Инсан ҳуқықларын бузғанлығы ушын 60 ҳуқық-қорғаў уйымларының хызметкерлери жуўапкершиликке тартылды.
Мәжилисте атап өтилгениндей, бундай өзгерислер адамларымызда ҳақыйқатлыққа ҳәм әдилликке болған исенимди беккемлемекте. Бирақ халық суд-ҳуқық системасынан разы деўге еле тийкар жоқ.
Әсиресе, Әндижан қаласы ҳәм Шырақшы районы ишки ислер уйымларында жақында жүз берген аянышлы жағдайлар система басшыларын оятыўы, анық жуўмақ шығарыўға шақырыўы зәрүрлиги атап өтилди. Ҳәзирги күнде бул жынаятларға байланыслы 11 ишки ислер хызметкери нызам алдында жуўап бермекте. 7 басшы лаўазымынан азат етилди, және 16 сы интизамый жуўапкершиликке тартылды.
Олий Мажлис палаталары жетекшилериниң басшылығында парламент ағзалары орынларда халық пенен ашық сөйлесиў өткергенде жәмийетшилик пенен бул бағдарлардағы бар әдалсизликлерди ашық-айдын билдирген.
Бул тәжирийбе тийкарында буннан былай депутат ҳәм сенаторлар өзлери сайланған аймақларда судьялар корпусы, сектор басшылары ҳәм жәмийетшиликти тартқан ҳалда Әдил судлаўға жәрдемлесиў ҳәм коррупцияға қарс ыгүресиў бойынша турақлы сөйлесиў өткерип барады.
Халық тәрепинен көтерилген әдилсизлик жағдайлары ҳәм машқалалар ҳәр шеректе жергиликли кеңеслерде сын көзқарастан додаланып, жуўапкерлер алдына анық сораўлар қойылады ҳәм жумысына баҳа берип барылады.
Олий Мажлистеги арнаўлы комитетлер ҳәр бир аймақтың әдил судлаў ҳәм коррупция мәселелерине байланыслы рейтинги жүргизилиўине басшылық етип, ҳәр ярым жыллық нәтийжелери бойынша парламентлик тыңлаўларды ҳәм тексериўлерди өткерип барады.
Инсан ҳуқықлары орайы, Омбудсман, Ташкент мәмлекетлик юридикалық университетине «Инсан қәдир-қымбаты-ең уллы қәдирият» арнаўлы оқыў модули бойынша барлық ҳуқық-қорғаў уйымларының басшы хызметкерлерин оқытыў ўазыйпасы жүкленди.
Ҳәзирги тергеўдиң сапасы ҳәм хызметкерлердиң маманлығы талапқа жуўап бермейтуғыны атап өтилди. Мысалы ушын, усы жылдың 5 айында тергеў уйымлары тийкарсыз айып қойған 323 пуқара судлар тәрепинен ақланған, 1 мың 854 шахсқа қойылған тийкарсыз айыплаўлар алып тасланған. Өткен жылдың өзинде 236 ақланған шахсқа мәмлекет есабынан 6,7 миллиард сумлық материаллық ҳәм руўхый зыян төлеп берилген.
Ҳәммемизге белгили, судьялық лаўазымды ийелеў ушын белгили жумыс стажына ийе болыў, Судьялар жоқары мектебин тамамлаў сыяқлы талаплар қойыў арқалы таңлаў күшейтилди.
Енди тергеўшиликке талабанларға да соған уқсас талаплар қойылыўы зәрүрлиги атап өтилди. Атап айтқанда, сондай жынаят түрлери бар, оларды ҳәр қандай тергеў уйымы тергеўи мүмкин болса, айырым статьялар болса қайсы тергеў уйымына тийислилиги нызамда көрсетилмеген.
Сондай-ақ, 2018-2019-жылларда биринши инстанция судларында жәми 192 жынаят иси бойынша 307 пуқара ақланған болса да, ҳеш бир жағдайда прокурор айыплаўдан ўаз кешпеген. Сонлықтан тергеў процесиндеги қәтелер суд мәжилисинде анықланса, прокурор судтың тамам болыўын күтип отырмай, өз басламасы менен айыплаўдан ўаз кешетуғын тәртип орнатылыўы керек екенлиги атап өтилди.
-Суд имаратына келген ҳәр бир инсан Өзбекстанда әдиллик бар екенлигине исенип шығып кетиўи керек. Бул Президенттиң талабы!-деп атап өтти мәмлекетимиз басшысы.
Бирақ, усы жылы халықтан түскен мүрәжатлардың 8 мыңнан асламы ямаса 44 процентинде судларда жумыслар толық ҳәм әдил көрилмей, узақ мүддетке созылып атырғаны билдирилген.
Және бир мысал, 2019-жылда экономикалық судларда апелляция, кассация ҳәм қадағалаў тәртибинде көрилген жумыслардың 2,5 мыңнан асламы, яғный 44 проценти бийкар етилген ямаса өзгертилген. Бул ҳәр еки шағымнан бири бойынша район ҳәм ўәлаят экономикалық суды шығарған қарарлар жоқары судта өзгерип атырғаны, исбилермен ҳәм инвесторлар әўере болып атырғанынан дәрек береди.
Жуўапкерлерге алдынғы тәжирийбе ҳәм халықаралық стандартлар тийкарында суд системасын «бир суд-бир инстанция» принципи тийкарында қайта көрип шығыў тапсырмасы берилди.
Суд системасында ескиликтиң сарқыты болған, өз аты менен ҳәм судтың мазмун-мәнисине дурыс келмейтуғын «қадағалаў тәртибинде жумысларды көриў» әмелиятынан толық ўаз кешиледи.
Президент Шавкат Мирзиёев судьялардың әдил қарарлар қабыл етиўине тәсир ететуғын барлық факторларды, соның ишинде, Жоқарғы суд баслығы ҳәм Бас прокурордың протест келтириў ҳуқықын бийкар етиў усынысын алға қойды. Парламент палаталары бул усынысты көрип шығады.
Судлар шығарып атырған қарарлар тек ғана суд мәжилисинде тексерилген дәлиллерге тийкарланыўы зәрүрлиги атап өтилди. Айырым судьялар тергеў материалларына байланып қалғаны, бул болса нызам, суд ҳәм мәмлекет абырайына зыян жеткеретуғыны атап өтилди. Әдил судлаў халықтың көз алдында, ашық-айдын әмелге асырылып, әдиллик жүзеге шығыўы тийис екенлиги атап өтилди.
Мәмлекетимиз басшысы, сондай-ақ, судқа барыў ушын айырым район ҳәм қалаларымызда адамларға қолайлық жаратыў зәрүрлиги ҳаққында айтты. Мысалы ушын, халқы ең көп районлардан бири болған Ургутте (500 мың адам, 102 мәҳәлле) пуқаралық суды жоқлығы ушын 80 километр жол басып, Тайлақ районлараралық судына барылады.
Сонлықтан судлар ҳәм олардың жумысын оптималластырыў бойынша тапсырмалар берилди.
Жеке меншик мүлк нызам ҳәм судтың кепилликли түрде қорғаўында болыўы зәрүр.
Соңғы бир ярым жылда судлар тәрепинен ҳәкимлердиң жер ажыратыў, имарат-комплекслерди бузыў ҳәм меншиклестириўге байланыслы 1 мың 730 қарары бийкар етилген. Суд арқалы жер қатнасықларына байланыслы мыңлаған, турақ жай бузылыўына байланыслы 51, меншиклестириўге байланыслы 62 жағдайда пуқаралар ҳәм исбилерменлердиң ҳуқықы тикленген.
Меншиклестириўдиң нәтийжелерин қайта көрип шығыўды бийкар етиў, улыўма, мәмлекетлик уйымлардың ондай баслама менен шығыўына жол қоймаў ҳәм бул нызамда беккемлениўи зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.
– Жерге болған ҳуқықлардың кепиллиги күшейтилип, мүлкшилик ҳуқықларды бийкар етиў тек суд тәртибинде шешилиўин қатаң белгилеў зәрүр, деди Президент.
Ўәлаят, район (қала) ҳәкимлери, барлық сектордың басшылары өз аймақларында усы талапларға қатаң әмел етилиўин тәмийинлеў шәрт екенлиги атап өтилди.
– Бир нәрсени билиң – инвестиция киргизип атырған инвестор, биринши гезекте, өз ҳуқықларының суд арқалы кепилликли қорғалыўына итибар береди. Барлық басшылар қулағына қуйып алсын: суд жумысына араласыўға ҳеш кимниң ҳаққысы жоқ, – деп атап өтти Шавкат Мирзиёев.
Судьяның жумысына тосқынлық еткени ҳәм әдилликсиз қарар шығарыўға мәжбүр еткени ушын жуўапкерликти күшейтиў бойынша нызам жойбары ислеп шығылады.
Бизге белгили, әдил судлаўдың ажыралмас бөлеги – адвокатура, бул институттың әдиллик табыўдағы орны бийтәкирар. Өзбекстанда бүгин 4 мың әтирапында адвокат жумыс ислеп, орташа 8,5 мың халыққа бир усындай қәниге туўра келмекте.
Адвокатлардың 43 проценти Ташкент қаласында жумыс ислесе, ўәлаятлардың 20 районында бир де адвокатлық фирмасы дизимнен өтпеген.
Адвокатлық жумысын баслаў ушын жас қәнигелерден 2 жыл юридикалық стаж талап етиўди бийкарлаў, студентликтен адвокат көмекшиси сыпатында әмелият өтеў тәртибин енгизиў зәрүр екенлиги атап өтилди. Юридикалық жоқары оқыў орынларында «адвокатлық жумысы» қәнигелиги бойынша магистрлер таярланады.
Мәмлекет тәрепинен усыныс етилген адвокат таңлаўдың ашық-айдын тәртиби жоқ екенлигине байланыслы айырым тергеўшилер өзине таныс адвокатларды шақырып, айыпкерге тәсир өткериў жағдайлары ушырасып турады. Мәселен, Ташкент қаласында мәмлекет тәрепинен адвокатларға өткен жылы 7 миллиард сумнан аслам қаржы ажыратылған болса, бул қаржының тең ярымы 20 адвокатлық фирмасына берилген (улыўма 746 усындай фирма бар).
Сол себепли тийисли министрликлерге мәмлекет есабынан юридикалық жәрдем көрсететуғын адвокатларды электрон таңлаў системасын иске түсириў тапсырмасы берилди. Бул дәслеп пайтахтымызда эксперимент түринде енгизиледи.
Сондай-ақ, оғада аўыр жынаятта айыпланып атырған шахслардың иси бойынша, оннан тысқары, қамаққа алыў ямаса үй қамағы түриндеги абайлылық илажын қолланыў мәселеси көрип шығылып атырған жағдайларда да адвокаттың қатнасыўын мәжбүрий етип белгилеп қойыў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.
Адвокатлық жумыстың тартымлылығын арттырыў, усы кәсип ийелерин қорғаў ҳәм кепиллигин күшейтиў бойынша нызам ҳүжжетлериниң пакети ислеп шығылады ҳәм додалаўға алып шығылады.
Суд жумысында санлы технологияларды кеңнен енгизиў бүгинги дәўир талабы болып есапланады. Усы жылдың ақырына шекем Жоқары судта бирден-бир «Әдиллик» мәлимлеме системаларының комплексин иске түсириў ўазыйпасы жүкленди.
Онда ҳәмме ушын судларға электрон мүрәжат етиў, мүрәжатлардың жағдайын онлайн түрде бақлаў, тәреплерге мағлыўматларды электрон түрде жибериў имканияты жаратылады.
Судлар усы жылы видеоконференция байланыс системасы менен 100 процент қамтып алыныўы зәрүр екенлиги атап өтилди.
Видеоселектор мәжилисинде гезектеги әҳмийетли мәселе – коррупцияға қарсы гүресиў бағдарындағы реформалар додаланды.
Соның ишинде, 143 мәмлекетлик хызметлер электрон түрге өткерилип, 35 уйымда талап етилетуғын ҳүжжетлердиң саны ҳәм хызмет көрсетиў ўақты 2 есеге қысқарды. Бюджет қәрежетлери, мәмлекетлик сатып алыўлар, жер, имарат ҳәм комплекслерди алды-сатты етиў процесслерине ашық-айдынлық принциплери енгизилди.
Бизге белгили, 29-июнь күни Өзбекстан Республикасчы Президенти Коррупцияға қарсы гүресиў агентлигин шөлкемлестириў ҳаққындағы пәрманды қабыл етти.
Агентлик тармақ ҳәм аймақ басшылары менен бирге төмендеги ўазыйпаларды әмелге асырады.
Бириншиден, барлық ўәлаят, район (қала) ҳәкимлери өз аймақларында, тармақтың басшылары өз системаларында Агентлик пенен бирге бир ай мүддетте Коррупциядан жырақ бағдарламасын ислеп шығады. Онда ашық-айдынлықты тәмийинлеў және тараўларды санластырыў ең тийкарғы ўазыйпа болады.
Екиншиден, коррупцияның алдын алыўда тәсиршең парламентлик ҳәм жәмийетлик қадағалаў жолға қойылады. Соның ишинде, Агентлик коррупцияға қарсы гүресиў жумысларының жағдайын таллап, ҳәр жылы Президент ҳәм Олий Мажлис палаталарына миллий есабат киргизип барады.
Сондай-ақ, Агентлик кең жәмийетшилик, ғалаба хабар қураллары, пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтлары менен бирге халық ҳәм исбилерменлердиң коррупцияға мүнәсибетин турақлы үйрениў ҳәм мәмлекетлик уйымлардың жумысын баҳалап барыў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.
^шиншиден, коррупцияға қарсы гүресиўде кадрлар таярлаў мәселесине айрықша итибар бериледи. Оның ушын Мәмлекетлик басқарыў академиясы ҳәм Ташкент мәмлекетлик юридикалық университетинде коррупция машқалаларын үйрениў бойынша өз алдына оқыў модули, арнаўлы кафедра ҳәм магистратура қәнигелиги ашылады. Сондай-ақ, басшы хызметкерлер, әсиресе, ҳәкимлердиң бул бағдардағы билим ҳәм көнликпесин қәлиплестириў бойынша тәжирийбе арттырыў курслары шөлкемлестириледи.
Жуўапкерлер мәжилисте додаланған мәселелердиң орынланыўын шөлкемлестириў бойынша мәлимлеме берди.
ӨзА